МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Диний билимлендириў мекемелерине кириў имтиханлары басланды.

Диний билимлендириў мекемелерине кириў имтиханлары басланды.

1-август күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында орналасқан "Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" атындағы орта арнаўлы ислам билим журтында кириў имтиханы басланды. Усы орай жоқары ҳәм орта арнаўлы диний билимлендириў мекемелерине 2024-2025 оқыў жылы ушын кириў имтиханлары өткерилетуғын 6 аймақтың бириншиси болып саналады.
Бул жерде абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары ушында барлық зәрүр шараятлар жаратылған.
Имтихан басланыўдан алдын өткерилген илажда Өзбекстан мусылманлар басқармасы Тәлим ҳәм илим-изертлеў бөлими баслығы Солиҳиддин Шерханов, Дин ислери бойынша шөлкеминиң жуўаплы хызметкери Элёр Алимқулов, Қарақалпақстан мусылманлары қазысы Бахрамаддин Разов, билим журты директоры Жалалатдин Абдиразаков, тараў қәнигелери, оқытыўшы-устазлар, ата-аналар ҳәм абитуриентлер қатнасты.
Қураны кәрийм тиләўаты менен басланған мәресимде сөзге шыққанлар елимизде диний тәлим тараўына қаратылып атырған итибар ҳаққында айтып өтиўи менен бирге соның қатарында имтихан ҳаққында абитуриентлерге толық түсиник ҳәм усыныслар берип өтти.
Бул процессти тараў ўәкиллери ҳәм шериклик шөлкем ўәкиллеринен ибарат бақлаўшылар қадағалап барды.

✍Билим журты баспасөз хызмети

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🧿alberuniy.uz             🟥ёутубе
🌐инстаграм                🌐фацебоок

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️алберуниюз