МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Оразаның пайдасы

Балағат жасына толған, ақыл-еси пүтин ҳәр бир мусылман ер ҳәм ҳаялға Рамазан айында ораза тутыў – парыз есапланады. Рамазан – барлық мусылман ушын қасийетли берекетли ай. Адамды жаман ойлар менен жаман ҳәрекетлерден тыятуғын ораза да усы айда тутылады. Мың айдан да қайырлы Қәдир түнин де ҳәмме Рамазан айында күтеди.

Рамазан – таң атқаннан күн батқанға дейин тек жеп-ишиўден ғана емес, гүна ислерден, жаманлықтан тыйылыў айы. Негизинде, күни бойы аш жүрип ораза тутыў қыйын емес. Ең қыйыны он еки мүшемизге ораза тутыў. Ҳәдис шәрийфте: "Кимде-ким жаман сөзи менен жаман ис-ҳәрекеттен тыйылмаса, оның аўқат жеўден ҳәм суў ишиўден тыйылғаны Аллаҳ таалаға ҳеш бир кереги жоқ", деген. Демек, дене ағзаларымызды кери ис-ҳәрекеттен аўлақ услаў – ораза талапларының бири.

Оразаның адам баласына беретуғын пайдасы жүдә зор. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай дейди: "Кимде-ким исеним менен, саўабын Аллаҳ тааладан үмит етип, Рамазан оразасын тутса, өткен гүналары кешириледи".

Ең алды менен, отыз күн ораза адамның минез-хулқын дүзейди. Рамазан айындағы ораза көзди ҳарамға қараўдан, тилди өтирик пенен өсек-жалған айтыўдан, қулақты керексиз нәрселерди тыңлаўдан, асқазанды артықша жеп-ишиўден, қол менен аяқты жаман жерге барыўдан қорғайды. Ораза мудамы Аллаҳ тааланы есимизге салып турады, жуўапкершилик сезимин арттырады.

Ораза адамды мийрим-шәпәәтли болыўға, мүтәж инсанларға қол ушын созыўға үйретеди. Дәўлетли адам ораза тутса, ашлықтың не екенин түсинеди. Турмысы төмен кәмбағалдың қыйыншылығын әдеўир жақсы сезинеди, оларға мийирбаншылығы оянып, жәрдемлеседи. Аллаҳ таалаға көбирек шүкиршилик етиўди үйренеди.

Буннан бөлек, ораза тутыў адамның денсаўлығын жақсылайды. Денедеги ас сиңириў ағзалары оразаның арқасында тазарып, дем алады. Рамазаннан кейин жақсы жумыс ислейди. Алымлар оразаның денсаўлыққа жүдә  пайдалы екенин анықлаған.

Ораза адамды сабырлы болыўға үйретеди. Өзин ишип-жеўден бас тартыўға үйреткен адам өмиринде ушырасатуғын машқалалар менен қыйыншылықларға сабыр етип, төзимли болады. Қайғы-ҳәсиретке де шыдам бере алады. Аллаҳ таала бәршемизди ораза айы болған Рамазан айына жеткерип, бул айда Журтымызға, шаңарақларымызға қут-берекетлерин жаўдырсын.

Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний

орта арнаўлы ислам билим журты

оқытыўшысы Баҳадыр Абдираманов