МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Билим журтында ата-бабаларымыз мийрасы ҳаққында илаж өткерилди

Билим журтында ата-бабаларымыз мийрасы ҳаққында илаж өткерилди

     Елимизде ата-бабаларымыз мийрасын терең үйрениӯ, кең жәмийетшиликке жеркизиӯ бойынша бир нешше әмелий жумыслар алып барылмақта.   
     Усы қатарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 15-августтағы «Имам Термизий туӯылғанының 1200  жыллығын кең түрде белгилеӯ хаққында»ғы ПҚ-292-санлы қарары тастыйықланған. Бунда Имам Термизийдиң илимий мийрасын халқымызға жеткизиӯ тийкарғы мақсет есапланады.
     Усы қарар тийкарында 15-октябрь күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаӯлы ислам билим журтында «Шамаили Муҳаммадия» шығармасын үйренемиз ураны астында ис-илаж өткерилди.   
     Илажда Нөкис қаласы «Ережеп Бий» жаме мешити имам-хатиби А.Хожасов, билим журты оқытышысы А.Якубовлар өз баянаты менен қатнасты.
     Илаж даӯамында мийманлар тәрепинен Имам Термизийдиң илимий хызмети, өмир жолы, оның «Шамаили Муҳаммадия»  шығармасы тийкарында билим журты талабаларына керекли мағлыӯматлар берилди.
     Илаж соңында талабалар өзлерине қызықтырған сораӯларға унамлы жуӯаплар алып мазмунлы түрде өткерилди.

     Билим журты баспасөз хызмети