МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Устаз оқытыўшылар байрам мүнәсибети менен хошаметленди

Устаз оқытыўшылар байрам мүнәсибети менен хошаметленди

Усы жылдың 10-октябрь күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында 1-октябрь «Оқытыўшы ҳәм устазлар» күни мүнәсибети менен диний-руўхыйлық тараўының раўажланыўына  қосқан хызметлери мүнәсип баҳаланып бир қанша оқытыўшылар АЛҒЫСНАМА менен хошаметленди. Бул хошаметлеўге билим журтында хызмет етип атырған, хызмети даўамында өзлериниң шеберлиги, шаққанлығы, зийреклиги ҳәм илимий методикалық, билимлендириў тараўының раўажланыўында дөретиўшилик жумыслары менен алдыңғы қатарларда болып өз ўақтында орынлап көзге тасланып киятырған устаз оқытыўшылар еристи.
     Атап айтқанда билим журты оқытыўшылары Смамутов Қайрат Сейтмуратович, Раджапов Султан Шакировичлар Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳәзиретилери тәрепинен, Искендеров Жумабек Ережепович Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитети баслығы С.Тошбоев тәрепинен бул алғыснамалар тапсырылды.