МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Динде орташа болиў

Динимиз ҳар бир инсанниң жеке өмири ҳәм жәмийетте тиниш татиў жасаўи, дуня ҳәм ақирет бахитина жетиўи ушин хизмет қилади. Бул жолда динимиздиң өзине тән паризлари, тийкарлари ҳәм қағийдалари болип, усилар ишида динде орташа болиў үлкен әҳмийетке ийе.

Динде, ислерде де орта жолди тутиў Ислам үмметине тән қәсийет. Аллаҳ таала ислам үмметин басқа үмметлер ишинда орта үммет қилған. Бул ҳаққинда Қурани Кәриймде билай айтилади:

  وَكَذَلِكَ جَعَلْنَاكُمْ أُمَّةً وَسَطًا لِتَكُونُوا شُهَدَاءَ عَلَى النَّاسِ وَيَكُونَ الرَّسُولُ عَلَيْكُمْ شَهِيدًا

яғний: “Сондай-ақ, сизлер (мусилманлар басқа) адамларға (үмметлерге) гуўа болиўиңиз ва Пайғамбар сизлерге гуўа болиўи усҳин “орта үммет” қилдиқ” (Бақара сүреси, 143-аят).

Бул аяттағи “орта үммет” сөзиниң мәниси адалатли, ең жақси ҳәм түрли пазийлетлерге ийе болиў дегени. Мине уси аят себепли Ислам үммети абзал үммет есапланади. Бул нәрсени төмендеги аяттан да түсинсек болади:

  كُنْتُمْ خَيْرَ أُمَّةٍ أُخْرِجَتْ لِلنَّاسِ تَأْمُرُونَ بِالْمَعْرُوفِ وَتَنْهَوْنَ عَنِ الْمُنْكَرِ وَتُؤْمِنُونَ بِاللَّهِ  

яғний: “Сизлер адамлар ушин сҳиг’арилған (мәлим бөлған) умметтин’ ең жақси у’ммет болдин’из. (Себеби), сизлер жақсилиққа буйирип, жаманлиқтан қайтарасиз ҳа’м Аллаҳг’а ийман келтиресиз” (Әли Имран сүреси, 110-аят).

Демек, Ислам үмметиниң пазийлети Аллаҳ таалаға ийман келтиргеннен соң инсанларди жақсилиққа шақирип, жаманлиқтан қайтариў екен.

Аҳли сунна ўәл жамаа: итиқад, илим, әмел ҳъам әдеп-икрамлилиқта орта жолда есапланади. Саламат пикирли инсан жақси биледи Ислам дини тәлийматинда орта жолда болиў идеяси бар ҳәм оған ергесиў инсанларди ҳеш қашан адастирмайди. Себеби, орта жол тутиў бул – ҳәдден асиў яки әззиликке жол қойиў, қатти алиў яки жүда бос қойип жибериў ортасинда болип, мине уси теңсалмақлилиқти сақлаған адам туўра жолдан адаспайди.

Диндеги орта жолди услаў итиқад, әмел, илим ҳәм әдеп-икрамлилиқти Қуран, ҳәдислер ҳәм уламалардиң сөзлерин беккем услаў менен ғана жүзеге шиғади.

Биз “орта жолди тутиў” деген сөзди жақси түсиниў ушин ғулуў (ҳәдден асиў) ҳәм кемшиликке жол қойиў мәселелерин жақси билип алиўимиз керек. Себеби орта жолди услаў бул еки нәрсениң ортасинда болади.

Қурани Кәриймде дуня ҳәм ақирет ислерин бирге алип бариў ҳаққинда билай делинген:

 وَابْتَغِ فِيمَا آَتَاكَ اللَّهُ الدَّارَ الْآَخِرَةَ وَلَا تَنْسَ نَصِيبَكَ مِنَ الدُّنْيَا

яғний: “Аллаҳ саған берген нәрсе менен ақиретти тиле ҳәм бул дунядағи несийбеңди де умитпа.” (Қасос сүреси, 77-аят).

Әмел етиўде ҳәдден асиўдан да көре, итиқадта ғулуўға кетиў жаманрақ. Мәселен, пайғамбарларди ҳәдден тис уллилаў нәтийжесинде оларди илаҳ дәрежесине көтериў яки Қудайдиң ули, деп айтиў да динде ҳәдден асиў есапланади. Бул ҳаққинда Аллаҳ таала билай дейди:

يَا أَهْلَ الْكِتَابِ لَا تَغْلُوا فِي دِينِكُمْ وَلَا تَقُولُوا عَلَى اللَّهِ إِلَّا الْحَقَّ

яғний: “Ҳей, китап ийелери! (Ийсани қудайдин’ баласи деп) динин’изде ҳа’дден аспан’! Аллаҳ ҳаққинда ҳақийқаттан басқани айтпан’!” (Ниса сүреси, 171-аят).

Бул аяттан китап ийелериниң бир топари Ийса алайҳиссаламди ҳүрметлеп, илаҳ дәрежесине көтерген болса, айримлари Ийса алайҳиссаламди өлтиргенлигин айтти. Мусилманлар болса орта жолди услап, Ийса алайҳиссаламди Аллаҳтиң бендеси ҳәм пайғамбари деп итиқад қилади.

Аллаҳ таала ҳалал қилған нәрселерди өзи яки басқаларға ҳарам қилиў ҳәм  итиқадта ҳәдден асиўдиң бир түри есапланади. Бул ориндағи орта жолди услаў Аллаҳ ҳәм Расули ҳалал қилған нәрселерди ҳалал деп билиў, ҳарам қилған нәрселерди болса ҳарам деп билиў менен болади.

Луқмани Ҳаким улина нәсият қила отирип ҳәтте жүрис-турисинда да орташалиқ жақси екенин уқтиради. Бул ҳаққинда Қурани Кәриймде билай делинеди:

 وَلَا تُصَعِّرْ خَدَّكَ لِلنَّاسِ وَلَا تَمْشِ فِي الْأَرْضِ مَرَحًا إِنَّ اللَّهَ لَا يُحِبُّ كُلَّ مُخْتَالٍ فَخُورٍ

яг’ний: “Адамларг’а (такаббирланип) бетин’ди бу’ристирме ҳа’м Жер бетинде керилип журме! Әлбетте, Аллаҳ ба’рсҳе такаббир ҳәм мақтансҳақларди жақси көрмейди”.

 وَاقْصِدْ فِي مَشْيِكَ وَاغْضُضْ مِنْ صَوْتِكَ إِنَّ أَنْكَرَ الْأَصْوَاتِ لَصَوْتُ الْحَمِيرِ

яг’ний: жу’рисин’де орташа бол ҳа’м даўсин’ди па’сейт! Себеби даўислардиң ең жағимсизи – ешектиң даўиси.” (Луқман сүреси, 18-19-аятлар).

Динимизде хайр еҳсан, жақсилиқ ислеринде де орташалиққа қизиқтирилади. Бундағи абзал көрилген нәрсе сиқмарлиқ ҳәм исраптиң ортаси есапланади. Бул ҳаққинда Қурани Кәриймде билай делинеди:

 وَلَا تَجْعَلْ يَدَكَ مَغْلُولَةً إِلَى عُنُقِكَ وَلَا تَبْسُطْهَا كُلَّ الْبَسْطِ فَتَقْعُدَ مَلُومًا مَحْسُورً

яғний: (Сиқмарлиқ қилип) қолиңди мойниңа байлап алма. (Исрапкершилик қилип) они улиўма жайип та жиберме! Кери жағдайда, гәп-сөзге қалип, ҳәсиретте отирип қаласаң” (Исра сүреси, 29-аят).

 وَالَّذِينَ إِذَا أَنْفَقُوا لَمْ يُسْرِفُوا وَلَمْ يَقْتُرُوا وَكَانَ بَيْنَ ذَلِكَ قَوَامًا

яг’ний: “Олар напақа қилг’анда исирапта, сиқмарлиқ та қилмайди. (Услаг’ан жоли) екеўинин’ ортасинда орташа болди.” (Фурқон сүреси, 67-аят).

Пайғамбаримиз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасалламниң өмири де ортаҳслиққа тийкарланған еди. Пайғамбаримиздиң сүннетлери аңсат ҳәм жеңил, қийиншилиқсиз оринланатуғин әмеллер еди. Ол үмметиниң ең әззи топарларин да итибарға алип жол тутатуғин еди. Орта жолди услаў барисинда пайғамбаримиз билар дейди:

 إنَّ الدِّينَ يُسْرٌ، وَلَنْ يُشَادَّ الدِّينَ أَحَدٌ إلا غَلَبَهُ 

(رواه الامام البخاري عن أَبي هريرةَ رضي الله عنه)

яғний: “Әлбетте дин аңсат. Ким онда шуқир кетсе (ҳәдден асса), дин они жеңип қояди”, деди (Имам Бухарий ррәўият қилған).

Яғний, адам өзин ҳәдден артиқ қийнап, париз ҳәм сүннетлерден басқа тақатинан артиқ ибадатларға мәжбүрлесе, ақиринда оннан безип, әззи қалип ҳәммесин таслап қояди.

Пайғамбаримиз алайҳиссалам динде ҳәдден асиўдан ескертип билай дейди:

 يَا أَيُّهَا النَّاسُ إِيَّاكُمْ وَالْغُلُوَّ فِي الدِّينِ فَإِنَّهُ أَهْلَكَ مَنْ كَانَ قَبْلَكُمْ الْغُلُوُّ فِي الدِّينِ

яғний: “Ҳей, адамлар! Динде ҳәддан асиўдан абайли болиң! Себеби сизлерден алдинғиларди динде ҳәдден асиў ҳалок (өлтирди, жоқ қилди) қилған” (Ибни Мажа рәўияти).

Төмендеги ҳәдис те орта жолди услаўға айқин мисал: “Үш киси Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламниң үйине келип, биреўи: “Мен түни менен намаз оқийман”, деди. Кейингиси: “Ҳәр күни ораза тутаман”, деди. Ақирғиси: “Мен ҳеш қашан үйленбеймен”, деди. Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Аллаҳқа ант етемен, мен сизлерден көре тақўадаррақпан. Бирақ мен ораза да тутаман, ифтар да қиламан (ораза тутпаған күнлерим де болади), түнде намаз да оқийман, уйиқлайман ҳәмде үйленемен. Ким мениң сүннетимнен жүз бурса, ол меннен емес”, деди” (Имам Бухарий ҳәм Имам Муслим ррәўият қилған).

Динде ҳәдден асиўдиң және бир көриниси мусилманларди өзи менен бирдей пикирлемегени яки өзине қосилмағани ушин кәпирге шиғариў есапланади. Бул көринис Исламниң басинан жүзеге келип, ҳәзирге шекем жетип келген үлкен мүсийбет. Бундай топарлар көпшилик мусилманларди кәпир шиғарип, олардиң қанин ҳалал санади. Нәтийжеде мусилманларға қарси урис ашип, олардиң қанин төкти. Ақиринда өзлери жеңилген болса да, сотсиаллиқ тармақларда орналасип, түрли ҳәдден асатуғин пәтўаларди шиғарип турипти. Бул олардиң мине уси биз үйренип атирған тема – орта жолди услаў, орташа болиў мәселесин билмегенлиги ямаса билиўди қәлемеўи себебинен. Ашинарлиси, олардиң мине усиндай надурис пикирлерине әмел қилатуғин, оларға еликлейтуғин, алданған мусилманлар да бар. Оларға қулақ асип, фитна ошақларина барғанлардиң тәўбесине таянип мусилманларға мүрәжет қилип атирғанин еситип атирмиз. Олар интернеттеги қостирнақ ишиндеги пәтўа берип атирғанлардиң алдаўина исенип қалмаў, тийкаринда болса жағдай олар айтқандай емеслигин айтип атир. Ўақит өтиўи менен бундай топарлардиң алдаў ҳәм жинаятлари халққа жәнеде көбирек ашиқ айдин болади. Аллаҳ таала бундай адасиўдан Өзи сақласин!

Аллаҳ таала бәршемизди Өзи мақтаған “орта үммет” қатаринда қилсин! Ҳәр тараўда орташалиққа әмел қилип, еки дуня бахитина жетиге мияссар қилсин!

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы О.Шамуратов