Усы жылдың 25-февраль күни Имам Бухарый атындағы Ташкент ислам институтында Өзбекстан мусылманлары басқармасына қараслы жоқары ҳәм орта арнаўлы ислам билим журтлары басшылары ушын семинар болып өтти.
     Атап өтиў керек, бул семинарда билим журты директоры Жалалатдин дамла Абдиразаков қатнасты.
     Семинарды Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы орынбасары М.Мухаммадсиддиқов ашып берди.
     Илаж даўамында Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитети баслығының биринши орынбасары Д.Махсудов сөзге шығып, диний-билимлендириў тараўында кадрлар таярлаў сапасын жаңа басқышқа көтериў, диний билим системасындағы əмелдеги мəселелер, олардың шешимлери ҳəм келешектеги жобалар ҳаққында сөз журитди.
     Семинарға келген Өзбекстан мусылманлары басқармасына қараслы жоқары ҳəм орта арнаўлы ислам билим журтлары басшылары Имам Бухарый атындағы Ташкент ислам институты талабалары менен ушырасты.
     Ушырасыў барысында талабалардың илим алыў менен бирге келешекте халқымызға сап исламый билимлерди жеткизиў, халықтың руўхый өмирин жəне де көтериў ҳəм де ата-бабаларымыздың бай-руўхый мийрасларын жеткизиў сыяқлы бир қатар мəселелер бойынша сөз жүритилди.