Өз дөретиўшилиги дəўиринде ат-Термизий оннан артық дөретпелер жаратты. Оның мəдений мийраслары арасында, «Ал-Жоме» шығармасы анық айрықша əҳмийетке ийе. Бул дөретпе «Ал-Жоме ас-саҳийҳ» («Исенимли жыйнақ»), «Ал-Жоме ал-кабийр» («Үлкен жыйнақ»), «Саҳийҳ ат-Термизий», «Сунан ат-Термизий» («Термизий суннетлери») атамалары менен де белгили[1].
Автордың ири дөретпелеринен және бири «Аш-шамоил ан-набавийя» («Пайғамбардың айрықша пазыйлетлери») болып табылады. Бул дөретпе «Аш-шамоил Муҳаммадийя», «Аш-шамоил фи шамоил ан-набий саллоллоҳу алайҳи вассаллам»[2]атамалары менен де аталады. Бул дөретпе Саудия Арабстанында жасаған ўатанласымыз Саид Маҳмуд Тарозий (ол 1992-жылы қайтыс болған ) тəрепинен өзбекшеге аўдармаланған (араб əлипбесинде ҳəм кириллшада Ташкентте бир неше мəрте басып шығарылған)[3]. «Китап ат-тəрих», «Китап ал-илал ас-сағийр ҳəм ал-илал ал-кабийр», «Китап уз-зуҳд» («Тақўа ҳаққында китап»), «Китап ал-асмо вал-куна» («Ровийлардың (Әңгимешилердиң) аты ҳəм лақаплары ҳаққында китап»), «Ал-илал фил-ҳадийс» («Ҳәдислердеги иллетлер ямаса аўысыўлар ҳаққында»), «Рисола фил-хилоф вал-жадал» («Ҳәдислердеги келиспеўшилик ҳəм тартыслар ҳаққында қолланба»), «Асмо ус-саҳоба» («Пайғамбар саҳобалардың исимлери»)[4] усылардың қурам бөлеклеринен болып табылады.
«Ал-Жоме ас-Саҳийҳ» Ат-Термизийдиң дөретиўшилик искерлигинде жаратылған дөретпелериниң ишинде «Ал-Жоме ас-саҳийҳ» («Исенимли жыйнақ») ең тийкарғы орынды ийелейди. Бул дөретпе жоқарыда белгилеп өткенимиздей, «Ал-Жоме ал-кабийр», («Үлкен жыйнақ»), «Саҳийҳ ат-Термизий», «Сунан ат-Термизий» («Термизий суннетлери») сыяқлы атамалар менен де жүритиледи. Тарийхшы Ибн Хажар ал-Асқалонийдиң жазыўына қарағанда, ат-Термизий бул шығармасын 270 мусылманша жыл есабы (884 мелодий) жылда, яғный дерлик алпыс жасларында, илимде үлкен тəжирийбе арттырып, Имамлик дəрежесине ерискеннен кейин жазып тамамлаған [5].
[5]Бул дөретпениң қолжазба нусқалары дүняның бир қанша қалаларында, соның менен бирге, өзимизде, Өзбекстан Илимлер Академиясы, Абу Райҳан Беруний атындағы Шығыстаныў институтында да сақланып келинбекте. Зəрүрли дерек сыпатында «Ал-Жоме ас-саҳийҳ» бир неше рет баспадан шығарылған. Буған дəлил ретинде 1283 (1866)- жылы Митоҳда, 1292 (1875)- жылы Каирда, соның менен бирге, 1980-жылы Бейрутта басып шығарылғанын көрсетиў жеткиликли. Ат-Термизийдиң бул әҳмийетли шығармасына бир қатар түсиндириўлер де жазылған болып, олардан Ибн ал-Арабий (қайтыс болған 543 мусылманша жыл есабы, 1148 мелодий жылы ) аты менен белгили болған Имам ҳафыз Абу Бакр Муҳаммад ибн Абдулла ал-Ашбилийдиң «Оридат ал-Аҳвазий ала китап ат-Термизий» атлы 13 бөлимнен ибарат түсиниклерин келтириў мүмкин. Бул түсиндириў дәслеп 1931-жыдда Қаирде басылған. Имам ҳафыз Абу Али Муҳаммад Абдурраҳмон ибн Абдураҳим ал-Муборакфурий (1283-1353) қəлемине тийисли тағы бир түсиндирме де «Сыйт ул-Аҳвазий бишарҳи ат-Термизий» деп аталады. Төрт бөлимнен ибарат болған бул дөретпе 1979-жылы Бейрутта басып шығарылған (Индия басылыўы да бар). Египетли алым ҳəм автор Жамолиддин Абдурраҳмон ибн Абу Бакр ас-Суютийдиң (1445-1505) ат-Термизий шығармасына жазған түсиндириўи «Қут ал-муғтазий ала Жоми ат-Термизий» (буның еки бөлими баспадан шыққан), деп аталған.
Алдын ескертип өткенимиздей, мусылманша жыл есабы үшинши əсир (мелодий тоғызыншы əсир) ҳəдис илминиң раўажланыўында алтын дəўир болып есапланады. Бул дəўирде жасап, дөретиўшилик пенен шуғылланған Имам ал-Бухарий, Имам Муслим сыяқлы оқымыслы алымлардың теңсиз ҳәм өнимли искерлиги айрықша əҳмийетке ийе болды.
Өз устазлары Имам ал-Бухарий, Имам Муслим тийкар салған ийгиликли жумысты Имам ат-Термизий айрықша жуўапкершилик ҳəм терең ақыллылық менен даўам еттирди. Ҳәдистаныўдың илимий тийкарда раўажланыўына үлкен үлес қосып, мусулман дүнясындағы ең абырайлы муҳаддисларден бири дəрежесине көтерилди. Абу Иса ат-Термизийдиң гүлтаж шығармасы болған «Ал-Жоме ас-саҳийҳ» алымның машақатлы мийнетиниң жемиси ретинде ҳəдис илминде айрықша əҳмийетке ийе. Ең дәслеп соны да айтыў керек, автор өз шығармасын өз алдына бөлек бапларға бөледы, мүмкиншилиги барынша ҳəр бир ҳəдистиң баянлаўшыларын келтиреди. Ҳəр бир ҳəдистен кейин оның исенимли, ямаса исенимсизлик дəрежесин анықлап айрықша көрсетеди. Жоқарыда биз шығармасын «Ас-сунан» («Суннатлар») атамасы менен («Сунан ат-Термизий») аталыўын да ескертип өткен едик[6]. Бул атама менен аталыўының тийкарғы себеплеринен бири – онда фиқҳ мəселесине тийисли ҳүкимге ҳəдислер жүдə көп келтирилген. Усылар менен бир қатарда, шығармада үгит-нәсият, əдеп-икрамлылық, гөззал минез-қулық пазыйлетлери ҳаққында да жүдə көп ҳəдиси-шәрифлер келтирилген, ҳәтте, бул дəрежедеги ҳəдислер ҳеш бир автор шығармасында ушыраспайды, десек асыра айтқан болмаймыз.[7].
Структуралық жақтан бул дөретпе төмендеги бапларға бөлинеди. Одан таҳарат, салот (намаз), зәкат, ораза, ҳаж, жаназа, неке, емизиў, талақ, саўда-сатық, қазылық ислери, табан төлемин төлеў, өлшем, бахытлы, қурбанлық, назр-нузур, ийман, сийратлар, жиҳад, кийим-кеншек (липас), тағамлар, ишимликлер (ал-ашриба), қайыр-иҳсан ҳəм сақаўат, шыпакерлик кəсиби, парызлар, ўәсиятнамалар, қайырқомлық ҳəм тəғдир, хуружу фитналер, болжаўлар, шаҳодатлар, дəрўишлер, жəннет ҳəм дозақ сыпатлары, илим, рухсат сораў, əдеп ҳəм икрамлық, тымсаллар, Қуранның пазыйлетлери, қирәәт, (тәфсийр) түсиндириў, (тилеклер) дуўалар, мəртебени мақтап жазылғанлар (пазыйлетлер), иллетлер ҳаққындағы баплар келтирилген[7].
Мине сол баплар шығармада бас рубрика формасында бөлинген болып, бапқа тийисли ҳəдислер бөлим мазмунын толық сәўлелендиреди. Бул бапқа тийисли мəселе бойынша автор бир қанша ҳəдислерди келтиреди, кейин бул мəселе ҳаққында басқа улама ҳәм шəрият ҳуқықтаныўшыларының пикирлерин де тəртип пенен баянлайды. Буннан кейин рəўият етилген ҳəдистиң саҳийҳ, ҳасан, ҳəлсиз ямаса ғәриплигиниң дəрежесине өз мүнәсибетин билдиреди. Соннан кейин ҳəдис баянлаўшылары, санадлары ҳəм санадтың өз ишине алған иллетлери жөнинде өз пикирин билдиреди.
Жоқарыда айтылған пикиримизга мысал ретинде Абу Исо ат-Термизийдиң «Ал-Жоме ас-саҳийҳ» шығармасында «Таҳарат» бабында «Сапардағы ҳəм бир орында муқыйм турған кисиниң мəсисине масҳ тартыўы» ҳаққында келтирилген бир ҳəдис бойынша толық тоқталамыз.
«Бизлерге Қутайба айтып берди, оған Абу Увона рəўият еткен, ол Сəйид ибн Масруқдан, ол Ибраҳим ат-Таямийдан, ол Әмир ибн Мешиннен, ол Абу Абдуллаҳ ал-Жеделийдан, ол Хузайма ибн Собиттен, ол пайғамбар алайҳиссаламнан рəўият етеди. Расули акрамнан мəсиге масҳ тартыў ҳаққында сораў менен мүражат еткенде, пайғамбар алайҳиссалам: «Сапардағы киси ушын үш кеше-күндиз, бир орында турақлы муқыйм киси болса бир кеше-күндиз өз мəсисине масҳ тартады», деп жуўап берген. Яҳё ибн Муийн масҳ ҳаққында Хузаймадан рəўият еткен бул ҳəдисти саҳийҳ (исенимли) дейди. Жоқарыда зикри өткен Абу Абдуллаҳ ал-Жадалийдиң аты болса Абу ибн Абд болып, гейде оны Абдураҳман ибн Абад деп-те атайтугын еди.
Имам Абу Иса ат-Термизий айтады: «Бул ҳəдис ҳасан (мақул) ҳəм саҳийҳдур». Бул бап ҳаққында Али, Абу Бакр, Абу Ҳурайра, Сафвон ибн Уссол, Авф Ибн Молик, Ибн Умар ҳəм Жарийрдан рəўият етилген ҳəдис бар. Бизлерге Худод рəўият етти, ол Абул Аҳвасдан, ол Осим ибн Аби ан-Нужуддан, ол Зар ибн Хубайшдан, ол Сафвон ибн Уссодтан, ол айтты: «Расулуллаҳ саллоллоҳу алайҳи ўасаллам сапарында бирге болған ўақларымызда бизлерге үш кеше-үш күндизге шекем шарық – мəсилеримизди шешпеўге буйырды. Тек жунуб болғанда ғана шешип, үлкен ҳəм киши дəрет сынғанда да, уйқыдан кейин де мәсимизди шешпейтуғын едик». Абу Исо ат-Термизий айтты: бул ҳəдис саҳийҳ ҳəм ҳасан болып табылады. Ал-Ҳакам ибн Утайба ҳəм Ҳаммод Иброҳим ан-Нахайидан, ол Абу Абдуллоҳ ал-Жадалийдан, ол Хузайма ибн Собиттен рəўият еткен ҳəдиси саҳийҳ емес. Али ибн ал-Мадийний хабар береди: «Маған Яҳё Ибн Сайид айтты, оған Ҳакам былай деген: Иброҳим ан-Нахайи «Масҳ» ҳаққындағы ҳəдисти Абу Абдуллоҳ ал-Жадалийдан ҳеш қашан еситпеген. Заида Мансурдан еситкенине сүйенип: «Биз Иброҳим ат-Таямийдиң өжиресинде отырған едик, бизлер менен бирге Ибраҳим ан-Нахайи да бар еди. Сонда Ибраҳим ат-Таямий бизлерге ҳəдис рəўият етти, ол Хузайма ибн Собиттен, ол Абу Абдуллоҳ ал-Жадалийдан, ол Хузайма ибн Собиттен, ол пайғамбар алайҳиссаламнан «Мəси – шарыққа масҳ тартыў» ҳаққындағы ҳəдис еди. Муҳаммад ибн Исмоил ал-Бухорий: «Бул баптағы ең мақул ҳəдис Сафвон ибн Уссол тəрепинен рəўият етилген ҳəдисдур», дейди.
Абу Исо ат-Термизий айтады: Масҳ бойынша бул сөз пайғамбар алайҳиссаламның көбиси саҳобаи-уламалары ҳәм тобеинлери ҳәм олардан кейин өткен Суфён, Ибн ал-Муборак, аш-Шофиьий, Аҳмад ҳәм Исҳоқ сыяқлы фуқаҳолардың сөзлери болып табылады. Олар: «Бир орында муқим (турақлы) турған киси бир кеше-күндиз, сапардағы киси болса үш кеше-күндизге шекем масҳ тартады», дейди. Бир қатар аҳли-илимлерден рәўият етилиўинше, олар мәси ҳәм шарыққа масҳ тартыўда мүддетти белгилемейди. Бул Молик ибн Анастың сөзи болып табылады. (Бирақ) Абу Иса ат-Термизий айтқан: «(Масҳ тартыўда) ўақыт (мүддет) белгилеў ҳәм оған әмел қылыў дурыс». Ҳақыйқаттан да, бул ҳәдис (алдын белгилеп өтилгениндей) Сафрон ибн Уссолдан рәўият етилген еди[8].
Автор ровийлардың (әңгимешилердиң) көз-қараслары пайғамбар алайҳиссаламға жақын болған саҳобалар ҳәм басқа уламалар пикирине сүйене отырып, ҳәдис ҳаққындағы пикирлерин айтады. Шығармаға киритилген бир неше мың ҳәдисти бундай талқылап-изертлеў автордан тынымсыз мийнет, тақат, шыдамлылықты талап еткенлигин ойымыздада саўлелендириў қыйын емес.
Сонлықтан, ат-Термизий китапларында бул түрдеги ҳәдислердиң анағурлым көплиги олардың тынымсыз изленислеринен дәрек болып табылады. Бул дөретпе ҳаққында автордиң өзи де: «Ал-Жоми»ди жазып жуўмақлап, Ҳижоз, Ирак ҳәм Хурасан илимпазларына көрсеткенимде, олар оны көтериңки кеўил менен бир ҳаўазданан мақуллады. Ҳақыйқаттан да, кимниң шаңарағында бул китап болса, бул үйде пайғамбар алайҳиссаламның өзри сөйлеп атырғандай сезиледи» [9],- деп жазады.
Атақлы алым Тошкўбрийзода Имам ат-Термизийдиң искерлигине жоқары баҳа берип: «Имам ат-Термизийдиң ҳәдис илими тараўында көплеген классификациялари бар. Ол инсанның «Ас-Саҳийҳ» шығармасы бул китаплардиң ең жақсысы ҳәм оғада пайдалысы болып табылады. Бул китапта «саҳийҳ», «ҳасан», «ғарийб» сыяқлы ҳәр қыйлы ҳәдислерибаян етилген. Китаптың «Китоб ал-илал» бөлими иллетли ҳәдислерге арналған болып, пайдалы ой-пикирлерди өз ишине қамтыған. Бул шығарманы оқыған ҳәр бир адам сийрек ушрасатуғын ең жақсы руўҳый-мәнаўий ғәзийнелерден өз үлесин алады»[10][11].
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы Ж.Умирзаков