“MUHAMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” O‘RTA MAXSUS ISLOM BILIM YURTI

Bilim yurtida talabalar zamon talablariga mos bilim olishi uchun barcha qulay imkoniyatlar yaratib berilgan. Xususan, eng zamonaviy o‘quv qurollari bilan jihozlangan o‘quv xonalari, axborot-resurs markazi, tahoratxona, oshxona, yotoqxona, sport zali, mini futbol maydonchasi, salomatlik xonasi, sartaroshxona talabalar ixtiyorida.

“Qur’oni karim va tajvid” pullik o‘quv kurslari

O‘zbekiston Respublikasi Prezidentining “Diniy-ma`rifiy soha faoliyatini tubdan takomillashtirish chora-tadbirlari to‘g‘risida”gi 2018 yil 16 apreldagi PF-5416-sonli Farmoni bilan tasdiqlangan chora-tadbirlar Dasturining 6-bandida belgilangan vazifalar ijrosini ta`minlash maqsadida O‘zbekiston musulmonlari idorasining 2018 yil 30 apreldagi 01A/056-sonli buyrug‘i tasdiqlandi. Shu munosabat bilan Muhammad ibn Ahmad al-Bernuiy madrasasida 2018 yil 10 iyundan boshlab “Qur’oni karim va tajvid” o‘rgatish bo‘yicha pullik o‘quv kurslari tashkil etildi.

Axborot resurs markazi

“Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta maxsus islom bilim yurti axborot resurs markazi fondida jami 17756 ta kitob saqlanmoqda. Shundan, 1505 umumta`lim adabiyotlari, 4085 ta maxsus fanlardan darslar, 764 ijtimoiy-iqtisodiy adabiyotlar, 7340 ta ilmiy-ommabop adabiyotlar, 919 ta elektron adabiyotlarni tashkil etadi.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

ИМАМ МАТУРИДИЙДИҢ

ӨМИРИ ҲӘМ ИЛИМИЙ ИСКЕРЛИГИ

Уламаның толық аты Муҳаммад ибн Муҳаммад ибн Маҳмуд Матуридий. Ол Самарқандтың Матурид аўылында туўылған. Гейде оның атына Самарқандты та қосып Имам Әбиў Мансур Муҳаммад ибн Муҳаммад ибн Маҳмуд Матуридий Самарқандий деп айтылады. Оның күнясы Әбиў Мансур.

Имам Әбиў Мансур Матуридийдиң өмир жолын үйренген тарийхшылар ол кисиниң туўылған жылын анықлай алмаған. Гейпара тарийхшылар бул ҳаққындағы түрли мағлыўматларды салыстырып көрип, «Ол үшинши ҳижрий әсирдиң ақырғы шерегинде дүньяға келген», дейди. Және де анықластырып айтқанда, аббасий халифалардан Мутаўаккилдиң (ҳижрий 232-248-жыллар) заманында туўылған, дейди. Бул пикирди қоллап-қуўатлайтуғын мағлыўматлардан бири Имам Әбиў Мансур Матуридийдиң устазларынан болған Муҳаммад ибн Муқатил Разый 248-жылда, Нусайр ибн Яҳя Балхий ҳижрий 268-жылы қайтыс болған.  Имам Әбиў Мансур Матуридийдиң шериклеринен бири болған Муҳаммад ибн Абдуллаҳ ибн Муғийра ибн Амр Аздий ҳижрий 268-жылы қайтыс болған. Усыдан келип шығып Имам Әбиў Мансур Матуридий раҳматуллоҳи алайҳ ҳижрий 248-жылдан алдын туўылған болады. Демек, ол имам Абул Ҳасан Ашъарий раҳматуллоҳи алайҳтан жигирма жылдай алдын туўылған.

Тарийхшылар Имам Әбиў Мансур Матуридий раҳматуллоҳи алайҳтиң ҳижрий 333-жылы қайтыс болғанына иттифақ қылған. Ол өзиниң ата журты Самарқандқа жерленген.

Имам Матуридий раҳматуллоҳи алайҳтиң устазлары:

1. Әбиў Наср Иязий.

Бул кисиниң толық аты Аҳмад ибн Аббас ибн Ҳусайн ибн Жабала ибн Ғалиб ибн Жабир ибн Наўфал ибн Ияз ибн Яҳя ибн Қайс ибн Саъд ибн Убада Ансарый Хазражий фақиҳ Самарқандий. Әбиў Наср Иязий раҳматуллоҳи алайҳтиң толық  атынан оның насабы да имам Әбиў Мансур Матуридий раҳматуллоҳи алайҳға уқсап ансарыйларға жетиўи мәлим болады.

Әбиў Наср Иязий раҳматуллоҳи алайҳ үлкен алым болған. Илимде тақўада, батырлықта ҳәм сақыйлықта оған теңлесе алатуғын адам болмаған. Ол өзинен кейин имам Әбиў Мансур Матуридий раҳматуллоҳи алайҳ пенен бирге оған теңлес және қырқ алым шәкиртти қалдырған.

Әбиў Наср Иязий имам Әбиў Мансур Матуридийдиң устазы болыў менен бирге, ол менен биргеликте Әбиў Бәкир Аҳмад Жузжанийге шәкирт түсип сабақ алатуғын еди.

Әбиў Наср Иязий раҳматуллоҳи алайҳ Сулайман ибн Муўса Жузжанийдиң шәкирти имам Әбиў Бәкир Аҳмад ибн Исҳақ Жузжанийдан илим алған.

2. Әбиў Бәкир Аҳмад Жузжаний

Толық аты  Әбиў Бәкир Аҳмад ибн Исҳақ ибн Салыҳ Жузжаний болған бул инсан имам Әбиў Мансур Матуридийдиң устазларынан бири болып, ол усул ҳәм фуруъ илимлерин өзинде жәмлеген ҳәм түрли илимлерде жоқары шыңларды ийелеген үлкен алым еди. Әбиў Бәкир Аҳмад Жузжаний раҳматуллоҳи алайҳ бир неше китаплар жазған. Солар қатарына, «Ал-Фуруқ», «Ат-Тамйиз», «Ат-Таўба» ҳәм басқалар киреди.

3. Муҳаммад ибн Муқатил Разый

Имам Әбиў Мансур Матуридий раҳматуллоҳи алайҳтиң бул устазы Райда қазылық қылған. Муҳаммад ибн Муқатил Разый раҳматуллоҳи алайҳ Әбиў Мутийъден рәўият қылған. Сондай-ақ, Заҳабийдиң айтыўы бойынша, ҳәдислерди Ўәкийъден ҳәм оның табақасындағы рәўийлерлен рәўият қылған.

  • Нусайр ибн Яҳя Балхий.

Имам Әбиў Мансур Матуридий раҳматуллоҳи алайҳтиң бул устазы имам Әбиў Сулайман Муўса ибн Сулайман Жузжаний, Әбиў Мутийъ Ҳакам ибн Абдуллаҳ Балхий ҳәм Әбиў Муқатил Ҳафс ибн Салам Самарқандий раҳматуллоҳи алайҳимнен сабақ алған.

Имам Әбиў Мансур Матуридий раҳматуллоҳи алайҳтиң устазларына нәзер аўдаратуғын болсақ, олардың барлығы Имам Аъзам Әбиў Ҳанифа раҳматуллоҳи алайҳтиң илимлерин даўам етиўшилер болғанын көремиз. Имам Әбиў Мансур Матуридий раҳматуллоҳи алайҳтиң устазлары Әбиў Бәкир Аҳмад Жузжаний  ҳәм Нусайр ибн Яҳя Балхий раҳматуллоҳи алайҳима Әбиў Сулайман Муўса ибн Сулайман Жузжанийдиң шәкиртлери болған. Ол киси Әбиў Юсуф ҳәм Муҳаммад ибн Ҳасан Шайбаний раҳматуллоҳи алайҳиманың шәкирти болған. Сондай-ақ, имам Әбиў Мансур Матуридий раҳматуллоҳи алайҳтиң басқа бир устазы Муҳаммад ибн Муқатил Разый раҳматуллоҳи алайҳ ҳәм жоқарыдағы Нусайр ибн Яҳя Балхий раҳматуллоҳи алайҳлер имам Әбиў Ҳанифаның тиккелей өзинен сабақ алған.

Итибар берип қаралса, имам Әбиў Мансур Матуридий устазларының устазы арқалы имам Әбиў Ҳанифаның шәкиртлери имам Әбиў Юсуф ҳәм имам Муҳаммадқа жетип барады.

Бул атақлы алымлар шәкиртлерине тийкарынан имам Әбиў Ҳанифа раҳматуллоҳи алайҳтиң китапларынан сабақ беретуғын еди. «Ал-Фиқҳул Акбар», «Рисала», «Ал-Фиқҳул Аўсат», «Китабул алым ўәл мутааллим» ҳәм басқа китапларды терең үйрететуғын еди.

Имам Әбиў Мансур Матуридий бул ҳәм буннан басқа барлық сабақлық китапларды қунт пенен үйренди. Бул китаплардағы билимлер имам Әбиў Мансур Матуридий тәрепинен жәнеде раўажландырылды.

Ол киси заманындағы мусылманлар арасында пайда болған надурыс уғымларға шешим тапты. Сол ўақыттағы бузақы фирқалар ақыйда бабында шашып атырған зәҳәрлерден пайда болған дәртлерди саўалтыўға ҳәрекет қылды. Душпанлардың айып ислерин әшкаралап, Әҳли сунна ўәл жамма мәзҳәбиниң ҳақыйқатын ашық-айдын көрсетип берди.

Имам Әбиў Ҳанифа раҳматуллоҳи алайҳтиң илим булағына жақын болыў имам Әбиў Мансур Матуридий раҳматуллоҳи алайҳтиң ақыйда – кәлам илиминде, фиқҳ илиминде үлкен улама болып танылыўында әҳмийетли орын ийеледи.

 Имам Әбиў Мансур Матуридий раҳматуллоҳи алайҳ Маўарауннаҳрда Әҳли суннаның шайхы дәрежесине ерискен. Бул жерде Әҳли сунна көп ҳәм үстем болғаны ушын, ол киси имам Ашъарийге уқсап ҳәр қыйлы жолларда ҳәм өзгерислерде болмаған. Әўел бастан ортан жолдан барыў мүмкиншилигин тапқан. Ол киси орны келгенде нақлдан, орны келгенде ақылдан пайдаланған.

Усул илими бойынша «Китабул жадал»ды ҳәм фиқҳ илиминде «Маъахизуш шарийъат» китапларын жазғаннан кейин имам Әбиў Мансур Матуридий раҳматуллоҳи алайҳтиң абырайы және де асып кетти. Соннан кейин ол илми каламда даңқ таратып, Маўарауннаҳр диярының ақыйдаўий мәзҳабының тийкаршысына айланды.
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта

арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы К.Нажиматдинов