“MUHAMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” O‘RTA MAXSUS ISLOM BILIM YURTI

Bilim yurtida talabalar zamon talablariga mos bilim olishi uchun barcha qulay imkoniyatlar yaratib berilgan. Xususan, eng zamonaviy o‘quv qurollari bilan jihozlangan o‘quv xonalari, axborot-resurs markazi, tahoratxona, oshxona, yotoqxona, sport zali, mini futbol maydonchasi, salomatlik xonasi, sartaroshxona talabalar ixtiyorida.

“Qur’oni karim va tajvid” pullik o‘quv kurslari

O‘zbekiston Respublikasi Prezidentining “Diniy-ma`rifiy soha faoliyatini tubdan takomillashtirish chora-tadbirlari to‘g‘risida”gi 2018 yil 16 apreldagi PF-5416-sonli Farmoni bilan tasdiqlangan chora-tadbirlar Dasturining 6-bandida belgilangan vazifalar ijrosini ta`minlash maqsadida O‘zbekiston musulmonlari idorasining 2018 yil 30 apreldagi 01A/056-sonli buyrug‘i tasdiqlandi. Shu munosabat bilan Muhammad ibn Ahmad al-Bernuiy madrasasida 2018 yil 10 iyundan boshlab “Qur’oni karim va tajvid” o‘rgatish bo‘yicha pullik o‘quv kurslari tashkil etildi.

Axborot resurs markazi

“Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta maxsus islom bilim yurti axborot resurs markazi fondida jami 17756 ta kitob saqlanmoqda. Shundan, 1505 umumta`lim adabiyotlari, 4085 ta maxsus fanlardan darslar, 764 ijtimoiy-iqtisodiy adabiyotlar, 7340 ta ilmiy-ommabop adabiyotlar, 919 ta elektron adabiyotlarni tashkil etadi.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

ДУЎАНЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ

Динимизде ибадатлардың ҳәр түрли көринислери бар. Солардан бири дуўа – бендени Раббиси менен байланыстырыўшы ҳәм оған теңсиз руўҳый қуўат бериўши ибадат есапланады. Бенде дуўа жәрдеминде кеңшиликте де, қыйыншылықта да Раббисине жалбарынады ҳәм сыйынады. Дуўа уллы ибадат.

Дуўа – сөзликте “сораў”, “жалбарыныў” мәнилерин билдиреди. Ал, шәриятта Аллаҳ тааладан бендениң өзин пәс тутып жәрдем, мәдет сораўына айтылады.

Аллаҳ таала дуўаның әҳмийети туўрысында Қураны кәриймде былай дейди:

 “Егер бенделерим сеннен Мен ҳаққымда сораса, (онда оларға мениң мына сөзимди жеткизиң): Мен, әлбетте, жақынман. Дуўа қылыўшының дуўасын қабыл қыламан. Солай екен, олар да Мениң (буйрықларымды) қабыл етсин ҳәм ийман келтирсин. Қәне еди, олар туўры жолды тапса” (Бақара сүреси, 186-аят).

Аяты кәриймада мөминлер ушын үлкен хош хабар бар. Ол да болса дуўа қылыўшы ҳәм жалбарыныўшының сорағанын бериўге иләҳий ўәде берилмекте.

Аллаҳ таала зарланып, жасырын ҳәм сынықлық пенен дуўа қылыўға буйырып былай деген:

 “Рәббиңизге зарланып ҳәм жасырын дуўа қылың. Ол ҳәдден асыўшыларды жақсы көрмейди” (Аъроф сүреси, 55-аят).

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам дуўа ҳаққында мынандай деген:

 “Әлбетте, дуўа – ибәдат! Кейин “Меннен дуўа қылып сораң, қабыл етемен”, – деген аяты кәрийманы оқыды” (Имам Бухарий рәўияты).

Және бир ҳәдиси шәрийпте Пайғамбар алайҳиссалам айтады:

 “Аллаҳ таалаға дуўадан көре ҳүрметли (сүйкимли) нәрсе жоқ!” (Имам Бухарий рәўияты).

Бенде дуўа қылыўы ушын Аллаҳ тааланың дәргайы ҳәр дайым ашық. Бирақ, Аллаҳ таала базы ўақытларды дуўа қылыў ушын пазыйлетли етип қойған. Бул ўақытларда қылынған дуўалар қабыл болыўы тез болады. Ол ўақытлар төмендегилер:

  •  Түнниң ақырғы бөлеги (яғный сәҳәр ўақты);
  •  Азан ҳәм иқаматтың ортасында (яғный намазға азан айтылып болынғаннан кейин, парызға иқамат айтыламан дегенше дуўалар тосықсыз қабыл болады);
  •  Сәжде ҳалатында (бундай сәжде ҳалатында дуўа қылыў нәпил намазларда болады, парыз намазларда мүмкин емес);
  •  Жаўын жаўып турған ўақытта (себеби, сол ўақытта Аллаҳ тааланың раҳмат есиклери ашылып турған болады);
  •  Жума күнининиң бир саатында (яғный, бул жума күниниң бир сааты адамлардан жасырылған. Соның ушын Жума күниниң ҳәмме ўақтын дуўа қылып жүриў мақсетке муўапық болады. Сондай етсек, иншааллаҳ сол ўақытқа туўра келип қалыўымыз мүмкин);
  •  Арафа күни (яғный Зулҳижжа айының тоғызыншы күнинде қылынған дуўада әлбетте қабыл болады);
  •  Аўыз ашып атырған ўақытта (бул тек ғана рамазан айында емес, ал басқа күнлери ықтыярый ораза тутып, аўзымызды ашқанда да берилетуғын бир имканият).

Мине усы ўақытларда қылынған дуўалар әлбетте қабыл болады.

Инсан тек ғана өзиниң ҳақына емес, басқалардың да ҳақларына дуўа қылыўы мүмкин. Өзгелердиң ҳақына қылынған дуўалардың қабыл болыўы тез ҳәм динимизде мақталған ис болып есапланады.

Уламаларымыз диний дереклерди үйренип шығып, дуўалардың қабыл болыўы ушын бир неше шәртлер бар екенин атап өтеди. Ол шәртлер төмендегилер:

  •  Ықлас пенен дуўа қылыў;
  •  Дуўаның қабыл болыўына қаттыға исениў;
  •  Дуўа қылып атырғанда қәлби ояў болыўы, шын кеўилден, үмит пенен дуўа қылыў;
  •  Луқмасы, кәсиби ҳадалдан болыўы керек;
  •  Дуўада ҳәдинен аспаў, гүнаға ҳәм силаи раҳмды үзиў ушын қылынған дуўа қабыл болмайды;
  •  Дуўа қыламан деп оннан үлкенирек исти тәрк етпеў, мәселен парызлардан бирин яки ата-ананың шақырғанына жуўап қайтарыўды тәрк етип қылынған дуўа да қабыл болмайды.

Уламаларымыз дуўаның қабыл болыўын жақынластырыў ушын бир неше әдеплерди санап өтеди. Ол әдеплерден базылары төмендегилер:

  •  Қублаға жүзленип, кәмил тәҳарат пенен, қолларды ашып дуўа қылыў;
  •  Дуўаны Аллаҳ таалаға ҳәмд ҳәм Пайғамбарымызға салаўат пенен баслаў, ақырында да Пайғамбарымызға салаўат айтыў. Ҳәдисте айтылыўынша еки салаўат ортасындағы дуўа әлбетте қабыл болады;
  •  Дуўа қылғаннан кейин асықпаў. Қылған дуўам қабыл болмады, демесин, оның дуўасы ерте ме, кеш пе қабыл болады. Дүньяда яки ақыретте өз нәтийжесин береди;
  •  Дуўаның сөзлерин келистирип қәлипке салып айтыўдан узақ болыў керек;
  •  Дуўада ҳәдден аспаў, яғный ҳәдден тысқары бақырып дуўа қылыў, мүмкин болмаған нәрселерди сораў, өзине яки өзгеге жаманлық сораў мүмкин емес;
  •  Жәмлеўши дуўаларды қылыў, аят ҳәм ҳәдислерде келген сөзлери қысқа болса да мәниси кең дуўаларды қылыў;
  •  Дуўаны үш мәрте тәкирарлаў. Пайғамбар алайҳиссалам сондай еткен;
  •  Беккем исеним менен дуўа қылыў, қәлесең бер, қәлемесең берме киби сөзлерди ислетпеў;
  •  Дуўаның басында өзиниң ҳақына кейин өзгелердиң ҳақына дуўа қылыў;
  •  Ҳәр дайым дуўада болыў;

Дуўаның әҳмийети мөмин-мусылманлар қыйыншылыққа түскенинде де жарқын көринеди. Себеби, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның тарийхын үйренсек, қыйыншылық ўақытларында: мәселен оба тарқалса, қурғақшылық болса, күшли душпан бастырып келгенде бәрше зәрүр шаралар менен биргеликте Пайғамбарымыз Аллаҳ таалаға жүзленип, жалбарынып дуўа қылар еди. Бир мәрте уллы саҳабалардан Әбиў Бәкр ҳәм Билал разыяллаҳу анҳумаға Мәдинада безгек тийгенде бул обадан аманлық бериўди сорап дуўа қылғаны рәўият етилген. Пайғамбарымыз алайҳиссалам Аллаҳ тааланың: “(Аллаҳтан) сабыр ҳәм намаз (оқыў) менен жәрдем сораң. Әлбетте, ол (намаз Аллаҳға) бойсыныўшылардан басқаларға жүдә үлкен ис” – деген аяты кәриймасына әмел етип, қәўетерге салыўшы, машақатлы бир ис пайда болса, намаз оқып, дуўаға кирисер еди. Өйткени, намаз да дуўа киби Аллаҳ таалаға зарланыў болып есапланады.

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта

арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы А.К.Якупов