Инсаният тарийхына қарайтуғын болсақ, қайсы жәмийетлерде татыўлық, бирадарлық, өз-ара аўызбиршилик бар болса, раўажланыў ҳәм ел тынышлығы халық параўанлығы ҳүким сүрген. Керисинше, қайсы бир жәмийетда келиспеўшилик, өз-ара душпаншылық күшейсе, бундай жәмийетлерде де урыс ҳәм тартыслар ҳәўиж алған, журт ўайран, ел тынышсыз болған.
Исламда барше миллет ҳәм елатлардың тең ҳуқықлығы, ҳүрмети текғана тақўада екени ҳаққында Қураны кәриймде былай делинген:
«Ҳәй адамлар! Биз сизлерди бир еркек (Адам) ҳәм ҳаял (Ҳаўа)дан жараттық ҳәм сизлерди өз ара танысыўыңыз ушын (ҳәр түрли) халықлар ҳәм қәўимлер (елатлар) қылып қойдық. Әлбетте, Аллаҳтың алдында ең ҳүрметлирегиңиз (бул) – ең тақўалырағыңыз. Әлбетте, Аллаҳ – Билиўши, Хабардар» (Ҳужурат сүреси, 13-аят).
Демек, биз қайсы миллет ҳәм елат ўәкили болыўымызға қарамастан бир ата-ананың перзентлери екенбиз. Мине усы нәрсени ядымыздан шығармаўымыз керек.
Шүкирлер болсын, халқымыз әзел-әзелден кеңпейилликде басқа халықларға үлги болып келген. Қәдимнен журтымызда жасаған миллет ҳәм елатлар бир-бирине желкеме-желке турып, аўырын жеңил қылған. Соның ушын қуўанышта да, той мерекелерде де көп миллетли халқымыз бир-бири менен аўызбиршиликли болып жасаған.
Журтымызда жасаўшы түрли дин ўәкиллерине диний мәресимлерин өткериўлери ҳәм мәмлекетдиң сиясий ҳәм соцьяллық турмысында да белсенди қатнасыўлары ушын бәрше шәрт-шараятлар жаратылған. Бул барысында мәмлекетимиз өзине тән бай тәжрийбе арттырғанын атап өтиўимиз керек. Буны пүткил жәҳан айтып өтпекте. Өзбекистанға келген БМТ Инсан ҳуқықлары бойынша Бас комиссары Зайд аль-Ҳусайнның томендеги сөзлери буның айқын дәлили: “Бүгинги динлерара ҳәм миллетлерара тынышсызлық болып турған қәўипли күнлерде Өзбекистандағы бар болған динлерара ҳәм миллетлара татыўлық түрли мәмлекетлер ушын өрнек болыўға лайық”.
Бундай аўызбиршиликтиң тийкарғы себеби мәмлекетимизде түрли дин ўәкиллери жалғыз мақсет жолында бирлесип, қолды-қолға берип ҳәрекет қылыўы болып есапланады. Бул барысында мәмлекет тәрепинен түрли иләжлар, конференсиялар өткизилип, ортақ ўазийпалар орынланып барылады. Ҳәр түрли дин ўәкиллери басқа дин ўәкиллерин диний байрамлар менен қутлықлайды ҳәм қутлықлаў қабыл етип алады. Бул, шубҳасыз, мәмлекетимизде қарар тапқан тынышлық, диний кеңпейиллик ҳәм миллетлерара татыўлықтың айқын үлгиси сыпатында көринеди.
Ислам дини алдын басынан басқа дин ўәкиллерине де ҳүрмет бенен мүнәсибетде болыўды үйретген. Белгили болғанындай, Ислам өзинен алдынғы самаўий динлерди ҳүрмет етиў менен шекленбей, сол дин ўәкиллерине шексиз мүрүўбет көрсетген. Олардың ҳақ-ҳуқықларын нызам менен беккемлеп қойған. Әсирлер даўамында бул қағийдаларға әмел етип жасаған мусылманлар арасында жасайтуғын зиммийге мүрүўўет көрсетип, пүткил инсаниятқа өрнек болды.
Бул туўрысында Аллаҳ таала былай дейди:
«Дин бойынша сизлер менен урыспаған ҳәм үлкелериңизден (қуўып) шығармағанларға жақсылық қылыўыңыз ҳәм әдалатлы болыўыңыздан Аллаҳ сизлерди қайтармайды. Әлбетте, Аллаҳ әдалат етиўшилерди жақсы көреди» (Мумтаҳана сүреси, 8-аят).
Аллаҳ таала бул аяты кәриймада мөмин-мусылманларды басқа миллет ҳәм дин ўәкиллерине жақсы мүнәсибетте болыўға буйырады ҳәм оларға қарата әдалатлы болыў лазымлығын айтады. Соның ишинде, самарқандлы фақиҳ Әбиў Лайс Самарқандий «Баҳрул улум» атлы тәфсир китабында бул аят тәфсиринде: «Өзге дин ўәкиллери менен барды-келди қылың, олар менен әдалатлы мәмиле қылың», деп айтып өткен. Маўарауннаҳрлы белгили муфассир Әбул Баракат Насафий «Мадарикут танзил» китабында бул аят шолыўында: «Өзге дин ўәкиллерине ҳүрмет көрсетиң, оларға сөз бенен де, ис пенен де жақсы мәмиледе болың», деп баян еткен.
Бул алтын қағыйдаға журтымызда мудамы әмел етип келинген. Буны бүгинги күнге шекем халқымыз өзлериниң миллий қәдирияты сыпатында қәдирлейди.
Сүннети Набаўияда да басқа миллет ўәкиллерине ҳәм ғайрыдинлерге ҳүрмет пенен мәмиле қылыў жағдайларын жүдә көп ушыратыў мүмкин. Атап айтқанда, ҳәдислердиң биринде Пайғамбар алайҳиссалам Ҳабашстаннан келген насраний мийманларды өз мешитине түсирген ҳәм «олар бизиң саҳабаларымызды ҳүрмет еткен еди. Мен өзим оларды иззет-икрам қылыўды жақсы көремен», деп өзи оларға хызмет еткен. Сондай-ақ, Пайғамбар алайҳиссалам елши болып келген Нажрон насранийлериниң де өз мешитинде ибадат қылыўына руқсат берген.
Басқа бир ҳәдиси шәрийфте Пайғамбар алайҳиссалам ҳәр бир адамның қайсы динге тийислигине қарамастан, әўели, оның адам екени ушын инсаныйлық көзқарасынан ҳүрмет етиў кереклигин айтқан. Соның ишинде, Абдураҳман Әбиў Лайла рәўият қылған ҳәдисте: «Бир күни Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның қасынан адамлар табыт көтерип өтти. Сонда, ол орнынан турды. Кейин саҳабалар оның яҳудий екенин айтты. Сонда Расулуллаҳ: «Ол руўх ийеси – инсан емес пе?!» – деди».
Сондай-ақ, мусылман адам басқа дин ўәкиллерине саўға бериўи яки олардан саўға қабыл етиўи, мийман болыўы яки оларды мийман қылыўы, қоңсы-қобашылық мәмилесин қылыўы, олар менен алды-сатты қылыўы ҳәм қарыз алды-бердиси сыяқлы мәмилелерди қылыўы дурыс. Тек бундай жағдайларда да мусылман адам шәрият көрсетпелерине әмел қылыўы талап етиледи.
Демек, Ислам дини мусылманларды ғайрыдинлерге кеўлин кең ашып, жақсы мәмиле ҳәм мүнәсибетте болып жасаўға буйырған. Буны терең аңлаған ата-бабаларымыз бул буйрыққа ләббай деп жуўап берген.
Ислам дини өзге дин ўәкиллери менен болатуғын күнделикли байланысларға айрықша итибар берген. Атап айтқанда, қоңсышылық байланыслары, китап ийелериниң тағамынан жеў, оларға үйлениў мүмкин екени, оларды ғыйбат қылыў да гүна екени, қаржылық байланыслар орнатыў, олардан қарыз алыў, қарыз бериў, оларға аманат қойыў, мусылман болмаған адамды мақтаў сыяқлы мәселелерде аят ҳәм ҳәдислер келген.
Бүгинги күнде дүньядағы тынышлық ҳәм турақлылыққа миллетлер ҳәм динлер аралық қарама-қарсылықлар, экстремизм ҳәм де терроризмниң қәўип-қәтери бар екени глобалласыў шараятында Өзбекстанда миллетлер ҳәм динлер аралық мүнәсибетлерде қәтержамлыққа берилиў ҳасла мүмкин емес.
Бүгинги күнде дүньяда геосиясий бәсеки барған сайын күшейип, айырым күшлер тәрепинен халықлар санасына ийелик етиў арқалы түрли дин ўәкиллери арасында өз ара келиспеўшилик ҳәм ғалабалық тәртипсизликлерди келтирип шығарыў, мәмлекеттиң күш-қүдиретин кемейтип, аймақты социаллық, сиясий ҳәм экономикалық тәрептен өз тәсир шеңберине алыўға ҳәрекетлер күшеймекте.
Ҳәзирги дүньяда жүз берип атырған диний тақатсызлық жағдайлары басқа дин ўәкиллерине тақатсызлық, бир дин ишиндеги тартыслы мүнәсибетлер ҳәм де дүньялық дүзимге қарсы гүрес яки халық аралық дәрежедеги қарама-қарсылықлар менен байланыслы болып тур.
Ислам мудамы бәрше дин ҳәм итиқад ўәкиллерин әдалат орнатыўда, қәўипсизликти тәмийнлеўде ҳәм бийгүна адамлардың қаны төгилиўиниң алдын алыўда бирге ислесиўге шақырады.
Демек, Ислам дини мусылманларды өз дининдеги бирадарына ҳәм ҳәмме инсанларға жақсылық, меҳир-мүриўбет көрсетиўге шақырыў менен бир қатарда, өз ара тынышлық ҳәм татыўлықта болған басқа дин ўәкиллерине де жақсылықта ҳәм меҳир-мүриўбетте болыўға буйырған.
Бүгинги күнде Өзбекстанда 130 дан артық миллет ҳәм елат, 16 диний конфессия, 153 миллий-мәдений орай арасында кеңпейиллик принциплерин қарар таптырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Түрли динлердиң қәдириятларын асырап-абайлаў, ҳәмме пуқараларға итиқад қылыў ҳәм де ибадатларын емин-еркин әмелге асырыў ушын зәрүр шарайытларды жаратып бериў, динлер ҳәм миллетлер аралық аўызбиршиликти және де беккемлеў жүзесинен кең көлемли ислер әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, БМШ Бас Ассамблеясының 2018-жыл 12-декабрь күни болып өткен мәжилисинде Өзбекстан тәрепинен ислеп шығылған ҳүжжет жобасы тийкарында «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» резолюциясы қабыл қылынды.
Соңғы жылларда дүньяда динлер аралық келиспеўшиликлерди келтирип шығарыў, сол арқалы түрли динге тийисли пуқаралар арасында душпаншылық оятыў, жәмийетте бийқарарлықты келтирип шығарыўға ҳәрекет қылып атырған күшлер бар екенлиги ҳеш кимге сыр емес. Бундай жағдайда жәмийетте ҳәр түрли дин ўәкиллери арасында татыўлық ҳәм аўызбиршиликти тәминлеў, олар арасындағы өз ара бирге ислесиўди және де раўажландырыў әҳмийетли ис есапланады.
Жоқарыдағыларды есапқа алған ҳалда Президентимиз Ш.Мирзиёев 2023-жыл 19-сентябрь күни БМШ Бас Ассемблеясының 78-сессиясындағы сөзинде Өзбекстанда UNESCO қоллаўында Динлераралық байланыс ҳәм кеңпейиллик орайын шөлкемлестириў усынысын берди. Бул орайдың мақсети елимизде бар болған диний кеңпейиллик дәстүрлерин жергиликли ҳәм халықаралық көлемде кең үгит-нәсиятлаў, түрли конфессиялар арасындағы дослық мүнәсибетлер, бирге ислесиў байланысларын жаңа басқышқа алып шығыў, экстремизм, радикализм, әдепсизлик, жынаятшылық, наркомания ҳәмде қоршаған орталықты асырап-абайлаў киби заманагөй қәўиплерге қарсы динлердиң ортақ позицияларын кең жәмәәтшиликке жеткериў кибилерден ибарат болады.
Жуўмақлап айтқанда, Ислам дининде инсанларды түрли динлерге итиқад қылыў Аллаҳтың қәлеўине көре болатуғын ис екени, мусылман адам өзине жүклетилген ўазыйпаны орынлаўға жуўапкер екени атап өтилген. Түрли дин ўәкиллери, әсиресе китап ийелери есапланған яҳудий ҳәм христианлар менен егер олар мусылманлар менен дүзилген шәртнаманы бузбаса, жыллы мүнәсибет орнатыўға шақырылады.
«Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний»
орта арнаўлы ислам билим журты
оқытыўшысы Айдос Якупов