Фиқҳ илиминиң тийкары болған «Усулул фиқҳ» әҳмийетли илимлерден бири. Фуқаҳалар мужтаҳидлердиң шәрият ҳүкимлерин қалайынша истинбат еткенин усы илим арқалы билип алады. «Истинбат» сөзи сөзликте «жер түбинен суў шығарыў» деген мәнини аңлатады. Диний илимлерде болса шәръий дәлиллерден шәръий ҳүкимлерди шығарыў «истинбат» делинеди.
Усулул фиқҳ илими барқулла уламалардың дыққат-итибарын өзине қаратып келген. Олар бул тараўда елеге шекем өзиниң қунын жойтпай киятырған көплеген китаплар жазып қалдырған.
Дәслеп «усулул фиқҳ» қандай мәнини аңлатады, деген сораўға жуўап излейик. «Усулул фиқҳ» атамасы еки сөзден қуралған. Усул – тийкар, дәлил; фиқҳ – анық түсиниў.
Уламалар истелаҳында болса «усулул фиқҳ» былай тәрийпленеди:
«Усулул фиқҳ» – тыйнақлы дәлиллерден шәрияттың әмелий ҳүкимлерин истинбат қылыў қағыйдаларын үйрететуғын илим.
Дәлиллерден шәрият ҳүкимлерин истинбат қылыў уламалар дүзген қағыйдалар тийкарында әмелге асырылады. Буны билиўди қәлегенлер усулул фиқҳ илимине мүрәжәт етиўи керек.
«Усулул фиқҳ» илими ҳижрий екинши әсирде қәлиплести. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның дәўирлеринде барлық машқалаларды пайғамбарымыздың өзи Қураны Кәрийм аятлары ҳәм өзиниң сүннетлери менен шешетуғын еди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қайтыс болғаннан кейин саҳабайы кирамлар Қураны Кәрийм ҳәм набаўий сүннет ҳәмде өзлериниң ижтиҳадларына сүйенип ҳүким шығарған. Себеби олар Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға сәўбетлес болған, ол кисиниң барлық ҳәрекетлери ҳәм әмеллерине гүўа болған өткир зейинли, қабилетли кисилер еди. Олар Қураны Кәрийм ҳәм ҳәдиси шәрийфти ҳеш бир қыйыншылықсыз, жүдә жақсы түсинетуғын еди. Соның ушын олар белигили бир қағыйдаларға мүтәж емес еди.
Ислам дини бир қанша еллер ҳәм халықлар арасына тарқалып, араб халқы басқа миллетлер менен қосылып кеткеннен кейин, басқаша жағдай жүзеге келди. Пайда болған машқалаларды шешиў ушын улыўмалық қағыйдалар ислеп шығыў зәрүр болды. Нәтийжеде «Усулул фиқҳ» илимине тийкар салынды. Бул ис мәзҳәббасы имамлар дәўиринде, ҳижрий екинши әсирдиң ақырларында жүзеге шықты.
Ибн Нәдийм «Фиҳрист» атлы китабында айтқанындай, усулул фиқҳтың тийкарғы қағыйдаларын биринши болып имам Әбиў Ҳанифаның шәкирти имам Әбиў Юсуф өз алдына китапта жыйнаған. Бирақ, өкинишлиси, бул китап бизге шекем жетип келмеген.
Усулул фиқҳқа бағышланған биринши китапты имам Муҳаммад ибн Идрис Шафеъий жазған. Ол кисиниң «Рисала» деп аталған китабы бизге шекем жетип келген. Соның ушын имам Шафеъий уламалар ортасында усулул фиқҳ илиминиң тийкарын салыўшысы ретинде танылған.
Соң усулул фиқҳ илими еки жөнелиске бөлинди ҳәм олардан ҳәр биринде көплеген китаплар жазылды.
Биринши жөнелис: Мутакаллимлер жөнелиси.
Бул жөнелисте илимий жумыс алып барған алымлар дәлил ҳәм ҳүжжетлердиң тексти, сөзлик, кәлам ҳәм ақыл қағыйдаларына сүйенди. Олар өз ислеринде фуруъул фиқҳқа қарамады. Мутакаллимлер жөнелиси бойынша китап жазған уламалардың методы тийкарынан үш нәрсе менен итибарға ылайық:
Шафеъий, мәликий, муътазилий ҳәм басқа мәзҳәб уламалары усы жөнелисти усулул фиқҳ китапларын жазды. Бул жөнелисте усулул фиқҳ қағыйдалары теориялық-логикалық жақтан ислеп шығылған.
Төмендегилер мутакаллимлер жөнелисиндеги жазылған китаплар арасындағы атақлы китаплар:
Екинши жөнелис: Ҳанафий мәзҳәби уламаларының жөнелиси.
Бул жөнелисте усулул фиқҳ қағыйдалары ҳанафий мәзҳәбиндеги мужтаҳидлердиң ижтиҳадлары тийкарында ислеп шығылған. Себеби бул мәзҳәбтеги мужтаҳидлер имам Шафеъийге уқсап усулул фиқҳқа тийисли мағлыўматлар қалдырмаған. Олардан тек фиқҳий мәселелер ғана мийрас қалған.
Ҳанафий мәзҳәби жөнелисиндеги усулул фиқҳ методы өзиниң үш өзгешелиги менен ажыралып турады:
1. Бул жөнелисте фиқҳтың қағыйдалары оның ҳүкимлери менен бирге әмелий тәризде байланысқан.
2. Усулул фиқҳ ҳәм фиқҳ пайдалы усыл менен араластырылғаны.
3. Бул усыл хылаф бойынша, улыўмалық фиқҳ қағыйдаларын жазыў бойынша теңсиз хизмет болғаны.
Төмендеги китаплар ҳанафийлер жөнелисинде жазылған китаплар арасында атақлы:
Айырым уламалар усулул фиқҳтың еки жөнелисин де өзинде бирлестирген китаплар жазған. Бул стиль жетинши ҳижрий әсирде пайда болды. Онда жумыс алып барған уламалар мутакаллимлер ҳәм ҳанафийлердиң жөнелисин бирлестирди. Олар усул қағыйдаларын таҳқиқ қылыў ҳәм дәлиллеўге, соң фуруъул фиқҳқа енгизиўге айрықша итибар қаратты. Бул исти тийкарынан ҳанафий ҳәм шафеъийлер әмелге асырды. Олардың стильи «мутааххирлер жөнелиси» деп те аталады.
Мутакаллимлер ҳәм ҳанафийлер жөнелисин бирлестирип жазылған китаплар арасында төмендеги китаплар даңқ таратқан:
Бул китаплар усулул фиқҳтың еки жөнелисин өзинде жәмлеген китаплар есапланады.
Билим журты оқытыўшысы К.Нажиматдинов