Динимиз қызықтырған шырайлы минез-қулықлардан бири кекселерди қәдирлеў болып есапланады. Әлбетте, шырайлы минез-қулықларды санаўлы нәрселер менен белгиленбейди, ал мөмин адамды ҳәр тәреплеме қулқын гөззал қылатуғын ҳәр қандай әдет, мәмиле ҳәм сөз шырайлы минез-қулық болып есапланады. Динимизде шырайлы минез-қулықтыӊ әҳмийети оғада жоқары есапланады. Буныӊ мысалын Пайғамбар алайҳиссалам айтқан ҳәдиси шәрифлеринен түсинип алсақ болады. Пайғамбар алайҳиссалам ҳәдиси шәрифлериниӊ биринде: «Сизлердиӊ маған сүйиклиӊиз ҳәм қыямет күни маған жақын болатуғыныӊыз шырайлы минез-қулықлы болғаныӊыз», – деди. Демек, бул ҳәдистен Расулуллаҳға жақын қылатуғын әмеллердиӊ бири шырайлы минез-қулық екенин түсинемиз.
Шәриятымыз усындай шырайлы минез-қулықлардыӊ қатарына жасы үлкенлерди ҳүрмет етиўди де енгизген. Әлбетте, жасы үлкенлерди қәдирлеў Ислам шәриятыныӊ мөмин-мусылманларға жүклеген ҳаққы болып есапланады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам да бул ҳақ-ҳуқықты төмендегише баян етип:
ليس منَّا مَنْ لم يُجِلَّ كبيرَنا، ويرحمْ صغيرَنا! ويَعْرِفْ لعالِمِنا حقَّهُ
«Үлкенлеримизди ҳүрмет қылмаған, кишилеримизге рейим қылмаған ҳәм алымларымыздыӊ ҳақын билмеген бизден емес», – деген.
Бир тәрептен, кекселерди қәдирлеў мусылман үмметиниӊ ырысқы-несийбеси көбейиўине алып келетуғын себеп болады. Әбиў Дардадан рәўият қылынған ҳәдисте Пайғамбар алайҳиссалам:
ابغوني ضُعَفاءَكم، فإنَّما تُرزَقونَ وتُنصَرونَ بِضُعَفائِكم
Яғный, араӊыздағы жасы үлкен, қартайған, камбағал, ғәрип инсанларды маған таўып бериӊ. Себеби, сизлер олар себепли ырысқыланасыз, қыйыншылық ҳәм машақатлардан қутыласыз», – деди.
Ҳәдисте Расулуллаҳ ондай адамларды таўып бериўин сорап атырғанынан мақсети ҳалынан хабар алыў, жағдайын билиў еди. Расулуллаҳ алайҳиссалам сорамаса да, оларды өзи излеп тапса болар еди, бирақ әтирапындағы инсанларға кекселерди, кәмбағалларды қәдирлеўди үйретиў ҳәм оларға үлги болыўды мақсет еткен еди. Демек, ырысқымыздыӊ кеӊ болыўына, ҳәр түрли бәледен аман болыўымызға себепши болатуғын нәрсе кекселерди қәдирлеў ҳәм олардыӊ дуўа-пәтиясын алыў екен.
Динимиз жасы үлкенлерге анағурлым итибар берип, ҳүрмет көрсетип атырғаныныӊ және бир себеби көбинесе жасы киши адам өзи менен қатар адамлар менен көп мәмиледе болып, жасы үлкен адамларды, кекселерди ядына алмай, умытып қоймаўы ушын жасларға төмендегише көрсетпе берип:
ما أكرم شاب شيخًا لسنِّه، إلا قيَّض اللهُ له مَن يكرمه عند سنِّه
«Жигит адам кексе адамды жасы үлкенлиги себепли ҳүрмет етсе, оны да кекселик ўақтында қәдирлейтуғын инсан менен сыйлап қояды. – деди.
Соныӊ менен бирге, ҳәр биримиз ол жасқа жеткенде өзимиз қандай аўҳалда боламыз, бизлерге қандай мәмиле қылынады, бул нәрселерди де умытпаўымыз керек. Өйткени, Аллаҳ таала ҳәр бир нәрседен хабардар. Биз қандай мәмиле қылсақ, тап сондай мәмилеге ушыраймыз.
Даналарымыз «Нураный адам үйдиӊ нуры, берекети. Кексеси болмаған үйдиӊ нуры аз болады», – дейди.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам да ҳәдисинде: «Берекет – жасы үлкенлериӊизде, жақсылық – нураный жасы үлкенлериӊизде», – деген.
Ҳақыйқатында да, бәлким тапқан табысымыз, көп мал-мүлкимиз әкемизге қылып атырған жақсылық себебинен болыўы мүмкин. Үйимиздеги аўызбиршилик кексе жастағы анамыздыӊ дуўасы менен болыўы мүмкин. Өйткени, Пайғамбар алайҳиссаламныӊ ҳәр бир сөзинде ҳикмет ҳәм үлкен мәни бар.
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы Ҳайтмурат Ережепов