“MUHAMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” O‘RTA MAXSUS ISLOM BILIM YURTI

Bilim yurtida talabalar zamon talablariga mos bilim olishi uchun barcha qulay imkoniyatlar yaratib berilgan. Xususan, eng zamonaviy o‘quv qurollari bilan jihozlangan o‘quv xonalari, axborot-resurs markazi, tahoratxona, oshxona, yotoqxona, sport zali, mini futbol maydonchasi, salomatlik xonasi, sartaroshxona talabalar ixtiyorida.

“Qur’oni karim va tajvid” pullik o‘quv kurslari

O‘zbekiston Respublikasi Prezidentining “Diniy-ma`rifiy soha faoliyatini tubdan takomillashtirish chora-tadbirlari to‘g‘risida”gi 2018 yil 16 apreldagi PF-5416-sonli Farmoni bilan tasdiqlangan chora-tadbirlar Dasturining 6-bandida belgilangan vazifalar ijrosini ta`minlash maqsadida O‘zbekiston musulmonlari idorasining 2018 yil 30 apreldagi 01A/056-sonli buyrug‘i tasdiqlandi. Shu munosabat bilan Muhammad ibn Ahmad al-Bernuiy madrasasida 2018 yil 10 iyundan boshlab “Qur’oni karim va tajvid” o‘rgatish bo‘yicha pullik o‘quv kurslari tashkil etildi.

Axborot resurs markazi

“Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta maxsus islom bilim yurti axborot resurs markazi fondida jami 17756 ta kitob saqlanmoqda. Shundan, 1505 umumta`lim adabiyotlari, 4085 ta maxsus fanlardan darslar, 764 ijtimoiy-iqtisodiy adabiyotlar, 7340 ta ilmiy-ommabop adabiyotlar, 919 ta elektron adabiyotlarni tashkil etadi.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

ИМАМ ТЕРМИЗИЙ ҲӘМ ҲАСАН ҲӘДИС

Ҳәдис илиминде «Сиҳаҳи ситта» деген термин кең тарқалған болып, оннан ең саҳиҳ ҳәдислер топламы болған алты китап түсиниледи. Сол «сиҳаҳи ситта» китапларынан бири уллы ўатанласымыз Әбиў Ийса Муҳаммад ат-Термизийдиң «Сунани Термизий» атлы китабы есапланады.

«Мусталаҳул ҳәдис» (Ҳәдис терминологиясы)  илими ҳәдис илимине кирисиў ретинде қолланылып, онда ҳәдис китапларында қолланылатуғын истилаҳлар (терминлер), муҳаддислердиң өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўматлар ҳәм ҳәдис илимине байланыслы басқа да мағлыўматлар үйрениледи. Мысал ретинле, саҳиҳ, ҳасан, зайыф, мункар, мурсал, музал ҳтб

Бул мақаламызда «Сунани Термизий»де көп қолланылған еки термин ҳаққында тоқталып өтиўге уйғардық.

«Сунани Термизий» китабында ҳəдислердиң дəрежелерин белгилеўде еки сөз дизбеги қолланған:

  1. «Бул ҳəдис ҳасан-cаҳиҳ» деген сөз дизбеги;
  2. «Бул ҳəдис ҳасан-саҳиҳ-ғариб» деген сөз дизбеги.

Термизий айырым ҳəдислерди «ҳасан-cаҳиҳ» ямаса «ҳасан-ғариб» деп, ямаса «саҳиҳ-ғариб» ҳəм «ҳасан-саҳиҳ-ғариб» деп атайды. Бирақ бул сөз бирикпелерин тәрийплемейди. Мысалы, бир ҳəдисти «саҳиҳ» деп ямаса «ғариб» деп атағанында, буның тарийпин айтпаған. Бул терминлер муҳаддислер нәзеринде түсиникли болғаны ушын тарийплеўди мақул көрмеген болыўы мүмкин. Бирақ әжепленерлиси, тек ғана «ҳасан»ның тарийпин келтиреди. Бул белгисиз бир атама ямаса жаңа бир термин болғаны ушын тарийплеўге мүтәжлик сезген шығар, деген пикирдемиз.

Термизийден алдынғы муҳаддислардиң дөретпелеринде «ҳасан» сөз дизбегине дус келген болсақта, бирақ ҳəдисти «ҳасан, саҳиҳ ҳəм зайыф» деп үш бөлекке бөлип, «ҳасан» сөзин дəслепки мəрте илимий термин ретинде қоллаған муҳаддис имам Термизий болып табылады.

Термизий «ҳасан» терминин өзиниң китабында былай тәрийплейди: «Бул китабымызда «бул ҳəдис ҳасан» деген ўақтымызда биз санадтың ҳасан екенлигин нəзерде тутамыз. Себеби рәўийи өтирикши деп гүман етилмеген ҳəр бир ҳəдис, егер шазз болмаса, ол ҳəдис бизиң пикиримизге көре, ҳасан ҳәдис болады».

Ибн Салаҳ «Бул ҳəдис ҳасан-саҳиҳ» деген сөз дизбеги ҳаққында былай дейди: «Термизий ҳəм басқалар (Яҳя ибн Маъийн, Ибн Әбий Шайба, Әбиў Әлий Ат-Тусий ҳəм усылар сыяқлы басқа муҳаддисларди нәзерде тутқан) қоллаған «бу ҳəдис ҳасан» деген сөз дизбегинде түсиниксизлик бар. Өйткени «ҳасан»ның мəртебеси «саҳиҳ»тиң мəртебесинен төмен турады. Бир ҳəдисте бул еки терминди бирден қолланыў ақылый тәрептен дурыс емес. Себеби саҳиҳ ҳәдис басқа, ҳасан ҳәдис басқа.

Ибн Салаҳ бул түсиниксизлик бойынша былай жуўап қайтарады:

«Бириншиден: бул сөз дизбегиниң қолланыўы санадга тийисли. Ҳәдис еки санад пенен рəўият қылынады. Егер санадлардың биреўи ҳасан, екиншиси саҳиҳ болса, бул ҳəдисти «ҳасан-саҳиҳ» деп айтыў туўры болады. Яғный ҳəдис бир санадқа көре – ҳасан, екинши санадқа көре – саҳиҳ болады.

Екиншиден: Бул орында «ҳасан» сөзи термин ретинде емес, негизги лексикологиялық мәнисинде қолланылған болыўы да мүмкин. Сөзликте, инсанға жағымлы болған  нәрсеге «ҳасан» деп айтылады».

Ибн Салаҳтың жуўабының биринши бөлимине қарсы пикир билдирилген. Себеби Термизий тек бир ғана санады болған ҳəдиске де «ҳасан-саҳиҳ» терминин қолланған. Солай екен, «ҳасан» сөзи бул орында лексикалогиялық мəнисинде қолланганын атап өтиў бул түсиниксизликтиң алдын алыў ушын ең муўапық жол болып табылады.

Бунан тысқары, «саҳиҳ-ҳасан» сөз дизбеги «ҳасан» менен «саҳиҳ» ортасындағы бир дәреже, деп айтатуғын муҳаддислер де бар.

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний

орта арнаўлы ислам билим журты

 мударриси  К.Нажиматдинов