Бүгин 30-сентябрь күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында «1-октябрь – оқытыўшы ҳәм тәрбияшылар күни» мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.
Илажда билим журты оқытыўшы-устазлары ҳәм де талаба жаслары қатнасты.
Илажды билим журты директоры Жалалатдин Абдиразаков ашып берди ҳәм жыйналғанларды «1-октябрь – оқытыўшы ҳәм тәрбияшылар күни» байрамы менен қутлықлады.
Кешеде Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳәзиретиниң оқытыўшы ҳәм тәрбияшылар күни мүнәсебетине арналған байрам қутлықлаўы сөзин билим журты директоры Ж.Абдиразаков оқып еситтирди.
Илаж барысында талабалар тәрепинен устазларға арналған қосық қатарлар оқып еситтирилип кешемизге өзгеше пайыз инам етти.
Байрам илажы жуўмағында билим журты оқытыўшылары ҳәм де талаба жаслардың ҳақына қайырлы дуўалар қылынды. Сондай-ақ, бүгинги тыныш ҳәм пәраўан турмысқа шүкиршилик келтирип, талаба жасларға илим-билим алыўда ғайрат салыў кереклигин атап өтти.
Ҳеш бир инсан өзине биринши ҳәрипти үйреткен устазын ядынан шығара алмайды, десек, асыра айтқан болмаймыз.
Әзиз устазлар байрамыңыз мүбәрек болсын!
Билим журты баспасөз хызмети