Инсаният ҳәм пүткил әлемлерге Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламды мийирманшылық етип жиберген Аллаҳ таалаға ҳамду сәнелер болсын!
Әдеп-икрамы, кеңпейиллиги ҳәм меҳир-мүриўбети менен өз үмметлерине өрнек болған Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат ҳәм сәлемлер болсын!
Ислам дининиң Қураны кәриймнен кейинги екинши дереги болған Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳәдислерин үйрениў, оларды жәмлеў, түсиндириў ҳәм келешек әўладларға жеткизиўде муҳаддис уламаларымыздың хызмети теңсиз. Әне сондай уллы алымлардан бири – Имам Термизий раҳматуллаҳи алайҳ есапланады.
Имам Термизийдиң жазған шығармалары жүдә көп. Бирақ, олардың ишинде «ал-Жаме ас-саҳиҳ» китабының әҳмийети жүдә үлкен. Бул китап «Саҳиҳи Термизий», «ал-Жаме-ул кәбир», «ал-Жаме яки Жамиут Термизий» ҳәм «Сунаны Термизий» атлары менен белгили болып, ҳәдис илими бойынша жазылған «Алты саҳиҳ» китаптың төртиншиси есапланады. Ондағы ҳәдислерди топлаў ушын Имам Термизий Хурасан, Ирак, Шам үлкелеринде, Мәккә ҳәм Мадина қалаларында илимий сапарда болған.
«Сунаны Термизий»деги ҳәдислер саны 3956 болып, муҳаддис оларды 51 темаға ажыратқан. Олардың ишиндеги баплар саны 2231 қурайды. Муҳаддистиң өзи ажыратып шыққан баплар төмендегилер: пәклик, намаз, зәкат, ораза, ҳаж, жаназа, неке, емизиў, талақ, лиан, саўдалар, Расулуллаҳтың ҳүкимлери, төлемлер, ҳаддлар, аң, қурбанлықлар, нәзр, ант, сийрат ҳәм тағы басқа. Имам Термизийдиң бул китабы фиқҳий темалардан тысқары сийрат, қирәәт, Қуран тәфсири ҳәм оның пазыйлетлерине байланыслы мағлыўматларды да өз ишине алған.
Имам Термизий «Сунаны Термизий»де тек саҳиҳ ҳәдислерди келтириўди өзине шәрт қылып қоймаған. Соның ушын онда саҳиҳ, ҳасан ҳәдислер менен бир қатарда заиф ҳәм иллетли ҳәдислерди де зикир етип, олардың заифлик себеплерин баян еткен.
Шайхул Ислам Әбиў Исмайыл ал-Ансарий «Сунаны Термизий» китабы ҳаққында: «Маған оның (Термизийдиң) китабы Имам Бухарий ҳәм Муслимниң китапларынан көре пайдалырақ. Себеби, Бухарий ҳәм Муслимниң китапларынан тек терең илимли қәниге алымлар ғана пайдалана алады. Ал, «Сунаны Термизий»ден ҳәр қандай инсан пайдаланыўы мүмкин», деген.
Имам Термизийдиң өзи китабы «Сунаны Термизий» ҳаққында былай дейди: «Бул китапты жазып болғанымнан кейин, оны ҳижаз, Ирак ҳәм Хурасан уламаларына усындым. Олар разылық билдирип, қабыл етти. Кимниң үйинде бул китаптан болса, сол үйде тап Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сөйлеп атырғандай болады…»
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы Низаматдинов Төлеген