Елимизде ата-бабаларымыз мийрасын терең үйрениӯ, кең жәмийетшиликке жеркизиӯ бойынша бир нешше әмелий жумыслар алып барылмақта.
Усы қатарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 15-августтағы «Имам Термизий туӯылғанының 1200 жыллығын кең түрде белгилеӯ хаққында»ғы ПҚ-292-санлы қарары тастыйықланған. Бунда Имам Термизийдиң илимий мийрасын халқымызға жеткизиӯ тийкарғы мақсет есапланады.
Усы қарар тийкарында 15-октябрь күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаӯлы ислам билим журтында «Шамаили Муҳаммадия» шығармасын үйренемиз ураны астында ис-илаж өткерилди.
Илажда Нөкис қаласы «Ережеп Бий» жаме мешити имам-хатиби А.Хожасов, билим журты оқытышысы А.Якубовлар өз баянаты менен қатнасты.
Илаж даӯамында мийманлар тәрепинен Имам Термизийдиң илимий хызмети, өмир жолы, оның «Шамаили Муҳаммадия» шығармасы тийкарында билим журты талабаларына керекли мағлыӯматлар берилди.
Илаж соңында талабалар өзлерине қызықтырған сораӯларға унамлы жуӯаплар алып мазмунлы түрде өткерилди.
Билим журты баспасөз хызмети