Усы жылдың 10-октябрь күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында 1-октябрь «Оқытыўшы ҳәм устазлар» күни мүнәсибети менен диний-руўхыйлық тараўының раўажланыўына қосқан хызметлери мүнәсип баҳаланып бир қанша оқытыўшылар АЛҒЫСНАМА менен хошаметленди. Бул хошаметлеўге билим журтында хызмет етип атырған, хызмети даўамында өзлериниң шеберлиги, шаққанлығы, зийреклиги ҳәм илимий методикалық, билимлендириў тараўының раўажланыўында дөретиўшилик жумыслары менен алдыңғы қатарларда болып өз ўақтында орынлап көзге тасланып киятырған устаз оқытыўшылар еристи.
Атап айтқанда билим журты оқытыўшылары Смамутов Қайрат Сейтмуратович, Раджапов Султан Шакировичлар Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳәзиретилери тәрепинен, Искендеров Жумабек Ережепович Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитети баслығы С.Тошбоев тәрепинен бул алғыснамалар тапсырылды.