15-июль күни Мухаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаӯлы ислам билим журтында «Қураны кәрийм ҳәм тәжўийд» оқыӯ курсы тыңлаӯшылары менен сәӯбет өткерилди. Иләжда билим журты директоры Ж.Абдиразаков, билим журты юристи А.Атабаев, “Қураны кәрийм ҳәм тәжўийд” оқыў курсы методисти Ж.Умирзақов ҳәмде оқытыўшылар қатнасты. Сәўбет даўамында билим журты директоры Ж.Абдиразаков сөзге шығып, Қураны кәриймниң пазийлетлери, қуранға көбирек ӯақыт ажыратып анық өнимли пайдаланып, қуранды үйрениӯде нелерге айрықша итибар бериӯ керек екенликлерин айтты. Курс даӯамында билим журтының тәртип қағыйдаларына қатаң әмел етиӯлери, өз ӯақтында сабақларға келиӯи, белгиленген сабақларға турақлы түрде қатнасыӯы ҳ.т.б мәселелери менен тыңлаӯшыларға өз мәсләҳәтлерин берди. Билим журты юристи А.Атабаев өз баянатында «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы нызамның мазмун-мәниси нызамсыз диний билим алыӯ ҳәм билим бериӯдиң нызам тәрепинен шекленгенлигин ҳәм қандай ақыбетлерге алып келиӯин түсиндирди. Оқыў курсы методисти Ж.Умирзақов тыңлаўшылардың тәртип-қағыйдаларына әмел қылыўы, өз ўақтында сабаққа келиўи, белгиленген сабақларға үзликсиз қатнасыў керек екенлигин айтып өтти. Жыйналыс соңында А.Атабаев тыңлаўшыларға бул курстың хуқықый тәреплери ҳәм басқа мәселелер бойынша керекли мағлыўматларды берди.
Билим журты баспасөз хызмети