Әбиў Насыр Фарабий Отырар қаласында (Ҳәзирги Қазақстанның Шымкент ўәлаяты аймағында жайласқан қала) ҳижрий 256-жылы (миладий 873-жылы) туўылды. Оның әкеси әскерий сәркарда еди. Жас ҳәм зейинли Әбиў Насыр илимге ерте қызықты, араб, парсы тиллерин толық менгерди. Фарабий санскрит (әййемги ҳинд тили) тилин үйренди ҳәм оны терең өзлестирди. Ол түркий халықлардан болып, түркий тиллерди де жақсы билетуғын ҳәм жаслайынан түрли тиллерди ҳәм илимлерди пуқта ийелеген еди. Ол көбинесе Бағдадта жасаған. Араб тилин оғада жақсы билетуғын, көбирек философия, логика ҳәм диний илимлерге қызығатуғын еди.
Фарабий көп илимлерди жақсы өзлестирген енциклопедист алым еди. Ол философия, логика, теология, әдептаныў, сиясат, астрономия, химия, музика ҳәм басқа илимлерге тийисли китапларды жазған.
Әбиў Насыр Фарабий атақлы аўдармашы Әбиў Бишр Матта менен бирге Аристотелдиң мийнетлерин аўдарма қылды ҳәм оны илимий шолыўлар менен байытты.
Соннан кейин оған «ал-Муаллим ас-саний» («Екинши муғаллим») ҳәм «Шығыс Аристотели» атағы берилди. Әбиў Насыр Фарабий илим излеп Самарқанд, Бухара, Ҳират, Ғазна, Ҳарран, Шам ҳәм және көплеген мусылман қалаларында болды.
Фарабий биринши болып Аллаҳ тааланың барлығына әлемди дәлил етип келтирмей, Аллаҳтың бар екенин жалғыз ақылый дәлил менен дәлиллеўдиң жаңаша усылын тапты. Ол бар нәрселерди екиге – ўужуди мумкин ҳәм ўужуди ўажибке бөледи. Мумкинул ўужуд дүньядағы бар нәрселер болып, олардың бар болыўы мүмкин болғанындай, болмаўы да мүмкин. Оларға қарасақ, айырымлары жоқ болып, орнына басқалары пайда болып атырғанын көремиз.
Әне солар басқа нәрсениң тәсири себепли өзгереди ҳәм алмасады. Олардың ҳәр бирине өз алдына нәзер салсақ та тап сол жағдайды көремиз. Бул дизбектиң ақырғы ноқаты болыўы керек. Әне сол ақырғы ноқат, барлық мумкинул ўужудлардың барып тақалатуғын ноқаты ўажибул ўужуд – бар болыўы шәрт болған, ол болмаса, басқа нәрселер болмайтуғын нәрсе.
Фарабийдиң философиясында Аллаҳ – ўажибул ўужуд. Бул ақылый дәлилге көре, ўажибул ўужуд төмендеги сыпатларға ийе:
Аллаҳ тааланы тәрийплеў мүмкин емес.
Аллаҳ таала жалғыз, шериги жоқ.
Сондай-ақ, Фарабий әлемниң жаралыўы, нәпси, ақыл, нубуўўат ҳәм итиқадқа тийисли тағы басқа мәселелерде де философиялық ой жүргизген.
Әбиў Насыр Фарабий 260 тан зыят илимий мийрас қылды. Олардан айырымлары төмендегилер:
«Рисала фий аъзаил инсан»;
«Рисала фий аъзаил ҳайўан»;
«Рисала фир-радди ала Жалинус фийма наказа фийҳа Арастутолис»;
«Китабун фий арои әҳлил Мадийнатил фазила»;
«Рисала фил миллатил фазила»;
«Таълийқат»;
«Рисала фий таҳсилис-саадат»;
«Рисала уюнил-масаил»;
«Рисала ал-Муфаррақат»;
«Рисала фий маснил ақл» ҳтб.
Фарабийдиң китаплары еки түрге бөлинеди. Бириншиси: философия ҳәм басқа тараўларға жазылған китаплар. Екиншиси: Платон, Аристотел ҳәм олардың изинен барған алымлардың китапларына жазған шолыўлар. Айырым изетрлеўшилер бул китаплардың саны қырқ данаға жеткенин айтады.
Әбиў Насыр Фарабий ҳижрий 336-жылда (миладий 950-жылы) Дамашқ қаласының қасындағы аўыллардан биринде қайтыс болды.
Караматдин Нажиматдинов
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний
орта арнаўлы ислам билим журты мударриси