Журтымызда әмелге асырылып атырған кең көлемдеги реформалар, адамларымыздың тоқ ҳәм пәраўан жасап атырғанлары, жаратып берилген жеңиллик ҳәм еркинликлер, ең тийкарғысы, тыныш турмысымыз әне сол халық аралық террористик ҳәм диний екстремистик шөлкемлер ҳәм олардың жетекшилерине жақпай атыр. Сол себептен олар зор берип, өз нәпсиқаў мақсетлери – идеяларын жайыўға, миллет бирлиги, журт парахатшылығына от қойыўға урынып атыр.
Аллаҳ таала Қураны кәриймде бәршени дүньяда тең болып жасаўды ҳәм бөлек ағымларға бөлинип кетпеўди буйырған. Тайпа ҳәм ағымларға бөлиниўди қатты қаралап биз инсанларды ескертген.
“Ҳәммеңиз Аллаҳтиң “арқан”ын (Қуранын) беккем тутың ҳәм фирқаларға бөлинбең”, деген. (Әлий Имрон сүреси, 103-аят).
Ислам тәлийматы бузғыншылықты, адамлар кеўилине ҳаўлығыў, душпанлық ҳәм фитна шашыўды қатты қаралайды. Ҳәммемизге мәлим, соңғы жылларда динди өзлерине нықап етип алған ағымлар, тайпалар пайда болды. Өзлериниң нәпсиқаў мақсетлери жолында бузғыншылық, бийгүна адамлар қанын нахақ төгиў сыяқлы жынаятларды ҳәўиж алдырып, пуқаралар парахатшылығын бузып, халық арасында даў шығарыўға ҳәрекет қылып атыр. Бундай кимселерге қарата Аллаҳ таала Қураны кәриймде хитаб қылып сондай дейди: “…Аллаҳтиң ырысқынан жеп-ишиңиз, Жер жүзинде бузғыншылық қылмаң!”. (Бақара сүреси, 60-аят).
Диний мутаассиблик еки көринисте болады. Бириншиси, басқа динлерге қарата мутаассиблик. Екиншиси, динде мутаассиб ҳәрекет қылыў болып табылады.
Диндеги мутаассиблик — күпир ҳәм ширк, негизсиз такфир, нахақ қан төгиўдиң себеби болып табылады. Мутаассибтиң иси болса илаҳий тәлиймат бир шетте қалып жеке тар түсиниклер ушын гүресиў, сол жолда өзине қарсы шыққанларды көрлик пенен душпан деп билиў, бул жолда диний уранлардан пайдаланыў ҳәм тийкарынан болса илаҳий динга емес, бәлким жеке пикирлерге басқаларды күш пенен мәжбүрлеў болып табылады.
Ҳәр қыйлы исенимлерге инаныўшы шахс ағыслар биринши нәубетте келешегимиз болған жасларға көз тыгыўлары бийкарға емес. Бүгинги жаслар ертанги күнимизни, раўажланыўын белгилеп беретуғын күш болып табылады.
Динимизде тәрбияға бөлек орын берилиўи бийкарға емес. Пайғамбарымыз саллаллоҳу алайҳи ўа саллам: «Ҳеш бир әке өз перзентине жақсы тәрбия ҳәм гөззал әдептен уллылаў сый бере алмас», деп марҳамат еткен. Перзентлеримиздиң актив, патриот жасларға айланыўы көп тәрептен ата-анаға байланыслы. Халқымыздың “Қус уясында көргенин қылады” нақылы бийкарға айтылмаған. Буған байланыслы текғана ата-ана бәлким мәҳелле, оқыў сарайлары, жәмиетлик шөлкемлери шериклигинде жумыс апарыўлары дәркар.
Диний ҳәр қыйлы ақыйдаларға исениў аҳмақлығынан өзин асыраў ҳәр бир мусылман инсанның миннети болып табылады.
Муҳаммад ибн Аҳмад Ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты талабасы Байымбетов Аллаяр