Турмысымызда көп мәрте фобия сөзине дус келемиз. Фобия (phobia) негизи сөзликте «Бир нәрседен қорқыў» деген мәнини аңлатады. Фобияның түрлери көп, мәселен: гидрофобия – суўдан қорқыў, аэрофобия – самолёттан қорқыў, спайдерфобия – өрмекшиден қорқыў…
Бирақ, мине бир неше жыллардан берли, фобиялар қатарында Исламофобия да тез-тез тилге алынбақта. Егер Ислам сөзиниң түп мәнисине нәзер салсақ, оның негизи «Тынышлық» деген аңлатыўын билемиз. Демек, Ислам тийкары тынышлық екен, онда Исламофобия – «Тынышлықтан қорқыў» бола ма?! Инсанлар әсирлер даўамында дүнья бесигин өзиниң ийгиликли пикирлери менен шайқап келген ҳақ диннен қорқып, оннан жүз бурады ма?! Не себепли дәслеп Европада, әсте-ақырын Азия жаслары арасында бул түсиник ен жаймақта? Буның себебин билиўди қәлесек, ҳәзирги күнде мусылманлар жасаўшы аймақларда жүз берип атырған ҳәдийселер, яғный жүз берип атырған урыслар менен терең танысыўымыз лазым.
Ўақыялықларға терең нәзер таслайтуғын болсақ, тийкарғы айыпдар етип, мусылманлар көрсетилгенлигине гүўа боламыз. Бирақ, урыслар нәтийжесинде жәбир көрген, набыт болғанлар да мусылманлар екенлигин ким қалай түсиндирип бере алады?
Негизинде Ислам тынышлық ҳәм аманлық дини. Исламның муқаддес дереклери есапланған – Қураны кәрийм ҳәм ҳәдиси шәрийфлерде көп мәрте инсанлар жер жүзинде бузғыншылық қылмай, өз-ара татыў жасаўлары кереклиги атап өтилген. Атап айтқанда, Бақара сүресиниң 60-аятында былай делинеди:
Еслең, (ҳәй Исрайыл әўлады!) Муўса өз қәўими ушын суў сорағанда, «Ҳасаң менен тасты ур!» дедик. Кейин, оннан он еки булақ атылып шықты. (Он еки қәўимнен) ҳәр бир қәўим өзиниң суўын билип (бөлип) алды. (Биз:) «Аллаҳ берген ырысқыдан жеп-ишиң, Жер бетинде бузғыншылық қылмаң!»– дедик.
Исламда тынышлық – инсан қәлбиниң тынышлығынан басланады. Бенде өз Пәрўардигары, жаратылыс ҳәм ақырет ҳаққындағы сап ҳәм дурыс Ислам итиқады менен ғана қәлб тынышлығына ерисе алады. Кейин бул тынышлық шаңараққа, соң қоңсы-қобалар арасына, журт арасына көшип, ақыры Ислам көзлеген тынышлықта пүткил дүнья тынышлығына ерисиледи.
Диний мотивтеги жынаятшылықтың көбейиўи тек мусылманларға емес, бәлки пүткил Европадағы қәўипсизлик ҳәм турақлылыққа өз унамсыз тәсирин көрсетеди. Исламофобияның өсиўи – Европа жәмийетлик турмысының барлық тараўларында, сол қатары, исбилерменлик, билимлендириў ҳ.т.б тармақларда анық көринбекте.
Исламофобия – түсиниги, яғный Ислам дининен қорқыў, Ислам хаққында натуўры, унамсыз көзқарасқа ийе болыў мәнилерин аңлатады. Бүгинги глобалласыў кеңейип баратырған дәўирде ҳәр қандай идеаны кең тарқалыўында ғалаба хабар қуралларының орны үлкен болды. Интернет тармағында бундай унамсыз ҳалатларды бақлаў мүмкин. Базы жаўыз күшлер бул тармақта еле санасы толық қәлиплесип үлгермеген жасларды өз торына илип, жалған ўәделер берип, олардан өзлериниң жаман мақсетлери жолында пайдаланбақта. Бул болса, кең ғалаба халық арасында Ислам дининиң инсанпәрўарлық идеасын абырайсызландырыўға себеп болмақта. Усындай себеплерден айырымларын келтирип өтсек:
1. Ислам дини тек зулымлыққа шақырады деген пикирдиң пайда болыўы. Буған ислам дининиң тарийхы ҳәм тәлиматын жақсы билмей турып оны надурыс түсиндириў, оны бузып көрсетиў исламнан қорқыўға себеп болмақта. Соның ушын да, ислам дининиң түп мәнисин жақсы билмей турып, ҳәр қандай мәселелер айтыў яки түсиндириў мүмкин емес. Бундай ҳалатлар адамлар арасында ислам динине надурыс көзқарас пенен қараўға яки ҳәр қыйлы бузғыншы күшлердиң ислам атынан ис алып барыўға қолайлық жаратады. Бул болса, ислам динине унамсыз мүнәсибетлерди тағы да күшейиўине, яғный Исломофобияның өсиўине себеп болады.
2. Исламофобияның тағы бир көриниси мусылманлар ибадатханалары – мешитлерде қопарыўшылық ислериниң әмелге асырылыўы.
Европа мәмлекетлеринде мусылман адамлардың арзан исши сыпатында кирип келиўи мусылман мәмлекетлеринде ғалаба ҳәрекетлердиң өткерилиўи, Исламофобияның жүзеге келиўине себеп болмақта.
Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты талабасы Идрисов Абдулкабир