MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Қәлбеки салафийлерден абайлы болыӊ!

“Салаф” сөзи терминологияда – “алдын жасап өткенлер”, “әждадлар”, деген мәнилерди аӊлатады. Шәриятта болса, белгили бир дәўирде жасаған инсанлар жәмийетине айтылады. Яғный Пайғамбар алайҳиссалам заманында ҳәм оннан кейинги еки әсирде жасаған мусылманлар “салафи салиҳлар”, яғный “салиҳ әждадлар” деп аталған. Бул ҳаққында Пайғамбар алайҳиссалам өзиниӊ ҳәдиси шәрийфлериниӊ биринде:

Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Еӊ жақсы дәўир мениӊ дәўирим, соӊ олардан кейингиси, соӊ кейинги дәўир. Соӊ және сондай инсанлар келеди, олардыӊ гуўалығы антларынан, антлары болса, гуўалықларынан озып кетеди” деди. Имам Бухарый ҳәм Имам Муслим рәўияты.

Усы ҳәдиске шолыў жасап уламалар, Пайғамбар алайҳиссалам заманынан ҳәм оннан кейинги еки әсирде жасаған мусылманлар “салафи салиҳ” яғный “салиҳ әждадлар” деп тәрийп береди. Усы үш әсирден кейин жасағанларға бул атама берилмейди ҳәм қолланылмайды дейди.

Әҳли сүннә ўәл жәмәә алымлары салафи салиҳлардан кейин жасаған мусылманларды “халафлар” яғный “кейингилер” деп атаған. Халаф яғный кейинги жасаған алымлар терек өз тамырынан азықланғанындай халафларда салафи салиҳлардыӊ пикири ҳәм көз-қараслары менен қәлиплеседи.

Соӊғы жылларда “салафи салиҳларға ергесиўди” даўа қылып, өзлерине уран қылып шығып атырғанлар ақида ҳәм фиқҳий мәселерде дәслепки үш әсирге ергесиўин айтса да, олардыӊ тийкарғы идеялары 18-әсирдиӊ ортасында жасап өткен Муҳаммад ибн Абдулўәҳҳабтыӊ мүтәссип пикирлерине қурылған. Муҳаммад ибн Абдулўәҳҳабтыӊ пикирлери болса, Ислам дининиӊ биринши рет бөлиниўине себеп болған хаўарижлер ағымыныӊ пикир ҳәм көз-қараслары менен тойынған.

Бул ағым ағзалары диний мәселениӊ шешимин табыўда тек аятлар ҳәм ҳәдислерди толық келтирместен, шала айтып, оларға жүзеки жантасып, машқалаға жуўап тапқандай қылып көрсетеди өзлерин. Олардыӊ бул усылы халыққа аӊсат түсинилгендей болып, дурыстай болып көринеди. Олар усы жол арқалы да адамларды өз тәрепине қаратыўға, ағзаларын көбейтиўге урынады.

Ақыйда мәселелеринде де ҳǝдден зыят берилген салафийлер «ҳижрат етпегенлер кәпир» деген сɵзин адамлар ишинде кең тарқатқан ҳәм тарқатып жүрмекте. Олар бул түсиникти мәселе дәлил ҳәм ҳүжжет пенен түсинбеген ямаса түсинседе тǝн алмайтуғынлар болып табылады. Бузғыншыға қаратылған, ирткиши, бузғыншы топар ҳәм ағым ўәкиллери тәрепинен кәпир журтында турыў күфир болып табылады, ҳижрат қылыў парыз болып табылады деген пикир уқтырылған. Бирақ қайсы дәлил буны талап етиўин ҳәм ең әҳмийетлиси, ҳижратты қай жерге етиўин баяны келмеген.

Ҳәким ибн Муъаўиядан, ол өз атасынан рәўият еткен ҳәдислеринде Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: «Мусылманның барлығы мусылманға ҳарам болып табылады. Олар еки бир-бирине жәрдемши бирадар. Аллаҳ таала мүшриктен, мусылман болғанынан кейин сол мүшриклерди тәрк етип мусылманларға келмегенше, әмелди қабыл етпейди», деди». Насаий ҳәм Ибн Ҳиббон рәўият еткен.

Әҳли сүнна ўәл жәмәәт раддиясы: Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи уасаллам: «Фатҳтан кейин ҳижрат жоқ», деди». Имам Бухарий ҳәм Муслим рәўият еткен.

Алымлар бул ҳәдис улыўма ҳәм өзинен алдын келген ҳижратқа дәрек етиўшилерди насиҳ етиўши болып табылады, дейди. Соның менен бирге, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мусылман болған арабларды өзлери тәрепине ҳижрат етиўге буйырмаған ҳәм өз журтларында турыўын бийкар етпеген». Бул, такфиршылардың сɵзине күшли раддия болады.

Әлбетте, ҳижратқа тийисли дәлиллер тек жоқарыда баян етилгенлерден ибарат емес. Бул мәселе бойынша олардың ҳәммесин үйренип шыққан уламалар төмендеги ҳүкимди баянлаған.

Журтымызда бүгинги күнде мусылман халқымыз ушын мешитлердиң хызмет етип турғанлығы, журтымыздағы ул ҳәм қызлар ушын орта-арнаўлы ислам билим журтлары, мәмлекетимизде қурылып атырған ислам мәденият ҳәм руўхыйлық орайлары, журтымыз бойлап барлық орынларда диний ибадатлар емин-еркин орынланып атырғанлығы, исеним еркинлигиниң инсанды қуўандыратуғын дәрежеде кең тәмийинленгенлиги. Бузғыншылыққа қаратылған топар ҳәм ағым ўәкиллериниң ғǝрезли идеялары тийкарсыз екенлигин көрсетеди.

Алымлар айтады: Солай, екен, тийкарынан мусылман болған еллерде намазын оқып, оразасын тутып, басқа өзине фарзи айн болған ҳүкимлерге әмел етип жүрген мусылманларды «Ҳижрат етпесең, кәпир боласаң!» деў қәте болып табылады, деген.

Жоқарыда келтирилген мағлыўматлардан ҳәм дәлийллерден жуўмақ шығарып, жасларымыз ҳәмде халқымыздыӊ арасында усындай қәлбеки салафийлик ағымына исенип жүргенлер болса, бул надурыс жолынан қайтып, Аллаҳ таала өзиниӊ ҳидаят жолына баслаўын сорап қаламыз.

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты директоры Ж.Абдиразаков