Бүгин, билим журты спорт майданында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде өткерилетуғын «Медресе кубогы»на арналған спорттың «Киши футбол» түрине старт берилди.
Бул жарыс хызметкерлер ушын әжайып спорт ис-илажына айланды, буған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының социаллық ҳәм диний шөлкемлер бойынша орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов ҳәмде билим журты директоры Ж.Абдиразаковлар қатнасып, жарыс қатнасыўшыларына әўметлер тиледи.
Бул жарысқа Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қәнигелери топары бир команда, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы жанындағы қәнигелик арттырыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалына қәнигелигин арттырыў ушын Хорезм ўәлаяты ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы аймағынан келген имам-хатиб ҳәм имам-найыблары топарынан еки команда, билим журты оқытыўшылары топары бир команда ҳәм хызметкерлер топарынан бир командаларынан ибарат болып улыўма бес команда бүгинги жарысқа қатнасты.
Командалар жәмлеген жарыс қызғын беллесиўлерге бай тәризде болып өтти. Киши футбол жарысы усы күнниң өзинде жуўмақланды ҳәм жарыс соңында жеңимпазларға дәрежелестирилген диплом саўғалар берилди.
Бүгинги жарыста жеңимпаз болған командаға билим журты кубогы ҳәм 1-дәрежели диплом сондай-ақ, жарыстың екинши, үшинши орын алған командаларына 2-3 дәрежели диплом ҳәм саўғаларды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының социаллық ҳәм диний шөлкемлер бойынша орынбасары Р.Нуразизов тәрепинен тапсырылды.
Соның менен бир қатарда командалар ишинде ойын ўақтында өзлериниң шеберлиги менен белсенди қатнасқан ойыншыларға ең жақсы дарўазашы, ең жақсы қорғаўшы, ең жақсы ярым қорғаўшы, ең жақсы ҳүжимши ҳәм ең жақсы ойыншы номинациалар белгиленип билим журты директоры Ж.Абдиразаков тәрепинен ҳүрмет жарлықлар ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.
Соңынан барлық жарыс қатнасыўшыларына алдағы жумысларында табыслар тилеп жарысты жуўмақлады.
Билим журты баспасөз хызмети