MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Исламда саўда ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша ушырасыў болды.

2024-жыл 25-апрель күни Өзбекстан халықаралық ислам академиясының Ислам энциклопедиясы бөлим баслығы, экономика илимлериниң докторы, академик Н.Тухлиев, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы “Ислам экономика ҳәм финансы, зиярат туризими” кафедрасы профессоры, экономика илимлериниң докторы Р.Абдуллаевлар менен ушырасыў кешеси болып өтти.
Ушырасыўға Өзбекстан халықаралық ислам академиясы жанындағы қәнигелик арттырыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалына қәнигелигин арттырыў ушын Хорезм ўәлаяты ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы аймағынан келген имам-хатиб ҳәм имам-найыблар, билим журты педагог-оқытыўшылар ҳәмде талабалар қатнасты.
Бул ушырасыў кешесин Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты директоры Ж.Абдиразаков алып барды.

Бүгинги ушырасыўдағы мийманымыз Н.Тухлиев өз баянатында исламда саўда сатықты, республикамызда исбилермеклик пенен ишки туризмди белгили зияратлаў орынларында саяхатлар шөлкемлестириў, ишки туризмди раўажландырып адамлар руўхый мәдений деп алып жасаў кереклигинде айтып өтти.
Р.Абдуллаевта өз гезегинде Ислам дининде саўданың әҳмийети ҳәм тутқан орны оғада үлкен болады. Төмендеги тарыйхый бөлим буның айқын көриниси. Расулуллоҳ (с.а.ў) Мадинаи Мунаўўараға зыярат қылып барғанында дәслеп мешит қурдырған болса, екинши жумысы ол жерде мусылманлар ушын саўда орайлары базар шөлкемлестириў болды. Бул ўакыя ислам тарыйхында атақлы болып табылады. Соны нәзерде тутқан ҳалда айтыўымыз мүмкин, исламда хадал саўда менен шуғылланыў әҳмийетли әмеллериниң бири екенлигинде ескертти.
Ушрасыў соңында бүгинги мийманлар билим журты жәмәәтине китаплар саўға етти.
Иләжда қатнасыўшылар өзлерине қызықтырған сораўларын берип тийисли жуўаплар менен жуўмақланды.

Билим журты баспасөз хызмети