Мәзҳабсызлық — бул ҳалық арасына алаўызлық салыў ушын қәлиплестирилген бузғыншы идеалогия болып табылады. Олардың нийети ҳәмме жерде фитна шығарып, өзлери қәлегендей дүнья еллериндеги тынышлықты жоқ қылыў ҳәм буның арқасынан өзлериниң жаўыз нийетлерин әмелге асырыў болып есапланады. Ашынарлысы, бул фитналарға билип-билместен қосылып қалып атырғанлар бар. Журт тынышлығын жоқ қылыў ушын фитна қозғаў кеширилмес гүна екенин ҳәмме билип алыўы керек.
Бақара сүрсеи 191-аятында: «Фитна (алаўызлық) өлтириўден де жаманырақ». Ал, Бақара сүреси 217-аятында болса: «Фитна (алаўызлық адам) өлтириўден де үлкенирек (гүна)», делинген.
Заманымыз алымларынан бири марҳум Әлий Сабуний раҳимаҳуллаҳ бул аятты өзиниң «Тәфсирул ўазиҳ әл-муяссар» китабында төмендегише тәфсир қылған: «Мусылманды дининде фитнаға салыў (тынышлығын бузыў) Аллаҳтың алдында адам өлтириўден де үлкенирек». Демек, фитна шығарыў, елдиң тынышлығына иритки салыў Аллаҳ тааланың алдында адам өлтириўден де көре үлкенирек гүна екен.
Фитна ўақтында мусылман адам не қылыў керек? Буны төмендеги ҳәдистен билип аламыз:
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу рәўият қылған ҳәдисте бундай делинген: “Келешекте фитналар болады. Ол фитналар келгене, отырған адам турған адамнан жақсы, турған адам жүрген адамнан жақсы, жүрген адам (фитнаға қарап) жүгирген адам жақсы. Ким фитнаға қызығып, оған ҳәрекет етсе, (фитна) оны өзине тартып алып набыт қылады. Ким оннан қашып қутылатуғын жер таўса, сол жерден пана тапсын (фитнаға араласпасын)” (Имам Бухарий ҳәм Имам Муслим рәўияты).
Демек, фитналар болып турған ўақытта мусылман адам әмел етиўи керек болған Ислам әдеплери ҳәдисте келгениндей төмендегилер екен.
* Қуран ҳәм сүннетке ериў, екеўин беккем услаў;
* Аллаҳ тааладан фитна ҳәм оған жақынластыратуғын ҳәр бир нәрседен узақ қылыўын, алааўызлық, келиспеўшилик, жеңилтеклик ҳәм дин ақыйдаларына кери ис яки бузық жоллардан сақлаўын сорап дуўа қылыў;
* уламалар етегинен услап, олардың илимлеринен пайда алып, өткен солиҳ адамлардың жолларын услаў;
* жумсақлық, асықпаў, кемтар ҳәм мләйым болыў, ғәзеп ҳәм ҳаўлықпадан сақланыў.
Усы көрсетпелерге әмел етсек, фитна ўақтында ҳақыйқый мусылманнынң исин қылған боламыз. Егер ҳәмме усы көрсетпелерге әмел етсе, шыққан фитна аз ўақытта өз-өзинен жоқ болып кетеди.
Ҳәр бир өзин ҳүрмет қылған халық бүгинги күнин ойлаўы менен бирге келешеги ҳаққында да қайғырады. Ал, бизиң келешегимиз жаслар. Егер бизден перзентлерге абат журт мийрас қалыўын қәлесек, жасларымызға, олардың тәрбиясына бийпәрўа болмаўымыз керек. Себеби, ҳәзир бир халықты өзине қул қылмақшы болғанлар урыс қылмайды, ал сол халық әмел етип келген мың жыллық қәдириятлар ҳәм әҳмийетли тийкарларды жоқ қылыўға ҳәрекет етеди. Жаслардың ўатанға болған муҳаббат, динине ҳүрмет ҳәм шаңарақ муқаддеслиги ҳаққындағы түсиниклерине зыян жеткериў ҳәрекетинде болады. Бул жолда олар қолында бар ҳәмме имканиятлардан пайдаланады. Интернет, музыка, миссионерлик, кино ҳәм ҳәттеки мультфильмлер де олардың қолында қуралға айланады, биз сезбеген ҳалда шаңарағымызға да суғылып киреди. Бул мәселеде әкелердиң мойнында үлкен жуўапкершилик бар.
Айюб ибн Муўса разыяллаҳу анҳу әкесинен, ол да әкесинен рәўият қылады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: “Әке перзентине шырайлы әдептен көре жақсырақ саўға (мал-дәўлет) бере алмайды” (Имам Термизий рәўияты).
Перзентлеримиз тәрбиясын “бир гәп болар”, деп өз ҳалына таслап қоя алмаймыз. Оларға үзликсиз рәўиште, түрли әдеплер, жақсы-жаман, саўап-гүна, ҳадал-ҳарам, расгөйлик ҳәм пәклик, ўатанға садықлықты үйретип барыўымыз керек. Ал, үйретиў ушын алдын өзимиз қолымызға китап алып, оқыўымыз, әдеп үйрениўимиз керек. Балаларға әдепти әмелде көрсетип бериўимиз керек болады. Әне сонда әкелик ўазыйпасын орынлаған боламыз.
«Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний» атындағы орта арнаўлы ислам билимлендириў мәкемеси оқытыўшысы Низаматдинов Есенгелди.