MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

САЛАФИЙЛЕРДИҢ АЛЛАҲТЫ АСПАНДА ДЕП ДАЎАГЕРЛИК ҚЫЛЫЎДАҒЫ ПИКИРЛЕРИНИҢ САЙЫЗЛЫҒЫ

Ҳәзирги күнде муқаддес динимиз тиреги есапланған, ийман-итиқад мәселелерин өзинде жәмлеген ақида илиминде тилге алынатуғын айрым нәзик мәселелерди халықтың арасына алып шығып, адамлар арасында түсинбеўшилик келтирип шығарыўға урынып атырған кимселер баршылық. Оларды базылар таныса базылар таный бермейди. Олардың бул қылмысының артында әлбетте халық арасында алаўызлық келтирип шығарыў арқалы айрым жаман нийетлерин әмелге асырыў жатырыпты десек асыра айтқан болмаймыз. Сондай халқ арасына иритки салып, халықтың арасында түсинбеўшилик пайда қылыўға урынып атырғанлардың бири Садық Самарқандий есапланады. Оның видеолары тиккелей халықты жолдан азғырыўға, итиқадда адасыўға бағдарланған. Бул адамның «Аллаҳ аспанда» екенин дәлиллеўге келтирген айрым пикирлериниң жүдә сайыз екенин бир көрип шығамыз.

«Сизлер алдын Аллаҳты махлуқатларға уқсатып, кейин оны мәканда емес дейсизлер» деген айыплаўды оғада көп еситетуғын едим. Бирақ бул айыплаўдың мағанасын да, дерегин де таба алмайтуғын едим. Бүгин соны таптым. Садық Самарқандийдиң ақидаға тийисли видео сәўбетин көрип төмендеги пикирлерди билдириўге шешим қылдым:

1). Сәўбетте Садық Самарқандий «фис-сәмәә», яғный «аспанда» сөзин «жоқарыда» деген мәнини билдиреди, деди.

«Жоқарыда» сөзи, алты тәреп (алды, арт, шеп, оң, жоқары, төмен)тиң бири болып, оның кериси «төмен» болады. Бунда, яғный «Аллаҳ жоқарыда» деп айтыўда, «Аллаҳ ушын тәреп бар» деў болып қалады. Яғный, егер Аллаҳ жоқарыда болса, биз Аллаҳтың төменинде боламыз, деген бузық ақидаға барыў мүмкин. Соның ушын уламалар еки түрли жол тутқан:

Бириншиси, Аллаҳ төменги тәрепсиз жоқарыда, яғный махлуқатлар Аллаҳтың төменинде емес, тек Аллаҳ махлуқатлардан ажыраған Жоқары зат, деген сөзлерди айтқан.

Екиншиси, Аллаҳқа «жоқарыда» демей туўрыдан туўры Аллаҳ Жоқары зат деп Оны қайсы бир тәрепте деп айтпаған. Садық Самарқандийдиң видео сәўбетиндеги «Аллаҳ жоқарыда» дегенде «биз Аллаҳтың төмениндемиз» деген мәни түсинилсе, бул адасыў болады. «Жоқарыда» сөзин «уллы» деп түсинсе, түсиндирме бермегенинше басқаларды адастырып қойыў итималы бар. Ең дурысы әҳли суннаның Аллаҳ тәрепсиз, махлуқатлардан жоқары Зат деген ақидасы. Және, видеода келтирилген сәўбетте Имам Жуўайний раҳимаҳуллаҳтың сөзинде Аллаҳты қандай да бир нәрсеге уқсатыў ҳақкында гәп жоқ еди.

Усы жерде Садық Самарқандий билип ямаса билмей, ащъарийлерге дөҳмет қылып атыр ҳәм усы дөҳмети менен әҳли сунна ақидасын бузық деп атыр.

2). Видеода «биз Аллаҳ таала ҳаққында Өзи қандай хабар берген болса ҳәм Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қандай хабар берген болса сондай ийман келтиремиз» жеп турып оған «Аллаҳ аспанда дегени Аллаҳ жоқарыда дегени, бул фитрат» деген дәлилди келтирип атыр.

Әҳли сунна ўәл жәмәә ақиданы исбат қылыўда мутәўәтир хабарларды ғана қабыл қылады, илҳам ҳәм фитраттан ҳүжжет ретинде пайдаланбайды. Себеби оның ўасўаса болыў итималы бар.

Ал, видеода фитрат ҳәм илҳам менен, айырым жағдайларда болса әдет пенен Аллаҳтың жоқарыда екени дәлилленежақ.

3). Видеода Самарқандий «фис сәмә» дегени тек «жоқарыда» дегени екенин айтып атыр, буны «ҳеш ким Аллаҳ дегенде оң тәреп ямаса шеп тәрепти көрсетпейди», деп және ақиданы дәлиллеў ушын ақылды ислетип атыр. Ҳәттеки яҳудий ҳәм насранийлердиң пикирлери менен қоллап жиберейин деп атыр.

Бирақ аспан кеңислигинде «жоқары» ямаса «төмен» деген түсиник жоқ, бас тәреп, аяқ тәреп, алдынғы тәреп, артқы тәреп, оң тәреп, шеп тәреп бар екенин итибарға алып атырған жоқ. Сонда Аллаҳ қайсы тәрепте? Қайсы тәреп жоқары? Бас тәреппе, аяқ тәреппе? Оң тәреппе, шеп тәреппе?

Видеода «Аллаҳ махлуқатлардан уллы» деген саламат ақида турған бир гезде, «уллы» сөзиниң орнына «жоқары» сөзин ислетиў ушын фитрат, илҳам хәм ақылдан надурыс пайдаланып, Аллаҳқа тәрепти берип атыр.

Бирақ видеода нақлдан «фис-сәмә» жоқары тәреп екени ҳаққында мыңнан көп дәлил бар екенин даўа қылынса да, бирде бир дәлил келтирип атырған жоқ.

Жуўмақлап айтқандай муқаддес динимиз саплығын асырап-абайлаўға мәмлекетимиз тәрепинен жүдә хайырлы ислер әмелге асырылып атырғанда халқымыздың бундай кимселердиң жумсақ сөйлеп, жақсы сөзлерди айтып атырғанына алданыўымыз аянышлы жағдай. Бундай аянышлы жағдайдан шығыўымыз ушын, әлбетте ата-бабаларымыз әсирлер даўамында әмел етип келген әҳлис сунна ўәл жәмәә, матуридий жөнелисин жақсылап үйрениўимиз, ата-бабаларымыз мәнәўий ҳәм мәдений мийрасларын асырап-абайлаўымыз, олардың мәдений мийрасларын пүткил мусылман үмметине жеткериўимиз лазым болады.Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Баҳрамаддин Разов.