MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Көзимиздиң қуўанышы бул – салиҳа ҳаял

Аллаҳ таала Қураны кәриймде: «Олар Рәббимиз, Өзиң бизлерге ҳаялларымыздан ҳәм зүрядларымыздан көзимиз қуўанышын бер ҳәм бизлерди тақўалыларға жолбасшы қыл!» — дейтуғынлар. 

Фурқан сүресиндеги бул аяты кәриймада Аллаҳ таалаға сүйикли бенделердиң ең шырайлы сыпатларынан бири зикир қылынған. Яғный, бул дуўа Раҳман сыпатлы Аллаҳ таалаға сүйкимли бенделердиң қылатуғын дуўаларынан.

«Рәббимиз, Өзиң бизлерге ҳаялларымыздан ҳәм зүрядларымыздан көзимиз қуўанышын бер…». Яғный, ҳаялларымыз бизлер ушын дүнья ҳәм ақыретте бахыт-саадат алып келсин. Себеби, жақсы ҳаял күйеўиниң дүнья ҳәм ақыретлик ислеринде де, көмекши болады. Дүньяда ушырасатуғын қыйыншылықларға дус келгенде оларды жеңип өтиў ушын зайыбына сабыр-тақат тилейди, оның кеўлин көтерип оған жәрдемши ҳәм сүйениш болады. Күйеўи жумыстан шаршап келгенинде, ашық жүз бенен күтип алады, дем алыўы ушын орын таярлайды, үй-ишин тазалап, азада тутады. Қолынан келгенинше күйеўиниң кеўлин алыўға ҳәрекет қылады. Сондай сыпатларға ийе болған ҳаял еркек ушын Аллаҳ тааланың берген үлкен неъмати. Өйткени, бир еркек ушын салиҳа жубайдан, ҳалалынан көре жақсы неъмат жоқлығы ҳәдиси шәрийфте айтылған.

Ҳаким Термизий өзиниң «Наўадирул усул фий аҳадийсир росул» атлы мийнетинде қандай ҳаял жақсы екенлиги ҳаққында бөлек бап ажратып, дәлийл сыпатында төмендеги ҳәдиси шәрийфти келтиреди: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Бендеге дүньяда берилген неъматлар ишиндеги ең жақсысы оның ийманын беккемлеўге көмеклесетуғын мөмина ҳаял», деди.   

Дурыс, инсан баласы ушын Аллаҳ таала бул дүньяда қаншадан-қанша неъматларди берген. Әлбетте, бенде усы берилген неъматларға шүкир қылыўы керек. Ҳәдиси шәрийфте болса, дүнъяда берилген неъматлардың ең жақсысы күйеўиниң ийманын беккемлеп, оның ийман нурының зыяда болыўына көмеклесетуғын мөмина, салиҳа ҳаял зикир қылынып атыр. Демек, салиҳа, мөмина ҳаял бир еркекке бул дүньяда берилген Аллаҳ тааланың жақсылығы екен.

Луқманы Ҳәкийм айтады: «Салиҳа ҳаял патшаның басындағы тажға ал жаман ҳаял қартайған ғаррының үстине артылған жүкке уқсайды» деген.

Аллаҳ таала бәршелеримизге көзимиздиң қуўанышы болып, бизлерге бахыт-саадат бағышлайтуғын ҳаяллар ҳәм перзентлерди несип етсин!

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы Ҳайтмурат Ережепов