Ислам таўҳид, яғный жалғыз Аллаҳ таалаға ибадат қылыўға шақырўшы дин болыўы менен бирге мусылманларды мудамы бирликке шақырады. Динде ҳәдден асыў, мейли ол ибадат мәселесинде болсын, ямаса өзгелер менен мәмиле қылыў мәселесинде болсын қайтарылған. Буның тийкарғы себеплериниң бири, бул нәрсе келиспеўшиликке, топарларға бөлиниўге алып келеди.
Динде ҳәдден асыўдың буннан тысқары және бир қанша жаман ақыбетлери бар. Дәслеп, бул ақыйданың бузылыўына алып келеди. Тарыйхта пайда болған Раўафиз, Хаўариж ҳәм басқа топарлардың жүзеге келиўи тийкарынан динде ҳәдден асыўының ақыбети болып табылады. Рофизийлар Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан кейин халифалыққа ҳақылы адам сыпатында Әли разияаллаҳу анҳу ҳәм оның әўладларынан басқа ҳеш кимди тән алмайды. Олар Абу Бакр ҳәм Умар ибн Хаттоб разияаллаҳу анҳумларды халифалықты Әли разияаллаҳу анҳудан күш ислетип тартып алғанлықта айыплайды.
Раўафиз – сөзликте инкар етиў, тән алмаў деген мәнилерди билдиреди. Ҳәттеки олардың айрым топарлары Әли разияаллаҳу анҳуды Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан да жоқары қояды. Мине сол себепли олар әҳли сунна ўәл жәмәәттен шықты.
Хаўарижлар болса, керисинше, Әли разияаллаҳу анҳуды кәпирге шығарды. Нәтийжеде оған қарсы қурал көтерип, қанын төгиўди ҳадал санады.
Кейинрек, Мўътазилалар топары шығып, Аллаҳ таала ҳаққында ҳәдден асып, оның сыпатларын инкар етти. Сондай-ақ, Хаўариж ҳәм Мўътазилалар әмру маъруф (жақсылыққа шақырыў) ҳәм наҳий мункар (жаманлықтан қайтарыў) мәселесинде де ҳәдден асып, мусылманлардың имамына қарсы шығыўға жол ашып берди. Негизинде динимиздиң тәлийматларында мусылманларды басшыларға қарсы шығыўдан қайтарылған. Динимиз әзелден иртки, бузғыншылыққа қарсы гүрескен дин болып есапланады. Аллаҳ таала мусылманларды топарларға бөлиниўден қайтарып, оларды мудамы әдиллик ҳәм туўрылық жолында бирлесиўге шақырады. Аяты кәрималардың биринде «Ҳәммеңиз Аллаҳтың арқанын беккем услаң ҳәм бөлинип кетпең…» делинген. (Әли Имран сүреси, 103-аят).
Гүўасы болғанымыздай, өз-ара келиспеўшилик, ҳәр түрли ағым ҳәм топарларға бөлиниў қайсы халықтың арасында болса сол халықтың әззилеп қүшсизлениўине алып келеди екен.
Бизлер ғәрезсиз журтымызды ҳәр түрли жат идея ҳәм жаўыз күшлерден асыраўымыз ушын ҳәммемиз бирлесиўимиз керек. Бул ҳәзиргидей заман тез пәт пенен раўажланып, сырттан бизиң тынышлығымызды көре алмайтуғын жаўыз нийетли кимселердиң ҳәр түрли иркилери күшейген дәўирде суў ҳәм ҳаўадай зәрүр.