MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Перзент тәрбиясы

Перзент баслы тәрбияны ең алды менен шаңарақтан алады. Жақсы тилек пенен нийеттиң орынланыўына шараят жарататуғын – ата- ана. Елдиң келешеги әдеп-икрамлы жас әўладтың қолында. Әлбетте, ата-ана баласын жаман болсын деп емес, жәмийетке пайдалы «адам» болсын деп тәрбиялайды.  Бирақ, базы бир ата-аналар жумыстың көплиги менен ўақыттың жоқлығын сылтаўлап 30 минут баланың тәрбия иси менен айланысыўға еринеди. Усындай ҳалатларда үлкен қәте-кемшилик пайда болады. Күнине 24 саат баланың жанында отырыў шәрт емес, оны жақсы көретуғын, баҳалайтуғын, ҳүрметлейтуғын, пикирлесетуғын, ол ушын өмирдеги ең зәрүр адамлардың бири болыўыңыз лазым.

Жаңа ашылған гүлдиң күнниң көзин көриўге умтылатуғыны сыяқлы, бала да өзин сүйетуғын, зәрүр деп баҳалайтуғын адамға умтылады. Ядта сақлаң, үйде досты жоқ баланың дүзде жанашыры болады. Ал, ол жаны ашыйтуғынның ким екени, баланың келешегине, тәрбиясына қалай тәсир ететуғыны белгисиз…

Атааналар өзиниң алдына мақсет қойып, оның жүзеге шығыўына итибар беретуғын болса, әўладының тәрбиялы әдеп-икрамлы, билимли болып өсиўине жол ашады.

Баланың  раўажланыўындағы ең мазалы пайыты – оның өмириниң әўелги он жыллығы. Педагог, психологлардың айтыўынша, баланың интеллектуаллық қәбилетиниң сексен проценти әўелги жети-сегиз жылда ашылып, жетилиседи екен.

Сондай-ақ, инсаныйлық тулғасының жан-жақлама ҳәм үйлесимли қәлиплесиўи де усы  дәўирде болады. Қандайда бир жемистиң пискенлиги, пишининиң қандай болатуғынын оның биринши пайытында-ақ байқаўға болады. Бала да сол сыяқлы. Бул жаста ол өзиниң талабы менен сезимлерин жылаў менен күлиў арқалы ғана билдиреди.

Баланы тәрбиялаў мақсетинде оны ҳеш қашан өзге биреў менен салыстырмаң. Яки болмаса «биз ўақтында усылай қылғанбыз» деген сын «миннет» сөзлерди пайдаланбаң. Бул ой өриси енди ғана раўажланып киятырған баланың алдына қойған мақсетлерине жетиўине тосық болады. Ҳәттеки, «бул мениң қолымнан келмейди» деген ой пайда болып ойлаған исин сол қәлпинде таслап қойыўға алып келеди.

Шаңарақта бир тәрбиялаўшы қатал болған жағдайда, әлбетте, екинши биреў жумсақлық көрсетиўи керек. Бул баланың психологиялық раўажланыўына, тиккелей тәсир етеди. Ата-ананың сөзи қатал еситилиўи мүмкин, бирақ даўысын қатты көтерип сөйлейтуғын турпайы болмаўы керек. Егер сиз балаңызға деген жыллы ықласыңызды мудамы билдирип, тек керек ўақтында ғана тәрбияға шақырыў мақсетинде урысатуғын болсаңыз, онда бул сизиң тәрбияңыз барысында, әлбетте, жемисин береди. 

Балаңыз ушын керек ўақытта зәрүр ақылласатуғын, оның қәдемлерин айыпламайтуғын ең жақын достына айланың.

Балаға өмирдеги өз позицияларына турақлы, беккем болыўды үйретиң. Бундай қәсийетти бойына сиңдирген бала екилениў менен жалған сөйлеўден де аўлақ болып жетилиседи.

Бала менен дос сыяқлы сырласа билиң. Әңгимелесиў барысында ҳәр дайым оның көзине қарап, итибар берип тыңлаң. Себеби, бала сол ўақытта ғана оның ишки жан дүньясындағы алаңлатқан мәселелерге сизиң әпиўайы қарамайтуғыныңызға исеними артады.

 Балаға оның бүгинге дейин қылған қәте-кемшиликлерин қайта-қайта айтыў арқалы бетине баспаң. Өткен исти өтмиште қалдырыўды үйрениң.

Баланың бойында ең тийкарғы үш қәсийетти, шешим қабыл етиў, ҳүрмет ҳәм жуўапкершиликти қәлиплестириўге жуўапкер екениңизди естен шығармаң. Мудамы еңсесин тик услайтуғын, қоршаған орталыққа ҳүрмет пенен қарайтуғын, өз қәдемлери ушын жуўап бере алатуғын адамлардың көп жағдайларда табысқа жететуғынын умытпаң.

Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний

орта арнаўлы ислам билим журты

оқытыўшысы Баҳадыр Абдираманов