MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Оразаның пайдасы

Балағат жасына толған, ақыл-еси пүтин ҳәр бир мусылман ер ҳәм ҳаялға Рамазан айында ораза тутыў – парыз есапланады. Рамазан – барлық мусылман ушын қасийетли берекетли ай. Адамды жаман ойлар менен жаман ҳәрекетлерден тыятуғын ораза да усы айда тутылады. Мың айдан да қайырлы Қәдир түнин де ҳәмме Рамазан айында күтеди.

Рамазан – таң атқаннан күн батқанға дейин тек жеп-ишиўден ғана емес, гүна ислерден, жаманлықтан тыйылыў айы. Негизинде, күни бойы аш жүрип ораза тутыў қыйын емес. Ең қыйыны он еки мүшемизге ораза тутыў. Ҳәдис шәрийфте: «Кимде-ким жаман сөзи менен жаман ис-ҳәрекеттен тыйылмаса, оның аўқат жеўден ҳәм суў ишиўден тыйылғаны Аллаҳ таалаға ҳеш бир кереги жоқ», деген. Демек, дене ағзаларымызды кери ис-ҳәрекеттен аўлақ услаў – ораза талапларының бири.

Оразаның адам баласына беретуғын пайдасы жүдә зор. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай дейди: «Кимде-ким исеним менен, саўабын Аллаҳ тааладан үмит етип, Рамазан оразасын тутса, өткен гүналары кешириледи».

Ең алды менен, отыз күн ораза адамның минез-хулқын дүзейди. Рамазан айындағы ораза көзди ҳарамға қараўдан, тилди өтирик пенен өсек-жалған айтыўдан, қулақты керексиз нәрселерди тыңлаўдан, асқазанды артықша жеп-ишиўден, қол менен аяқты жаман жерге барыўдан қорғайды. Ораза мудамы Аллаҳ тааланы есимизге салып турады, жуўапкершилик сезимин арттырады.

Ораза адамды мийрим-шәпәәтли болыўға, мүтәж инсанларға қол ушын созыўға үйретеди. Дәўлетли адам ораза тутса, ашлықтың не екенин түсинеди. Турмысы төмен кәмбағалдың қыйыншылығын әдеўир жақсы сезинеди, оларға мийирбаншылығы оянып, жәрдемлеседи. Аллаҳ таалаға көбирек шүкиршилик етиўди үйренеди.

Буннан бөлек, ораза тутыў адамның денсаўлығын жақсылайды. Денедеги ас сиңириў ағзалары оразаның арқасында тазарып, дем алады. Рамазаннан кейин жақсы жумыс ислейди. Алымлар оразаның денсаўлыққа жүдә  пайдалы екенин анықлаған.

Ораза адамды сабырлы болыўға үйретеди. Өзин ишип-жеўден бас тартыўға үйреткен адам өмиринде ушырасатуғын машқалалар менен қыйыншылықларға сабыр етип, төзимли болады. Қайғы-ҳәсиретке де шыдам бере алады. Аллаҳ таала бәршемизди ораза айы болған Рамазан айына жеткерип, бул айда Журтымызға, шаңарақларымызға қут-берекетлерин жаўдырсын.

Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний

орта арнаўлы ислам билим журты

оқытыўшысы Баҳадыр Абдираманов