27-март күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний атындағы ислам билим журтында ѳткерилген иләжға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының социаллық ҳәм диний шөлкемлер бойынша орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов, Билим журты директоры Ж.Абдиразаков ҳәмде педагог-оқытыўшылар менен талабалар қатнасты.
Бүгинги иләжди медресемиз мийманы Р.Нуразизов кирис сѳзи менен ашып берди ҳәмде билим журты жәмәәтин мүбәрек рамазан айы ҳәм киятырған ҳайт байрамы менен қутлықлады.
Жыйналыс даўамында Р.Нуразизов жақын күнлерде сырт еллерде болған ўақыяларды жаўыз нийеттеги инсанлар тәрепинен әмелге асырылғанын буннан бир қанша адамлар жәбир шеккенлиги сондай-ақ, бизиң елимизде де усындай ўақыяларды болдырмаў ҳәм алдын алыў мақсетинде, елимиздеги инсанларды ҳәм келешегимиз болған жасларды ҳәр қыйлы социаллық тармақлар арқалы өзлериниң бузғыншы жаўыз нийетлерин әмелге асырыў мақсетинде ҳәр қыйлы жоллар, қаржылар менен қызықтырып тартпаўы ушын ҳәр бир инсан өзине сақ болыўды, сақлықта қорлық жоқ екенин, жаман иллетлердиң қандай аянышлы ақыбетлерге алып келетуғынлығын басқада жақын инсанларына, досларына ескертиўи керек екенлигин атап ѳтти.