Жуўыныў өзиниң әҳмийети менен әдеп-икрамлылық қәсийетине ийе. Бул тазалықтың ҳәм азадалықтың гиреўи болыўы менен бирге әдеплиликтиң белгиси. Жуўыныў ҳәр бир мусылман адам ислеўи керек болған лазым ислерден. Мусылман адам өмири даўамында ҳәр күни жуўыныўға мүтәж болады. Себеби ҳәр бир мусылманға суў менен жуўыныў парыз есапланады.
Бул ҳәр қандай мусылманның ибадатының туўры болыўында ең әҳмийетли орында турады. Денемиздиң ҳәм руўхымыздың пәк болыўы әлбетте жуўыныў, таҳәрат алыў, санамызды пасық ойлардан аўлақ тутыў, кеўил гәўҳарымызды таза тутыўымыз бенен әмелге асырылады. Қураны кәриймниң тәўбе сүресинде «Аллаҳ пәклениўшилерди жақсы көреди» —делинген 108-аятында Аллаҳ таала пәкликти ҳәм пәк болып жүриўшилерди мақтап, оларды жақсы көриўин баян етпекте. Негизинде ҳәр қандай мусылман адамның пәкленип жүриўи ушын усы аяттың өзи жетерли. Себеби мусылман адамның бул дүньяда жасаўдан мақсети Аллаҳ тааланың ыразылығын таўып, Оған ибадат қылыў болып табылады. Аллаҳ таала жақсы көретуғын ислерди ислеў Оның ыразылығына алып барыўшы жоллардың бири есапланады.
Соныңдай-ақ ҳәдиси шәрийфлерде де пәк, таза жүриўге шақырылған. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Әлбетте, үмметим қыямат күни таҳәраттың изинен маңлайлары аппақ ҳәм аяқ-қолларынан нур таралып турған ҳалларында шақырылады. Солай екен, сизлерден ким өзиниң маңлайындағы белгини узайтырыўға қәдир болса, соны қылсын”, деди. Ҳәр бир мусылман қыямат күни өзиниң дәрежеси уллы болыўын қәлейди. Себеби адам баласының ҳақыйқый дәрежеси сол күни белгиленеди. Солай екен, қайсы биримиз қыямат күниндеги дәрежемиз уллы болыўын қәлесек, онда пәк болып таҳәратлы болып жүриўге ҳәрекет қылыўы керек.
Таҳәратлы жүриў арқалы мусылман адам өзи билип-билмей қылған айрым гүналарынан да қутылыўы мүмкин. Бул ҳаққында Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Қашан мусылман бенде таҳәрат қылса, онда, ол бетин жуўғанда сол суў ямаса сол суўдың ақырғы тамшысы менен оның еки көзиниң қараўы арқалы қылған қәтелери төгиледи. Қашан еки қолын жуўса, сол суў ямаса сол суўдың ақырғы тамшысы менен оның еки қолы арқалы қылынған қәтелери төгиледи. Қашан еки аяғын жуўса, сол суў ямаса сол суўдың ақырғы тамшысы менен еки аяғы арқалы қылған қәтелери төгиледи. Усындай етип ол гүналардан пәк болады», деди. Бул ҳәдис әлбетте мусылман ушын үлкен қуўаныш есапланады. Себеби биз арасында билмей, базыда билип қәтешиликлер, гүна ислер қылып қоямыз. Соныңдай-ақ, басқа ҳәдиси шарийфте де: “Ким таҳәрат алса, таҳәратын шырайлы қылса, оның қәтелери денесинен, ҳәтте, тырнақлары астынан да шығып кетеди», делинген. Усы жерде бир мәселени айтып өтиўимиз зәрүр. Бул ҳәм оннан алдынғы ҳәдиси шарийфлерде гәп киши гүналардың кеширилиўи ҳаққында кетип атыр. Усы ҳәм усындай ҳәдислерди оқыған адам қәлегенше гүна қылып, кейин, бир мәрте таҳәрат қылсам ҳәм намаз оқысам гүналардан қутыламан деп ойлаўы надурыс. Бундай мәнидеги ҳәдислерде айтылған гүнаның төгилиўи Аллаҳ пенен бенде арасындағы мүнәсибетте бенде тәрепинен болған киши гүналарға тийисли ҳәм бир нәрсени умытпаў керек, ҳәр қандай гүнаны Аллаҳ кеширеди, басқасы емес.
Шәриятымызда пәклик үстине және пәкликке қызықтырылған. Бул төмендеги ҳәдиси шәрийфте өз сәўлесин тапқан. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Ким таҳәраттың үстине таҳәрат қылса, оған он жақсылық жазылады», деди.
Пәклик ҳаққында динимизде дүньяны тән қалдырған бир гәп бар, Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Пәклик ийманның ярымы» деген. Мусылман адамның ең тийкарғы ўазыйпасы ийман келтириў болса, сол ийманның ярымы пәклик пенен болатуғын екенин бизлерге пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам үйретпекте.
Шәриятымыз буйырған ҳәр қандай әмел инсан ушын пайдалы болады. Шәриятымызда инсанға зыянлы ис буйырылмаған. Әлбетте инсан пәкленип жүрсе, өзине пайда, бирақ буны шәрият буйырғанындай етип, әмел қылса нур үстине нур болады ҳәм буннан саўап алады.
Мусылман адам жуўыныў ушын керек болатуғын суўдың пәклигин билип алыўы керек болады. Аллаҳ таала: «Сизлерге аспаннан оның менен пәклениўиңиз ушын суў түсирди» (Анфал 11) Бул аяты кәриймадан биз жаўын суўлары менен пәклениўимизге, таҳәрат, ғусыл қылыўымызға болатуғын екенин билип аламыз. Улыўма айтқанда дәрьялардағы, теңизлердеги суўлардан да таҳәрат қылса болады. Бирақ суў көп турыўы нәтийжесинде суў өз қәсийетин жойтып яғный дәми, реңи өзгерип ямаса басқа аўқатлық нәрселер араласқан болса, нәжас нәрсе түскен болса, онда оннан таҳәрат қылып болмайды. Бирақ ағыўшы дәрьялар, каналлар, сондай-ақ майданы үлкен ҳәўизлерге нажас араласса да, таҳәрат алса бола береди.
Шәриятымызда жуўыныўдың өзине тән әдеплери бар. Олардан бириншиси оянғанда биринши қолды үш мәрте жуўыў, бул ҳаққында Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Ҳеш бириңиз уйқысынан оянғанда, қолын үш мәрте жуўмастан турып, оны ыдысқа салмасын. Себеби ҳеш бириңиз қолы қай жерде түнди өткизгенин билмейди ямаса қолы қай жерден айланғанын билмейди», деди. Соның ушында биз таҳәрат қылғанда алдын қолымызды үш мәрте жуўып аламыз.
Жуўғанда «Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм» деп айтыў керек. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Таҳәраты жоқтың намазы жоқ. «Бисмиллаҳ»ты айтпағанның таҳәраты жоқ»,деген Уламаларымыз бул ҳәдиси шәрийфти кәмил сөзи менен шарҳлайды, яғный «Бисмиллаҳ»ты айтпағанның таҳәраты кәмил таҳәрат болмайды деп түсиндиреди. Улыўма айтқанда мусылманшылықты ҳәр қандай истиң басы «бисмиллаҳ» пенен басланады.
Жуўынғанда әлбетте тисти тазалаў керек. Көпшилик тисти тазалаў европадан келип шыққан дейди, бирақ европа тисти тазалаў ҳаққында еле ойлап та көрмеген ўақытта, бул ис динимизде сүннет болған еди. Инсаният тарийхында тисти тазалап жүриўге биринши болып Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам буйырған. Илажы болса ҳәр бир намазға таҳәрат алғанда тисти тазалаған жақсы ис. Себеби Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Егер үмметиме қыйын болмағанында, оларды ҳәр бир таҳәратта мисўак пенен тислерин тазалаўға буйырған болар едим», деген. Сондай-ақ мусылман адам тырнақларды ўақтында алып, түклерин тазалап жүриўи керек.
Жуўыныўдың әдеплеринен бири бул суўдан пайдаланғанда ысырапкершиликке жол қоймаў. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның таҳәрат ҳәм ғусыл қылыўлары бизлерге сүннет болыўы менен бирге, оның саллаллаҳу алайҳи ўасалламның суўдан пайдаланыўда ысырапкершиликке жол қоймағанлығы бизлерге өрнек болады. Анас разыяллаҳу анҳудан Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның таҳәрат ҳәм ғусыллары ҳаққында соралғанда. Ол: Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бир соъдан бес мудқа шекем ғусыл қылар, бир мудқа таҳәрат қылар еди, деп жуўап берген. Соъ 2,75 литрге, муд 0,688 литрге тең. Демек, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам 2,75 литрден 3,44 литрге шекем суўға ғусыл қылған. 0,688 литрге таҳәрат алған. Усы жерде өзлеримизди ойлап көрейик, биз таҳәратты қуманда алғанның өзинде 1,5-2 литр суўды сарплаймыз. Егер кранда таҳәрат алсақ, онда, 5-6 литрге шекем суўды жоқ қыламыз. Енди ғусылды айтатуғын болсақ, биз өзимиз билмеген ҳалда кеминде 20 литр, болмаса 30-35 литрге шекем суўды ислетемиз. Ҳәммемизге мәлим, тәбият қорларынан мәқсетке муўапық пайдаланыў дегенде биринши нәўбетте инсаният ушын ең зәрүр болған суўды үнемлеп пайдаланыў дәркәр. Сондай екен бул мәселеде Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан өрнек алыў әдебимиздиң шырайлы болыўында әҳмийетли орын тутады.
Жуўыныўдың әдеплеринен және бири ҳәжетке шыққаннан кейин әлбетте фаржды жуўыў. Бул да бизлерге сүннет есапланып, ҳәдислерде: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам баўл қылды, кейин фаржин жуўып, таҳәрат қылды», делинген.
Таҳәратты үш мәртеден қылыў сүннет есапланады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның дәўиринде бир саҳралы адам таҳәрат ҳаққында сорап келгенде, оған Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам үш мәртеден қылып көрсетип, кейин: «Таҳәрат усындай болады, ким буннан көп қылса, онда ҳақыйқатта, жаман қылыпты, ҳәддинен асыпты ҳәм зулым қылыпты», деген. Таҳәраттың төрт парызы бар, олар: қолды, бетти ҳәм аяқты жуўыў ҳәм басқа масҳ тартыў. Таҳәрат алғанда биринши қол үш мәрте жуўылады, кейин аўыз үш мәрте, мурын үш мәрте шайылады. Кейин бет үш мәрте жуўылады, бунда ийектиң астыларынан қулақларға шекем ҳәм шашлардың өсип шыққан жерлерине шекем жуўыў керек, сақалы бар адам сақалларын ҳилал қылыўы керек, яғный бармақлары менен оның арасынан өткизиўи керек. Кейин еки қолын шығанақларына шекем ҳеш бир жерин қалдырмай үш мәрте жуўыў керек. Кейин басымызға бир мәрте масҳ тартыў керек. Масҳ қылынғаннан кейин көрсеткиш бармақлары менен қулағының ишин, бас бармағы менен қулағының артын ҳәм қолының арты менен мойнына масҳ тартыўы керек. Буннан кейин еки аяқ үш мәртеден жуўылады. Аяқ жуўылғанда бармақлардың аралары жақсылап ысқалап жуўылады. Таҳәрат қылынғанда ағзалар оңнан жуўылады, сөйлесилмейди, қублаға қарап турады, суў жыйналмайтуғын жерде турады, илажы балғанша ҳеш кимниң жәрдеминен пайдаланылмайды, қолында жүзиги болса оны қыймылдатып астына суў киргизиледи, ҳәр бир ағза жуўылғанда бисмиллаҳ айтылады.
Ғусыл қылыў ҳәр бир мусылманларға шәрт болып, иҳтилам, жунуб болған еркеклер ҳәм ҳаяллар, сондай-ақ ҳайыз, нифас болған ҳаяллар ғусыл қылыўы керек. Себеби диний әмеллер жоқарыдағы жағдайларда яғный иҳтилам, жунуб, ҳайыз, нифас ҳалларында қылыныўы қадаған қылынған. Аллаҳ таала айтады: «Егер жунуб болсаңызлар, онда пәклениңлер». Әдетте жас балалар ер жеткеннен баслап иҳтилам болады. Сондай-ақ қызларда иҳтилам болады. Усындай ҳалларда ғусыл қылыў керек. Ерли-зайып қосылғаннан кейин олар жунуб болады. Бунда күйеўи маний төкпестен, тек алатының басын киргизиўиниң өзи екеўине де яғный оған да ҳаялына да ғусылды ўәжиб қылады. Ҳәдисте: «Қашан сүннет қылынған жер сүннет қылынған жерден өтсе, ҳақыйқатта, ғусыл ўәжиб болады». Сондай-ақ, қыз балалар балағатқа жеткеннен баслап ҳәр ай ҳайз көреди. Бунда оған ҳайздан қандай тазаланыў жолларын анасы ямаса әжапалары тәрепинен үйретилиўи керек. Ҳайз күнлери тамам болғанынан кейин сол қыз ғусыл қылыўы керек болады. Сондай-ақ, бала туўған ҳаяллар туўғанынан кейин узағы менен 40 күнге шекем нифас көреди. Булар да нифасы тамам болғанынан кейин ғусыл қылыўы керек болады. Жоқарыдағылардың барлығы ғусыл қылмаўынан алдын намаз оқыўы, Қуран оқыўы, мешитке барыўы, таўап қылыўы мүмкин емес. Ҳаяллар ҳайз ҳәм нифас ўақтында намаз оқымайды, қалған намазларды қаза да қылмайды яғный қалған намазлар олардың мойнынан сақыт болады, бирақ оразасын қаза қылып кейин тутып бериўи керек.
Буннан басқа жағдайларда да ғусыл қылыў керек. Мысалы жума күни, қан алдырғаннан кейин, маййитти жуўғаннан кейин, бирақ булар сүннет есапланады. Әлбетте ҳәр бир мусылман адам Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам қылған ҳәр бир исти қылыўға әдетлениўи керек.
Ғусылдың өзине тән айырым әдеплери бар. Булардан бириншиси ғусыл қылғанда әўрат жерлер көринбей турыўы керек. Бул ҳаққында ҳәдиси шәрийфте: «Еркек еркектиң әўратына қарамайды. Ҳаял ҳаялдың әўратына қарамайды. Бир кийимниң ишине еки еркек кирип, денелерин бир-бирине тийгизбейди. Бир кийимниң ишине еки ҳаял кирип, денелерин бир-бирине тийгизбейди», делинген. Демек, шомылғанда әўратларымызды жаўып алыўымыз керек екен. Айрымлар буған әмел қылмастан каналларда жапларда, бассейнлерде тек иш кийим менен шомылады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ашық жерде жалаңаш шомылып атырған адамды көрди. Кейин минбарға барды да Аллаҳ таалаға ҳамд айтып болып: «Әлбетте Аллаҳ таала жүдә намыслы ҳәм тосылған. Намысты ҳәм тосылыўды жақсы көреди. Ким ғусыл қылса тосылып алсын», — деди. Демек, шомылғанда, ғусыл қылғанда әлбетте үстимизге бир нәрсе таслап алыўымыз керек болады. Ҳәтте бир өзимиз шомылғанда да.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам «Бес нәрсе фитратдандур, деген. Бириншиси ҳарам түклерди алып жүриў, екиншиси сүннет қылдырыў, үшиншиси сақал-муртларын қысқартып жүриў, төртиншиси қолтық астын тазалаў, бесиншиси тырнақларын алып жүриў». Себеби, түклер өсиўи нәтийжесинде инсанда қолаңса ийиси пайда болып өзиниң ҳәм әтирапыңдағыларда қолайсызлық оятады. Өсик тырнақлар микробларды жыйнап, кеселлик шақырады. Тырнақ алыў сүннет. «Тырнақ алыў оң қолдың көрсеткиш бармағынан шунайтайына шекем алынады. Соң шеп қолдың шунатайынан баслап бас бармағының тырнағын алып, ақырында оң қолдың бас бармағының тырнағы алынады. Аяқ тырнақлары оң аяқтың шунайтайынан баслап шеп аяқтың шунатайында тамамланады» (Туҳфатул ахбар китабынан) Тырнақ күндиз яки түнде, шемби болса да екшемби болса да алына береди, жақсы ис артқа сүрилмейди. Күнлерден ырым қылыў бидъатшының иси. Тырнақты тис пенен алыўға болмайды. Алынған тырнақ жерге көмиледи. Жунуб адам ғусыл қылмастан бурын тырнақ, шаш, түклерин алыўы мәкириў болады. (Маслакул муттақин) Ғусыл қылып болғаннан соң алса болады. Тырнақ аўқатланатуғын, жас балалар ойнайтуғын жерден аўлақта алыныўы керек. Ғусыл қылғанда биринши егер жунуб болса жунублық жеткен жерлер жуўылыўы керек, кейин бас жуўылады, кейин оң ҳәм шеп қоллар жуўылады, кейин фарж жуўылады, кейин бармақлары менен шашларының арасын жақсылап сыйпайды, суў жетпеген жери қалмаўы керек. Кейин денениң қалған бөлеклери жуўылады, ең соңында аяқлар жуўылады.
Халқымыз бурыннан ғусыл әдеплерине итибар берип келген. Ғусыл әдеплери жас келин-күйеўлерге ата-анасы жеңгелери тәрепинен түсиндирилген. Сондай-ақ үрп-әдетлерге нәзер таслайтуғын болсақ басқа халықларда ушыраспайтуғын бизиң халқымызда жас келин-күйеўлерге мурындық ата-ана сайлаў дәстүри бар. Буның негизинде жаслардың ата-анасына айта алмайтуғын сырларын, олардың арасындағы татыўлықты беккемлеў киби ўазыйпалар жатыр. Ҳәзирги ўақытта айырым жас келин-кийеўлер арасында ғусыл ҳаққында толық түсиник умытылып баратырғандай. Усы жерде соны айтып өтпекшимиз бул мәселеге ата-аналар жеңгелер, мурындық ата-аналар итибарды күшейтиўи керек.
Мусылман адам ҳәмме ўақыт таза жүриўге умтылыўы керек. Әсирисе аўқат жемесинен алдын ҳәм кейин еки қолды ҳәм бетти жуўыўы керек. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтады: «Аўқаттың берекети оннан алдын еки қолды жуўыў ҳәм оннан кейин еки қолды жуўыў». Бизлерде бул әдет жақсы жолға қойылған. Сүннет болған бул әдеп ата-бабаларымыздан бизлерге мийрас болып қалған.
«Кәмил инсан» китабы тийкарында
Идрисов Абдулҳамид таярладыМуҳаммад ал Беруний ислам билим журты мударриси