MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

ЖАСЛАРДЫ ЖАТ ИДЕЯЛАРДАН САҚЛАЎДА МӘЗҲАБТЫ БЕККЕМ УСЛАЎДЫҢ ӘҲМИЙЕТИ

Аллаҳ таалаға Оныӊ уллылығына жараса ҳамду сәнелер болсын! Пайғамбарымыз Муҳаммад Мустафаға салаўат ҳәм сәлемлер болсын!

Бүгинги күнде дүньяда глобалласыў процесси ҳәўиж алған бир ўақытта жасларды түрли жат идеялогиялардың унамсыз тәсирлеринен асырап-абайлаў ҳәммемиздиң мойнымыздағы миннетимиз болып табылады. Жасларымызға ҳәм олардың көз-қарасына, сана-сезимине ҳәм итиқадына түрли идеялогиялар қәўип салып атыр. Бундай жағдайда ақыйдасы саламат болмаған жаслардың адасып кетиўи көп болады. Әсиресе, ҳәзирги ўақытта жаслардың ақыйдасына қәўип салып атырғанлар ишинде муқаддес Ислам динимизди нықап етип, миллий қәдириятларымызды аяқ асты етип атырған бузғыншы ҳәрекетлер искерлиги бәршемизди бул мәселеде итибарлы болыўға шақырады. Аллаҳ таала бул ҳаққында Қураны кәриймде былай дейди:

«…жақсылыққа буйыр, наданлардан жүзиңди бур!» (Аъроф сүреси, 199-аят).

Демек, инсанларды жақсылыққа буйырып, ҳәр түрли адасқан ағымлардан жүз бурып, олардан узақ болыўымыз керек екен. Ҳәр түрли идеялогиялар тәсиринде жолдан адасқан «Мәзҳабсызлар», «Сақта салафийлер» сыяқлы ағымлар өз искерлигин биринши гезекте халқымыз әсирлер даўамында әмел етип келген ҳанафий мәзҳабына қарсы гүресиўден, оның уллы уламалары ҳәм олар жазған китапларға тас атыўдан, оларды жаман атлы қылыўдан баслады. Себеби, бүгинги күнде ҳанафийлер дүнья мусылманларының ярымын (50%) қурайды. Демек, бундай ағымлар ушын мусылманларды бирлестирип турған ҳанафий мәзҳабы олардың алдында турған ең үлкен тосықлардан бири саналады. Сонлықтан, олар биринши орында мине усы ҳанафий мәзҳабына таслар атады, қарсы гүреседи. Демек, бундай ағымлардың идеялогияларынан жасларымызды қорғаўда ҳанафий мәзҳабымызды беккем услаўымыз, жасларымызды мине усы тәлимат ҳәм қәдириятлар тийкарында тәрбиялаўымыз лазым болады. Тәрбияның бул тәрепи жасларды тийкарынан расгөйлик, аманатдарлық, материаллық, басқаларға меҳир-ақыбетлы етип ҳәм миллий қәдириятларымыз тийкарында тәрбиялаўды өз ишине алады. Сонлықтан, перзентлеримиздиң тек ғана материаллық тәмийнатын емес, ал олардың бос ўақытларында не менен шуғылланып атыр, интернет, комьютер, телефон ҳәм социаллық тармақлардан қандай пайдаланып атырғанында қадағалап барыў арқалы оларды бул ағымлардың унамсыз тәсирлеринен асырап-абайлаўымыз мүмкин болады.

Муҳаммад ал Беруний ислам билим журты мударриси Низаматдинов Төлеген