Жас әўладты кәмил инсан етип тәрбиялаўдың әҳмийетли тәреплериниң бири онда сөйлеў әдебин қәлиплестириўден ибарат. Сөйлеў әдеби жәмийеттиң мәдений раўажланыўының, миллеттиң руўхый жетискенлигиниң әҳмийетли белгиси саналады. Мәмлекетимизде руўхый-ағартыўшылық реформалар мәмлекет сиясатының баслы бағдары деп жәрияланған бүгинги күнде сөйлеў мәденияты мәселелери ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли саналады. Республикамыздың «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамы, «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызамы, «Кадрлар таярлаўдың миллий бағдарламасы» ҳәм басқа да ҳүжжетлерде руўхый – ағартыўшылық тәрбия, тил мәселелерине айрықша итибар берилген. Ҳәр қандай адам ең дәслеп өз ана тилиниң ҳақыйқый маманы болыўы керек. Президентимиз И.А.Каримов Өзбекистан Республикасы Олий мәжилисиниң 1997-жыл 29-августтағы IX сессиясында сөйлеген сөзинде «Өз пикирин еркин, ана тилинде шырайлы ҳәм анық баянлай алмайтуғын қәнигени, әсиресе басшы орында отырғанларын бүгин түсиниў де, ақлаў да қыйын!-деп атап өтеди.
Халқымыз сөз өнерин жүдә қәдирлеген, оны меңгериўге, үйрениўге талапланған, сөз шеберлери болған шешенлерин жүдә ардақлаған халық. Ата-бабаларымыз заманында сөз шеберлери даўды шешкен. Сөзди таўып сөйлейтуғын адамлар ҳүрмет, иззетте болған. Бир ғана Жийренше шешен ҳаққындағы әңгимелердиң өзи буған айқын мысал бола алады.
Беруний, Фаробий, Ибн Сина, Абдулла ал Хорезмий, Махмуд Қашғарий, Юсуп Ҳас Ҳажиб, Замахшарий, Ахмед Югнакий, Алишер Наўайы, Әжинияз, Бердақ сыяқлы алымлар дөретиўшилигинде сөйлеў мәдениятына тийисли бийбаҳа пикирлер бар. “Қутадгу билиг” шығармасы менен белгили Юсуп Хас Ҳажип инсанның жақсы өмир кешириўинде жақсы минез-қулық пенен сөздиң әҳмийетин биринши орынға қойып:
Еки нәрсе қартайтпайды адамды,
Бири сөзи, бири қулқы, салдамлы, — дейди.
Әбиў Наср Фаробий болса сөйлеўдиң қай дәрежеде жетик, толық болыўын ақыл менен байланыстырады.
Аўа, ақыл менен ойлап айтылған ҳәр қандай сөз өз қунын жойтпайды. Ақыры “Айтылған сөз атылған оқ” дейди дана халқымыз. Дүньяда өлмейтуғын, отқа күймейтуғын нәрсе — ҳасыл сөз. Алтын ҳасыл болғаны менен арбаның арысына қойылады. Гүмисти қаншама мақтағанамыз бенен геўиштиң безеги болып жүр. Өмир өте береди, изде жақсы адамлардың елеси менен, даналық пенен айтылған сөздиң сереси ғана қалады. Жақсыдан сөз, ал жаманнан жез қалады. Жезди тат басады. Ал, ҳасыл сөз деген өмир өткен сайын және де қулпырып, жулдыздай жана береди.
Ҳақыйқатында да, ҳасыл, гәўҳар сөз инсан ушын жүдә пайдалы. Сөз жәрдеминде мусылман адам жәмийетлик өмирде кәмалатқа ериседи. Сөз инсаниятты гөззаллыққа ашық етеди ҳәм азап-ақыбетлерден қутқарады. Сөз инсанды дүньялық ҳәм илаҳий жетискенлик шыңларына алып шығады. Аллаҳ таала тәрепинен инсаниятқа берилген уллы неъматлардан бири – бул сөйлеў қәбилийети болып есапланады. Аллаҳ таала тәрепинен инсаниятқа инам етилген бул неъматты ақылға уғрас пайдаланылса, инсан уллы дәрежелерге жетиседи. Егер дурыс пайдаланбаған жағдайда еки дүньясында да зыян көреди.
Аллаҳ таала Қоф сүресиниң 17-18 — аятларында былай деп мәрҳәмат қылады: «Солай екен, (адамның) оң ҳәм шеп (тәреплерин)де отырған еки (периште олардың әмеллерин) қабыл қылып турады (жазып турады). Бир сөз айтылса, әлбетте (сол периштелер) оның алдында таяр турыўшы ҳәм гүзетиўшидур». Бул аяты Кәриймадан көринип турғанындай, тилимизден шыққан ҳәр бир сөзди периштелер жазып барады екен. Демек, мөмин-мусылман ақыретте тили себепли азапланыўынан, бийҳуўда өтирик сөзлер себепли әмеллери пушқа шығып қалыўынан қорқыўы тийис. Жәннетке, дозаққа да елтиўши тилимиз.
Мөмин адам тилине ерк бермей, тилин тыйып жүргенди мақул көреди. Пайғамбарымыз салаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Мөминниң тили қәлбинде. Егер қандай да бир нәрсени айтыўды қәлесе, қәлбинде ойлайды, соң тилине шығарады. Еки жүзлиниң тили қәлбинен тысқарыда, қыялына келген нәрсени тилине шығарады, қәлби менен ойламайды» (Хароитий рәўияты).
Аллаҳ таала Қураны Кәриймниң Ҳужурот сүреси 13-аятында «Ҳәй адамлар, Биз сизлерди бир еркек ҳәм бир ҳаялдан жараттық, бир-бирлериңизди таныўларыңыз ушын тийрелер ҳәм қәўимлер етип қойдық». Ҳақыйқатында да, дүнья халықлары ҳәр қыйлы тиллерде сөйлесип, бир-бири менен қарым-қатнас қылады ҳәм тил жәрдеминде өз ара жәмийетлик қатнасықларды орнатады. Инсан өз сезимлерин, ой-пикирлерин, тәсирлерин сөз арқалы аңлатады. Сөйлеў қуралы болған тил арқалы инсанлар бир-бири менен қарым-қатнас жасайды.
Сөйлеў мәденияты тарийхында XI әсирде жасап өткен уллы алым Кайкаўыс «Қабуснама» шығармасында дурыс сөйлеў ҳаққында былай жазады: «Адам шебер сөзли ҳәм шешен болыўы лазым. Әй балам, сен шешен болғыл, бирақ жалған сөйлеме. Суўық сөз сөйлеме, суўық сөз бир туқым, оннан душпанлық өнип шығады. Көп бил де, аз сөйле, аз билсең көп сөйлеме, себеби ақылсыз киси көп сөйлейди».
Ҳәр қандай сөздиң өз орны, әҳмийети, салмағы болғанлықтан сөйлеў әдебине үлкен итибар бериўимиз керек. Себеби, инсан бир сөз бенен мөмин болып, бир сөз бенен ийманнан шығады. Буны ҳәммемиз билемиз. Некеден өтиўде келин-күйеў бир аўыз сөз бенен ерли-зайыплыға айланады. Сондай-ақ, бир ғана «талақ» сөзи менен бир неше жыл бирге жасаған ерли-зайыплы ажырасып, пүткиллей жатласып кетиўи де мүмкин. Демек, сөзге итибарлы болыў, оның қунын туўры аңлаў, айтып атырған ҳәр бир сөзге терең итибар бериў мусылманның миннети есапланады.
Уламаларымыз бул тараўға тийисли зәрүр көрсетпелерди Қураны Кәрийм аятлары ҳәм Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның ҳәдислери тийкарында усынған. Олар алдын сөздиң жақсы ҳәм жаман болатуғынын айтып, соң жақсысын алыўды, жаманын тәрк етиўди үйреткен.
Уламаларымыз «Тил апатлары» деп сөзден келип шығатуғын жаманлықларды айтқан. Себеби, жаман сөзди қолланыў бизди түрли апатшылықларға баслары сөзсиз.
Абдуллаҳ Сақофий айтады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан: “Мен ушын неден көбирек қәўипленесиз?», — деп сорасам, тилин көрсетип: «Мине мынадан», — деди».
Бул ҳаққында Бердақ бабамыздың дөретпелеринен айтсақ:
Тисгенем сеннен ыразыман,
Аўзымның қаласысаң,
Тилгенем сеннен наразыман,
Бир басымның бәлесисең.
Ата-анаңды қәдирле,
Өлгениңше жақсы сөйле,
Жақсы сөзге қулақты түр,
Жаман сөзден қашқыл балам,
Ерме ҳасла шуғыл сөзге,
Ғыйбат сөзден қашқыл балам.
Жақсы адам сөз мәнисин аңлайды
Жаман адам пасық сөзди тыңлайды.
Махмуд аз-Замахшарийдиң шығармаларына нәзер аўдарсақ: «Нәзик ибаралар» да сөйлеў мәдениятына арналған төмендеги пикирлери бар: өз досларыңды ең жақсы хоширей сөзлер менен яд ет, мейли олар сеннен узақта, басқа қалаларда жасаса да. Өз достыңның сөзин дыққат пенен тыңла, оны тыңлаўға ықласың болмаса да оның ҳүрметин орнына қой. Егер тилиңди артық сөзден тыя алмасаң, өз дизгиниңди шайтанға тапсырған боласаң.
Себеби тил кескир қылыш, сөз қайтарып болмайтуғын оқ делинеди “Әдеплилик бостаны” китабында. Ҳақыйқатында да, тилден шыққан жаман сөзлер өз ийесине де, өзгелерге де апат келтиретуғыны анық. Динимиз адамларды барлық апатлардан, соның ишинде, тил апатларынан сақланыў илажларын көреди. Олардан мысалы: биймәни, пайдасыз сөзлерди айтыў, турпайы, гүна ислерди айтыў, көп сөйлеў ҳәм адамларға жағыныў ушын жағымпазлық қылыў, бузық, сөгис, әдепсиз ҳәм соған уқсаған сөзлерди айтыў, өзгелерди масқаралаў, сырды әшкара етиў, жалған сөйлеў, ғыйбат ҳәм тағы басқа усындай сөзлер тил апатлары болып есапланады.
Жабир разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты: “Қашан адам бир гәпти айтып болып, әтирапқа алаңласа сол гәп аманат болар”. Ҳәдисте қайсы бир адам бир гәп айтса кейин әтирапқа қарап қойса – буны басқа биреў еситип қалмады ма? — деген мәнини билдиреди. Еки адам сәўбетлесип атырғанда, тыңлаўшы сөйлеп атырған адамның бетине қарап, оның гәплерин дыққат ҳәм итибар менен тыңлаўы, зәрүрлик туўылмаса, оның сөзин бөлмеўи де сөйлесиў әдеплеринен есапланады. Ким усы жағдайдағы гәпти басқа биреўге айтса аманатқа қыянет етип шуғыллық еткен болады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам “Биреўдиң сырларын әшкар етиўши шуғыл адамлар жәннетке кирмейди” — деген. Шуғыллық етиў жүдә жаман ис, бунда бир адамды басқасына жаман көрсетиў менен шегараланбайды, бәлки, бир адамға екинши адам ҳаққында жаман хабар келгенде, сол екинши адам да биринши адамды жаманлайды. Нәтийжеде еки адам арасында душпаншылық, ғәзеп, жаман көриўшилик өнип шығады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтқан: “Араны бузыўдан сақланыңлар, әлбетте ол қырыўшы”. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтқан: Бөлеклеў не екенин сизлерге айтып берейин бе?, Адамлардың арасына “деди”, “деди”, — деп шуғыллық қылыў. Бунда еки тәрепке бир гәпти еки түрли етип гәп айтып, өтирикти ҳәм еки жүзлемешиликти жүзеге келтиреди. Расуллаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтқан: “Ким бул дүньяда еки жүзли болса қыямат күни оның жалыннан болған еки тили болады”.
Асма бинти Язийдтен рәўият қыланады: “Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты:
Сизлердиң ең жаманларыңызды айтып берейин бе?
— Адамлар: Аўа деди.
Сонда Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
— Шуғыллық ететуғынлар, досларының арасын бузатуғынлар, бийгүна адамларға аўырлық келтиретуғынлар”, —деди.
Шуғыл сөз айтып, шуғыллық етиў шәриятымызда қадаған етилген екен, ҳәр бир мусылман адам буннан аўлақ болыўы керек.
Аллаҳ таала Ҳужурот сүреси 12-аятында айтады: “Бир-бирлериңизди ғыйбат қылмаңлар. Сизлерден бириңиз өзиниң өлген ағайининиң гөшин жеўди жақсы көреме?” Қураны Кәриймде ғыйбат етиў өзиниң өлген ағайининиң гөшин жеўге теңлестириледи. Ҳеш бир инсан адамның гөшин жеўге батына алмайды. Енди бул жерде өлген ағайининиң гөшин жеўден жаманырақ ис болмаса керек. Демек, ғыйбат етиў өлген адамның гөшин жеў менен бара-бар екен.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ғыйбат ҳаққында мынадай деген: “Ағайиниң ҳаққында ол жақтырмайтуғын нәрсесин айтыў. Сонда бир адам ағайинде мен айтқан нәрсе болса не дегенде Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам былай деп жуўап берди: Егер онда сен айтқан нәрсе болса оны ғыйбат еткен боласаң. Егер сен айтқан нәрсе болмаса оған дөҳмет қылған боласаң”.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты: “Бир мусылманның абырайына тил тийгизиў үлкен гүналардан да үлкенирек”. “Ким бир адамды ғыйбат етиў арқасында бир нәрсе жесе Аллаҳ таала оған жәҳәннемде сондай аўқатландырады, ким ғыйбат етиў арқасында бир нәрсе кийсе Аллаҳ таала оған жәҳәннемнен тап сондай нәрсени кийдиреди, ким бир адамды өзиниң жеке абырайы ямаса хожакөрсин ушын ғыйбат етсе Аллаҳ таала қыямат күни солар ушын шерменде қылады”.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Ҳәй тили менен ийман келтирип, кеўилинде ийман келтирмегенлер, мусылманларды ғыйбат қылмаң ҳәм олардың кемшиликлерин излемең. Ким олардың кемшилигин излесе, Аллаҳ таала сол адамның кемшилигин излейди. Аллаҳ таала кимниң кемшилигин излесе, оны үйинен шерменде қылған ҳалында шығарады» деген. (Имам Муслим рәўияты.)
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты: «Ғыйбат зинадан да жаманырақ» . Саҳабалар ҳайран қалып: «Қалайынша, я Расулуллаҳ?» деп сорады. Ол: «Адам зина қылып, соң тәўбе қылса, Аллаҳ оның тәўбесин қабыл етеди. Ғыйбатшыны ғыйбат қылынған адам кеширмегенше, Аллаҳ оның гүнасын кеширмейди», — деп жуўап берди.
Ғыйбатшыға қулақ салған адам ғыйбатқа шерик есапланады. Тек оның гәпин тили менен бийкарласа ғана гүнасынан қутылады.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам меъражға шыққанларында мыстан болған тырнақлары менен бетлерин ҳәм көкиреклерин тырнап атырған адамларды көрди. Сонда Жабрайил алайҳиссаламнан булар кимлер деп сорады. Сонда Жабрайил алайҳиссалам: “Өмирлик дүньясында адамлардың гөшин жеп, абырайын төккенлер”, —деп жуўап берди.
Ғыйбат инсан тәбиятындағы соншелли жаман иллет екенин ҳәдиси шәрийф мазмунынан түсинип жетиў мүмкин. Себеби Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам гүналардың жаман ийисин Аллаҳ тааланың қәлеўи менен сезди. Демек, ғыйбат барлық орынларда, сондай-ақ шаңарақта да ең жаман әдетлерден болып, ҳәммениң тынышлығына иритки салады.
Инсанлардың ең жаман сыпатларынан бири өтирик сөйлеў. Өтирик сөйлеў арқалы адам қыянетке жол алады. Нәтийжеде өтирик сөйлеген адамның абырайы кетеди, иззети болмайды. Әжинияз бабамыз “Өтирикти рас етип айтпаған, Туўры жолдан бас кетсе де қайтпаған” десе, халқымыз “Өтирикшиниң шын сөзи де заяға кетеди” деп бийкарға айтпаған.
Муқаддес динимиз көрсетпелеринде өтирикшилик жаман қулық екенлиги айтылған. Аллаҳ таала Қураны Кәриймде: “Өтирикти тек Аллаҳтың аятларына ийман келтирмейтуғынлар тоқыйды. Әне солар ғана өтирикшилердур” делинген (Наҳл сүреси 105-аят). Биз бул аяттан өтириктен қаншелли узақ жүриўимизди билип алыўымыз керек. Бул жерде өтирик сөйлеў Аллаҳ тааланың аятларына ийман келтирмеў менен теңлестирилмекте. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Еки жүзлемеши адамның белгиси үшеў: сөйлесе, өтирик сөйлейди, ўәде берсе, үстинен шықпайды ҳәм аманат оған исенилсе, қыянет қылады» деген». Бухарий, Муслим, Әбиў Даўыт ҳәм Термизий рәўият қылған.
Шәриятымыз тәрепинен төмендеги жағдайларда ғана өтирик сөйлеўге рухсат берилген: Бириншиси урыста, екиншиси инсанлар арасын жарастырыўда, үшиншиси ерли-зайыплыларды жарастырыўда. (Имам Муслим рәўияти)
Тил апатларының ең жаманы өсек сөз, өтирик гүўалық бериў болып, ол барлық жаманлықлардың анасы, апатлардың басы, инсанды пасық ислерге баслаўшы, абырайын төгиўши иллет есапланады. Бул ҳаққында Өзбекистан Қаҳарманы И.Юсупов:
“Өсек сөз дегениң ызғырық самал
Бул самалдың еспейтуғын жери жоқ,
Күншиллик ғыйбаттың бузық анасы,
Дөҳмет, жала менен ойнастан туўған”- деп сүўретлейди.
Жалған сөйлеў, жалған гүўалық бериў шәриятымызда қатты қараланған ҳәм бул нәрсе үлкен гүнаға теңлестирилген.
Бир инсанның мәртебе-әмелине, абырайына зыян жеткизиўге урынып, жала жабыў ҳәм шағымшылық қылыў да өтириктиң түрлеринен болып, ең жаман иллетлерден саналады. Адамларды күлдириў ушын жалған тоқыў, көрмеген түсин көрдим деп басқаларға айтыў, перзентке бир нәрсе алып беремен деп алдаў, еситкен ҳәр бир гәпти сорастырмай тарқатыў, жалған ант пенен өзгениң буйымын өзлестирип алыў жалғанның ең қәўипли көринислери есапланады. Жоқ нәрсени тоқыў, бар нәрсеге мәнисин өзгертип жиберетуғын дәрежеде қосымша қосыў ямаса нуқсан жеткизиў, бар нәрсени айтып атырғанда мәнисин өзгертип жиберетуғын дәрежеде сөзлерди өзгертиў сыяқлы жағдайлар жалғаншылыққа алып келеди. Аллаҳ таалаға ҳәм Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламға қасақана (қастан) жалған тоқыў кәпирлик есапланады. Үзирсиз жалған үлкен гүна.
Жалған сөйлеўден сақланған инсан ақыретте қатты азапқа гириптар болыўының алдын алған болады.
Сөгиниў динимизде үлкен әдепсизлик есапланады. Әдетте адамлар сөксе не қылыпты деп сөгиниўге оншелли итибар бермейди. Динимизде бул үлкен гүналардан бири болып, ҳәдиси шәрийфте “Мусылманды сөгиў өлимниң жар жағасына келгенлигин аңлатады”, — делинген.
Абдуллаҳ разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: “Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты: “Ҳәр қандай еки мусылманның арасында әлбетте Аллаҳ таала тәрепинен тутылған перде болады. Олардан бири екиншисин бир аўыз сөз бенен сөксе Аллаҳ тааланың пердесин жыртқан болады”.
Халық арасындағы “Арамыздағы перде көтерилмесин, бетимиз ашылмасын”, — деген сөзлер тийкарында усы ҳәдиси шәрийф бар.
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Әлбетте, Аллаҳ таала бузықлықты ҳәм сөгиўди хош көрмейди», — деди». Муслим рәўият қылған.
Еки адамның бири екиншисин сөккенде екинши адам оған ондай жуўап қайтармаў яғный сөкпеў керек. Ҳәдиси шәрийфте Нияз ибн Ҳимар Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламға: “Я Расулуллаҳ бир адам мени сөксе, ол өзинен пәс болса, мен оннан үстем болсам бир нәрсе қылсам бола ма? — деп сорағанда Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам былай жуўап берди: “Бир-бирин сөккен, абырайын төккен еки адам еки шайтандур”, — деп айтқан екен. Демек, бул ҳәдистен бир адам екиншисин сөксе, екинши адам да сөксе екеўи де барабар гүнакар болатуғынын билемиз.
Абдуллаҳ Әмир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты: “Өзиниң ата-анасын нәлетлеў гүналардың да ең үлкенидур. Сонда: “Я Расулуллаҳ адам өзиниң ата-анасын қалай нәлетлейди?”, — деп сорады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: — Бир адам биреўдиң әкесин сөгеди, ол да буның әкесин сөгеди, анасын сөксе анасын сөгеди”, — деди. Көрип турғанымыздай, биреўдиң ата-анасын сөгиў өзимиздиң ата-анамызды нәлетлеў менен бара-бар болып, үлкен гүна екенлигин билдиреди.
Мусылманшылыққа туўры келмейтуғын жаман әдетлерден және бири масқара кылыў, биреўди пәске урыў ҳәм қорлаў жолы менен күлкиге алыў ҳәм соған уқсағанлар. Аллаҳ таала мусылманларға қарап былай дейди: “Ҳәй, ийман келтиргенлер! (Сизлерден) бир қәўим басқасын масқара қылмасын, итимал, (масқара қылынған қәўим) олардан жақсырақдур. Және ҳаяллар да басқа ҳаялларды (масқара қылмасын), итимал, (масқара қылынған ҳаял) олардан жақсырақдур. Өзлериңизди өзлериңиз мазақ қылмаңлар ҳәм бир-бирлериңизге лақап қоймаңлар. Ийманнан (мөминликтен) кейин пасықлық аты қандай ҳәм жаман! Ким тәўбе қылмаса, онда, әне солар, (гүна ислер менен өзлерине) зулым қылыўшылардур» (Ҳужурот сүреси, 11-аят).
Аллаҳ таала Ҳумаза сүреси 1-аятында: “(Адамлардың артынан) ғыйбат қылыўшы, масқара қылыўшылардың ҳәр бирине ўайл болсын.” Адамлардың абырайын ғыйбат жоллары менен көп төгиўши адамға ҳумаза делинеди. Олардың айыбын ҳәм кемшилигин ишара менен масқара қылыўшыға лумаза делинеди. Ўайл жәҳәннемдеги бир шуқырлық болып усы еки сыпатқа ийе болғанлардың ҳәммеси дозақтағы усы шуқырлыққа түседи.
Мөмин адамның қанын төгиў қаншелли гүна болса, абырайын төгиў де соншелли гүна. Адам өлтирип қан төгип гүна қылғанлар жәҳәннемге түскениндей, инсанның абырайын төгип, масқара, ғыйбат етип қапа қылғанлар да жәҳәннемге түседи.
Әлбетте, бир-биримизди мазақ қылыў, мысқыллап сөйлеп азар бериў жаман әдет болып, жәмийет ағзалары арасындағы өз ара қатнасықлардың бузылыўына себеп болады.
Адамларды орынсыз мақтаў да динимизде жаман әдетлерден. Рәўият қылыныўынша: Бир адам Усман разыяллаҳу анҳуды мақтағанында, саҳаба Миқдад ибн Асўад разыяллаҳу анҳу оның бетине топырақ шашып жиберген. Усман: “Бул не қылғаның?” — деп сорағанында, Микдад былай деген: «Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның «Егер мақтаўшыларды көрсеңиз, бетине топырақ шашың», дегенлерин еситкенмен», — деди. (Имам Муслим рәўият қылған).
Әбиў Муса разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бир адамның басқа биреўди мақтап, жағымпазлық қылып атырғанын еситип қалды, сонда: “Сол адамды өлтирдиңиз ямаса белин үздиңиз», — деди”. Бухарий ҳәм Муслим рәўият қылған.
Бундай етиў мақталған адамның менменликке берилип кетиўине ҳәм жүрис-турысын билмей, әдеп-икрамлылық жақтан бузылыўына алып барады. Нәтийжеде бундай адам өзин жойтып қояды ҳәм бара-бара адамгершиликтен шығады. Соның ушын шәриятымызда артықша мақтаўдан тыйылыў буйырылған. Адамды көзинше мақтаўдың пайдасы да, қәўпи де бар: егер мақталып атырған адам жетик ийманлы, исенимли, сабырлы, билимли болса ҳәм мақтаўдан асып-таспаса ямаса менменликке берилмесе, мақтаў ҳарам да, макруҳ де болмайды. Ал, керисинше болса, адамды көзинше мақтаў макруҳ болады. Шәриятымыз бойынша, егер бир адамды мақтаўға туўры келип қалса, “Ол сондай пазыйлетлерге ийе болса керек, деп ойлайман, егер ол усы сыпатларға ийе болса, “Аллаҳ таала оның шеклеўшиси, Аллаҳ таала алдында ҳеш бир адам айыпсыз емес”, деп айтыўы керек.
Инсанлар өзлериниң санасынан келип шыққан ҳалда мақтаўды түрлише қабыл етеди. Саўатсыз адамлар мақтаўдан қуўанып, айтылып атырған пазыйлетлер өзлеринде бар екенлигине марапатланып, менменсинеди, мақтаўшыны өзлерине дос тутады. Мөминлер илажы барынша мақтаўдан қашыўға ҳәрекет етеди. Ал, алымлар бундай жағдайларда «Егер Аллаҳ таала айыпларымды жасырмағанда, адамлар пазыйлетлеримди көрип, мени мақтамас еди, демек бул мақтаўлар Аллаҳ таалаға тийисли» деп пикирлейди.
Тил жәмийетлик қарым-қатнас қуралы екен, орта даўыста сөйлесип турпайы сөзлерден аўлақ болыўымыз лазым. Себеби “Турпайы сөз” ишкиликпазлық зыяпатлары ҳәм қыялы бузықлардың қылмысларына уқсас нәрселер, уятсыз, жалаңаш гәплер есапланады. Жәнжел ҳәм тартысыўлар да турпайы гәпке жақын турады. Оларда әдетте биреўдиң қәтесин дәлиллеў ушын жәнжеллеседи. Ал, буған тийкарынан биреўден үстин келиў тилеги себеп болады.
Егер мәселе динге тийисли болса, надурыс нәрсени бийкарлап, туўрысын баян етип бериў зәрүр. Бирақ, бийҳуда, пайдасыз гәп-сөзлердиң үстинде таласып-тарысыўға ҳәжет жоқ. Бул апаттың даўасы менменликти сындырыўдан ибарат.
Сөйлегенде сөзди жақсы жеткерип бериў де сөйлеў әдеплеринен. Бир мүсийбет мысалын алып қарайық. Әдетте өлим сөзиниң орнына “қайтыс болды” сөзи қолланылады. Бул Қураны Кәрийм аяты Кәриймасындағы “инна лиллаҳи ўа инна иллайҳи рожиъун” яғный “Биз Аллаҳ тааланыкимиз ҳәм әлбетте Оған қайтыўшылармыз” сөзине жүдә сай келеди.
Инсанның қәдир-қымбатын жоқары тутып, бир-бирин қәстерлеп жасайтуғын адамгершиликли халқымыз базы бир түсиниклерди туўрыдан-туўры емес, сыпайыластырып, жумсартып айтыўдан — эвфемизмлерден пайдаланады.
Жоқарыдағы мысалдағы өлим сөзиниң орнына қайтыс болды ямаса әжели жетти, пайнамасы толды, аманатын тапсырды, көз жумды, мүсийбет жетти киби сөзлер қолланылады. Бундай ҳалатта егер жас бала қайтыс болған болса шетнеди сөзин қолланылады.
Бундай әдеп-икрам халқымыздың қан-қанына сиңип кеткен әзелий мириўбетлик, бир-бириниң кеўлине азар бермеў киби адамгершилик пазыйлети. Және де бул сөзди туўры пайдаланып, оның гәўҳарлығын аян етиўинде.
Аз ҳәм саз сөйлеў де сөйлеў әдеплериниң бири. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:» Ким Аллаҳқа ҳәм ақырет күнине ийман келтирген болса, жақсы гәп айтсын ямаса тыныш турсын», — деди». Бухарий, Муслим, Әбиў Даўыт, Термизийлер рәўият қылған.
Бабаларымыз аз сөйлеўди, көп пикирлеўди, сөйлегенде де, тек зәрүр, ырас, пайдалы сөзлерди сөйлеўди, сөзди ысырап етпеўди әдет қылған, басқаларды да соған шақырған. Егер ақыл адамлардың гәп сөзлериниң муғдары бойынша өлшенгенде, адамлардың ең ақыллысы олардың ең көп сөйлейтуғынлары болар еди. Бирақ әлбетте ондай емес. Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳу: “Аўзыңа қарағанда қулақларыңды көбирек ислет. Аз сөйлеп көп тыңлаўың ушын саған бир аўыз, еки қулақ берилген», — деп айтады.
Айрымлар сөзлерди жасалма теңеўлер менен безеп, ядлап алынған сөзлерди қолланып, адамларға жағыныў мақсетинде сөйлемекши болады. Инсан мүнәсибетлеринде ҳәм илимий мәжилислерде бул «даналық»тың сыры тез әшкара болады.
Сөйлеўде де Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ҳәмме тараўда бәршеге өрнек екенлигин умытпаўымыз керек. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам сөйлегенде асықпай, алдында отырған адам ядлап алатуғын дәрежеде дана-дана етип, бөлип-бөлип сөйлейтуғын еди. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның мүбәрек аўзынан шығып атырған сөзлерди бир адам санаса, санап үлгерер еди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның сөзлери ең анық сөз болып, оны еситкен ҳәр қандай адам аңсат түсинип алар еди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам түсиникли болыўы ушын керек болған ўақтында сөзин үш рет тәкирарлайтуғын еди.
Жасы, илими ҳәм абырайы өзинен жоқары болған адамлардан алдын гәп басламаў, сөйлеп атырғанда оның гәпин бөлмей, ақырына шекем дыққат пенен тыңлаў да сөйлеў әдеплеринен есапланады. Ҳәр бир мәжилисти алым яки пазыйлетли инсан, яки жасы уллы басқарады. Оның рухсатысыз мәжилисте сөз айтыў, бундай адамлардан алдын сөз баслаў, басқаларды аўзына қаратыўға урыныў, қатты ҳаўазда күлиў, қасындығылар менен сөйлесип отырыў әдепсизлик саналады. Биреўдиң гәпин бөлиў, сөзин бөлип жибериў оған ҳүрметсизлик етиў менен бирге, оның пикирин шалғытып жибереди, нәтийжеде ол айтпақшы болып турған сөзлерин умытып қояды.
«Мөминде ҳәмме қулықлар болыўы мүмкин, бирақ қыянет ҳәм өтирик емес», — деп Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам өтирик сөйлеў мөминниң қулқы емеслигин айтады. Мусылман адам ықласлы ҳәм тақўадар болыўы менен бир қатарда туўры сөзли де болыўы лазым.
Қураны Кәриймде Аллаҳ таала былай буйырады: «Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳ тааладан қорқыңлар ҳәм (ийманда) садық болғанлар менен бирге болыңлар!» Аллаҳ тааланың бул буйрығында еки: Бириншиси, инсан өз сөзинде туўры сөйлеўши болыўы, екиншиси, инсан туўры сөйлеўшилер менен бир сапта болыўы нәзерде тутылған. Демек, туўры сөзлик – сөзде, гәпте, әмелде, ибадатта, ҳәр қандай ўазыйпаны қылыўда болыўы лазым.
Ҳақыйқый мөминлер туўры сөзлиликти беккем тутады ҳәм Аллаҳ таала Қураны Кәриймде ўәде қылған үлкен саўапларды үмит етеди. Аллаҳ таала мәрҳәмат қылады: «Аллаҳ таала айтты: «Бул күн садық (мөмин)лерге туўры сөзлиги пайда беретуғын күндур» Олар ушын астынан дәрьялар ағып туратуғын, ол жерде мәңги қалынатуғын жәннетлер бардур. Олардан Аллаҳ таала ыразы болды ҳәм олар Аллаҳ тааладан ыразы болды. Бул үлкен утысдур”.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам былай мәрҳәмат қылады: «Ырас сөйлеўде қәўип-қәтер көрсеңиз де, ырас сөйлеңлер. Сонда утысқа ерисесиз. Ҳәтте пайда көрип турған болсаңыз да, өтириктен сақланыңлар. Себеби бәрибир өтириктиң ақыры қәўип-қәтердур».
Туўры сөзди сөйлеген адамды тастыйықлаў да әдептен болады. Бунда туўрылыққа хызмет қылыў, жақсылық ҳәм тақўа жолында бирге ислесиў үлгиси бар. Арасту айтады: “Туўрылық ушын қурбан болыў — жалғаншы болып узақ өмир көргеннен жақсырақ”.
Гәптиң дәрежесине қарап, жағдай талап еткен рәўиште даўысты көтериў яки пәсейтиў де әдептен. Мысал ушын, көпшиликке қаратылған гәпти бәлент даўыс пенен, жақын турған адамға пәс даўыс пенен сөйлеў керек. Әҳмийетлиси, гәп кимге қаратылған болса, сол адам биймәлел еситсин. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам сондай қылар еди.
Әҳмийетли гәплерди сөйлегенде, бир неше адамға өз алдына мүрәжат еткенде, дәслеп «бисмиллаҳ», ҳамд ҳәм Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламға салаўат ҳәм сәлемди айтып турып, соң гәп баслаў керек. Ҳәдислерде ҳәр бир исимизди «Бисмиллаҳир роҳманир роҳийм»менен басласақ соңы қайырлы ҳәм даўамлы болыўы айтылған.
Айрымлар әллекимлерден еситкен мыш-мыш, тийкарсыз гәплерди мисли өзи гүўа болғандай, биймәлел бәршеге тарқатып жүреди. Бул болса әдепсизлик. Мине өзимизди усындай әдепсизликтен тазалаў ушын ҳәр бир сөзимизди ойлап, соң тилимизге шығарыўымыз лазым. Дана халқымыздың “жети өлшеп бир кес” деген ҳикметине әмел етиўимиз дәркәр. Бул ҳаққында төмендегидей бир рәўиятты келтирип өтиўди мақул таптық. Данышпанның алдына бир адам келип:
-Сизге сөз айтпақшы едим, — депти.
–Асықпа, — депти данышпан.
–Айтпақшы болған гәплериңди үш електен өткердиң бе?
–Ол қандай үш елек?- деп ҳайран болыпты.
–Бириншиси, — депти данышпан: Ҳақыйқат елеги. Гәпиң ҳақыйқат па?
–Билмеймен, мен оны басқалардан еситтим.
–Екиншиси – жақсылық елеги. Айтар сөзиң адамларға жақсылық келтире ме?
–Яқ ондай деп ойламайман, — деп тән алыпты жаңағы адам.
–Бирақ…
Данышпан оның гәпин және бөлипти:
–Онда сөзлериңди үшинши елекке саламыз. Маған усы гәпти айтыўың шәрт пе?
–Яқ шәрт емес…
Сонда данышпан оған:
–Сөзлериң ырас емес, жақсылыққа хызмет қылмайды. Кейин маған айтыўың да шәрт емес екен, кел өзиңди де, мени де қыйнама, — депти.
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Ҳәр бир еситкен нәрсесин айта бериў жалғаншылығына дәлил болады», — деди». (Имам Муслим рәўияты) Ақыбети не болатуғынын ойламай сөйлеў сөйлеўшиниң өзине де, өзгелерге де зыян келтириўи мүмкин. Алдын ойлап, кейин сөйлеў керек. Сәўбетке жуўапкер адам ямаса жасы үлкен адам сорамағанша сөз басламаў, сөз берилген ўақытта бәлент даўыста, мазақлап, асығыс ҳәм қатты даўыста сөйлемеў, бетке шаппаў да әдептиң гөззал үлгилеринен есапланады.
Мәжилис-жыйынларда еки адам бир-бириниң қулағына сыбырлап, жасырын сөйлесилмейди, мәжилис қатнасыўшыларының айрымлары билип, басқалары билмейтуғын тилде сөйлесилмейди. Еки адам бир-бирине сыр айтса, олардың арасына кирип гәплерине қулақ салынбайды. Абдуллаҳ разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Егер үш адам болса, екеўи үшиншисин қойып, сыбырласпайды», — деди». (Имам Бухарий рәўияты)
Сөйлеп атырған ўақытта артықша ҳәрекетлер қылмаў керек. Буған көз, қас, қол ҳәм басқа ағзалардың ҳәрекети де киреди. Сәўбетлесип атырғанда сәўбетлесин түртип, қолынан услап ямаса кийиминен тартып сөйлейтуғынлар да бар. Бул нәрселер де әдепсизликке кирип, бул ислер адамның әдебиндеги кемшиликлерди жүзеге шығарады.
Аллаҳ таалаға, диний тәлийматларға тийисли гәплерди итибарсызлық пенен бузып айтыў үлкен гүна ислерден. Себеби, бунда айтып атырған адам өзи билместен куфр гәплерди айтып қойыў итималы көп болады. Мысалы, Аллаҳ тааланың атларынан бирин, буйрығын, ўәдесин билип турып бузыў кәпирлик есапланады. Және айрым сөзлер бар, олар нағыз кәпирлик кәлимасы болмаса да, өзи ҳарам саналып, айтқан адам кәпир болып қалыў итималы бар. Мысалы, бир адамға “Аўқатты оң қолыңда же, бул сүннет”, деп әдеп берилсе, “Сүннет болса да оң қолда жемеймен” деген сыяқлы. Мусылманларға қарап “Динсиз, иймансызсаң, сен бузықсаң, еки жүзлемешисең”- деп айтыў себепли де адамның ийманына зыян жетип қалыўы мүмкин. Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: “Бир адам келип, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламға айрым ислер ҳаққында айтып: “Аллаҳ ҳәм сиз қәлесеңиз», — деди. Сонда Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Сен мени Аллаҳға тең қылып қойдың ғой! «Аллаҳтың жалғыз Өзи қәлесе», — деп айт», — деди». (Имам Насаий рәўияты)
Инсан ҳеш қашан биреўди сөкпеўи, жаман сөзлерди аўзына алмаўы керек. Тилди ықтыярына қойып жибериў инсанды жалған, ғыйбат, шуғыл, менменлик, алаўызлық, душпанласыў, әдепсизлик, бузық ислер ҳәм басқа түрли жаманлықларға алып барады. Бундай жағдайға дуўшакер болмаў ушын тилди тыйыў абзал. Ҳәдиси шәрийфлеримизде “Тилинен ҳәм қолынан басқаларға азар жеткизбейтуғынлар ҳақыйқый мусылман” делинген.
Өзбекистан Қаҳарманы И.Юсупов сөзи менен айтқанда, тарийхларға гүўа болған, мың бир дәртке даўа болған сөздиң қунын жойтпай, қәдирине жетип, ысырап етпестен, өз орнында қоллана билиў бизиң әдебимизден, өзлигимизден хабар береди. Пуш гәп-сөзлер менен бәнт болған адам гәўҳарды қойып тезекти алған менен барабар болғанындай, өз өмирин бийҳуўда өткерген есапланады. Кәмиллилик сүтини болған Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам үмметлерин артықша, бийҳуўда, жаман ҳәм ҳәжети жоқ сөзлерден қайтарған.
«Кәмил инсан» китабы тийкарында
Идрисов Абдулҳамид таярлады
Муҳаммад ал Беруний ислам билим журты мударриси