MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Сәлемлесиў әдеби

Сәлем сөзи Аллаҳ тааланың исимлеринен бири болып «Әссәләму алайкум» деп айтылып, «Сизге ҳәм сизиң шаңарағыңызға, жақынларыңызға, ийниңиздеги периштелерге Аллаҳ тааланың саламатлығы, тынышлығы, аманлығы болсын» -деген мазмунды билдиреди.

«Бийтаныс адам менен көрисип, таныспақшы болсаңыз сәлем бериўиңиз бенен гәп-гәпке алысады, арадағы жатсыраў, қолайсызлық жоғалады. Ҳәтте душпаныңыздың алдына «Әссәләму алайкум» деп кирсеңиз ол ғәзептен түседи, кек сақлаўы жоғалады, кеўли сизге бейимлеседи» -дейди Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф өз мийнетинде. Себеби, «Әссәләму алайкум» сөзи: «Сизге тынышлық, саламатлық, аманлық болсын»  деген мазмунды билдиреди.

Аллаҳ таала Адам алайҳиссаламды жаратқанда: «Ҳәй, Адам, барып анаў периштелерге сәлем бер, олар қандай жуўап қайтарса, сол сөзлер сениң ҳәм зүрриядларыңның сәлемлесиўи болады»,-деди. Адам алайҳиссалам периштелерге: «Әссәләму алайкум», деп сәлем берди. Периштелер: «Ўа алайкум әссәләм ўа раҳматуллаҳ», деп жуўап қайтарды. Аллаҳ таала билдирген бул сәлемлесиў бизге Адам алайҳиссаламнан мийрас болып қалды.

Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Меккеден Мадинаға көшип өткенде «Афшус салаама байнакум» сөзин енгизди. Себеби, сол гезде Мадинада еки араб қәўими жасайтуғын болып, олар тез-тезден өз-ара урысып турар еди, сонда Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам оларды бир ғана сөз бенен жарастырып, мәңги дослықта жасайтуғын халыққа айландырды. Бул сөздиң мәниси: «Араларыңызда сәлемди жайыңлар» .

Сәлемлесиў ҳаққында көп ҳәдис келген. Олардан айрымларын келтирип өтемиз.

Расулуллаҳ саллалаҳу алайҳи ўасаллам айтты:

Адам мусылман бирадарын ушыратқанда «Әссәләму алайкум ўа раҳматуллаҳ»  десин.  — Аллаҳ таалаға ант, ийманыңыз болмағанынша жәннетке кирмейсизлер, бир-бирлериңизге меҳирли болмағаныңызша ийманлы бола алмайсызлар, қандай қылып бир-бирлериңизге меҳирли болыўды айтайын ба? Бир-бирлериңизге сәлем берип, (тынышлық тилеп) жүриңлер.

— Биринши болып сәлем бергенлер Аллаҳ тааланың алдында жақсы адамлар есапланады.

— Жас кишилер жасы үлкенлерге, жүрип киятырғанлар отырғанларға, азшылық көпшиликке сәлем береди.

— Шаңараққа сәлем берип кирип кел. Сонда саған да, оларға да берекет болады.

— Ушырасқанда сорасыўдың ең кәмили қол берип көрисиў болады.

— Қол берип көрисиңлер, араңыздағы душпаншылық кетеди.

— Ушырасқанда қол берип көрискен еки мусылман, хошласқанларынша гүналары төгиледи.

Сәлем бериўдиң өзине тән өзгешелиги бар. Бул ҳаққында сондай рәўият қылынады:» Мешитке киргенде: «Әссәләму ала Расулиллаҳ»  («Расулуллаҳқа сәлем болсын»), деп, өз үйиңе киргенде «Әссәләму алайкум»  («Сизлерге сәлем болсын»), деп, ҳеш ким жоқ жерге барғаныңда  «Әссәләму алайна ўа ъала ибадиллаҳис солиҳийн»  («Бизлерге ҳәм Аллаҳ тааланың ийги бенделерине сәлем болсын»),-деп айт», делинген.

Аллаҳ таала бизлерге сәлем бериў менен бирге сәлемге жуўап қайтарыўды үйретеди: «Қашан сизлерге сәлемлесиў (түрлеринен бир түри) менен сәлем берилсе, сизлер оннан шырайлырақ қылып сәлемине жуўап бериңлер ямаса соның өзин(дей қылып) қайтарыңлар. Әлбетте, Аллаҳ ҳәмме нәрсениң есабын алыўшыдур»  (Ниса сүреси, 86-аят).

Танығанға, танымағанға сәлем бериў сүннет болса, сәлемди әлик алыў ўәжиб.

Сәлем бериў ҳәм әлик алыў ҳаққында «Сәлемге әлик алыў шәрт, егер әлик алынбаса, сәлем бериўшиге зыяны жоқ» — деген рәўият бар. Бул ҳаққында Хусайн Ўаиз Кашифий былай дейди: «Егер сәлемге жуўап бериў әдеби қайсы», деп сораса, «Буның жети шәрти бар», деп айт. Бириншиден, сәлемди қуўанып әлик алыў. Екиншиден, сәлем бергенге «Раҳмет» деў. Үшиншиден, мусылман болмаған адам сәлем берсе де әлик алыў. Төртиншиден, сәлемге әлик алыўшының да таҳәратлы, пәк болыўы. Бесиншиден, көп адам турған болса, араларынан бир адам сәлемге жуўап қайтарса жеткиликлилиги. Алтыншыдан, сәлемге ишара ямаса ым менен емес, даўыслап әлик алыў. Жетиншиден, сәлемди әлик алғанда сәлем берген адамның еситиўиниң зәрүрлиги.

Рәўиятларда айтылыўынша, ең жақсы әмел ашларды тойдырыў ҳәм таныған-танымаған адамға сәлем бериў болып есапланса, «…Сәлемниң жуўмағы — берекет», — дейди Абдуллаҳ ибн Аббас. Бул ҳаққында Ш.Аяпов:

           «Ассалаўма-алайкум!,- деп дийдар несип еткенде,

            Қол қаўсырып, кеўил тасып, елжиремес баўыр жоқ,

            Бул дүньяның гөззаллығы-дослық, иззет-ҳүрметте»-дейди «Сәлемнама» қосығында.

Жер жүзинде сәлем ҳаққында билмейтуғын, сәлем бермейтуғын халық болмаса керек. Ҳәр бир халықтың өзине тән сәлемлесиў әдеби бар. Бул сол халықтың мәнаўиятынан, қандай халық екенинен дерек береди. Бизиң мусылман халқымыздың өзине тән шырайлы, гөззал сәлемлесиў әдеби бар.

Әдеп-икрамлылықтың биринши белгилеринен болған сәлем бериўде төмендегидей әдеплерге әмел етиў керек.

Сәлемди толық айтыў шәрт. Яғный «Әссәләму алайкум» ямаса және де толықтырып «Әссәләму алайкум ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳ», деп сәлем бериў керек. Себеби, Пайғамбарымыз саллалаҳу алайҳи ўасаллам ҳәдиси шәрийфлеринде: «Бир адам келип: — «Әссәләму алайкум», деп Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламға сәлем берипти. Пайғамбарымыз саллалаҳу алайҳи ўасаллам әлик алып, «он»  деп қойыпты. Екинши адам келип: Әссәләму алайкум ўа раҳматуллаҳ», — деп сәлем берипти. Пайғамбарымыз әлик алғаннан соң «жигирма», депти. Ал, үшинши адам «Әссәләму алайкум ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳ», деп сәлем берипти. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам әлик алып, «отыз», деген екен, саҳабалар ҳайран болып сорапты: — «Я Расулуллаҳ, неге биринши адам менен сәлемлескенде он, екиншисине жигирма, ал үшиншисине отыз деп қойдыңыз? Себебин түсинбедик?»  Пайғамбарымыз жуўап берипти: Биринши адам «Әссәләму алайкум», деди ҳәм он саўапқа ийе болды. Ал, екинши адам «Әссәләму алайкум ўа раҳматуллаҳ», — деди. Оған жигирма саўап жазылды. Ал, үшинши адам «Әссәләму алайкум ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳ», — деп отыз саўап алды (Имам Термизий ҳәм Имам Әбиў Даўыт рәўиятлары).

Әлик алыў да сәлемге жараса шырайлы ҳәм толық болса мақсетке муўапық. Егер сизге «Әссәләму алайкум ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳ», деп сәлем берсе, сиз де бул сөзлерди толық тәкирарлап сәлемлесесиз ямаса қысқа етип «Ўа алайкум», деп қойыўыңыз да мүмкин. Себеби бул жуўабыңыз: «Маған қандай сәлем берген болсаңыз, сизге де сондай болсын» деген мәнини береди.

Сәлем толық, сөзлерин бузбай, ийбе менен орта даўыста, күле шырай ҳалда әдеп пенен бериледи. Сәлем бериўди «сомалайким» (егер усындай делинсе мәниси бузылады ҳәм: сизге өлим болсын, деген мәнисте болып қалады), «Сәлем бердик», «Привет», «Қайырлы күн»  сыяқлы сөзлер менен орын алмастырыўға болмайды. Себеби, булар сәлемлесиў әдебине туўра келмейди. Бирақ, «қайырлы таң», «қайырлы күн», «хош келипсиз»,  «қайырлы кеш», «қайырлы түн»  киби сөзлерди сәлем толық берилгеннен соң айтыў дурыс болады. Әбиў Зар разыяллаҳу анҳудан: Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам «Сизлер менен ушырасқанларыңда қол берисип көрисетуғын ба еди — деди? Сонда Әбиў Зар разыяллаҳу анҳу: — Мен Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам менен ҳеш қашан қол берместен сәлемлеспегенмен». Демек, буннан көринип турыпты сәлем бериўдиң ең жақсы көриниси еки қоллап қол алысып сәлем бериў. Бирақ айрым жағдайларда қол бериспей-ақ сәлемлесиўге болады. Буған көликтеги, көпшилик отырған дастурхан басындағы ҳәм соған усаған ҳалатлар мысал бола алады. 

Ҳәр қандай көликтеги адам пиядаға, пияда отырғанға, азшылық  көпшиликке, жоқары лаўазымдағы адам төменирек лаўазымдағы адамға биринши болып сәлем береди.

Көпшилик отырған жерге кирип барған адам бир адамға емес ҳәммеге сәлем береди, бирақ отырғанлардың ишинен бир адам әлик алса жеткиликли болады. Кирип келген адамның отырғанлар менен қол алысып сәлемлесиўи әдепсизлик саналады.

Ҳәдден тыс ийилип, жерге бүгилип сәлем бериў әдебимизде қадаған етилген. Сәл бас ийзеп сәлем бериўге болады.

Бийтаныс адамларға, жас балаларға да сәлем бериледи.

Ушырасқанда қалай сәлем берилсе, хошласып атырғанда да сондай сәлем менен тарқасады.

Егер бир адам биреў арқалы сизге сәлем айтып жиберген болса, буның жуўабын («Әссәләму алайка ўа алайҳ», деп) дәрҳал қайтарыўыңыз тийис. Сәлем хат арқалы жиберилген болса, кеўлиңизде ямаса хат арқалы жазба түрде «Ўа алайкум ассалам» делинеди.

Сәлем әлик алыў мақул болмаған орынларда сәлем бериў макруҳ саналады. Қуран оқып атырғанға, намаз оқып атырғанға, азан ямаса тәкбир айтып атырғанға, моншада жуўынып атырған адамға, ҳәжетханада отырғанға, нәмәҳрем ҳаялларға, аўзында тағамы бар адамға, уйқылап атырғанға, дуўа, хутба оқып атырғанға, ҳажда «Ләббайка»  айтып атырған иҳрамлы адамға сәлем бериўге болмайды. Соның менен бирге ҳәзирги күнде халық ишинде мәдениятымызға жат болған әдетлерди сәлемлесиўдиң түрлеринен деп билиў надурыс. Мысалы: Айрым жаслардың бас дүгистирип сәлемлесиўи, қол көтерип «саба», «привет» деп сәлем бермекши болыўы, қушақласып, сүйисип сәлемлесиў киби ҳалатлар сәлемлесиў әдебине туўра келмейди. Себеби, Бир адам Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан сорады: «Кимде-ким достысын ушыратқанда қушақласып, сүйисип сәлемлесе ме? – дегенинде Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам –Яқ деп жуўап берди. Онда қол берисип көрисе ме? – дегенинде – Аўа-деп жуўап берди». Қол берип көрискенде, алақанды алақанға қойып, еки қоллап көрисиледи, үзирли жағдайларда ғана бир қоллап көриссе болады.

Узақ ўақыт көриспегенде ямаса жақынларының үйине мийманға барғанда, ер адамлардың қушақласып көрисиўи мақул. Бунда бир-бирин алдын оң көкирекке, кейин шеп көкирекке басады. Соң қол берисип, ҳал-аўҳал соралады.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ҳәдиси шәрийфлеринде «Сәлем сөйлесиўден алдын болады» -делинген. Демек, әдептиң басы сәлемнен басланар екен, ҳәр бир инсан, әлбетте, сәлемин туўры ҳәм шырайлы айтыўға умтылыўы керек.

«Кәмил инсан» китабы тийкарында

Идрисов Абдулҳамид таярлады

Муҳаммад ал Беруний ислам билим журты мударриси