Уламалар нәжат таўыўши жѳнелис бул «Әҳли сүннә ўәл жәмәә» екенине бир даўыстан келисим берген. Ал, «Әҳли сүннә ўәл жәмәә»лар ѳзи кимлер? «Әҳли сүннә» дегени бул Муҳаммад алайҳис салам сүннетине ериўшилер. «Ўәл-Жәмәә» сѳзи болса мусылманлардың кѳпшилиги артынан жүриўшилерди аңлатады. Демек, «Әҳли сүннә ўәл жәмәә» дегени — сүннетке ҳәм жәмәәтке ериўшилер дегени.
Бул жѳнелисти қысқаша қылып, «Сүннийлик жѳнелиси» деп те аталады. Ҳәзирги күнде мусылманлардиң кѳпшилиги, яғный 92,5 % усы сүннийлик жѳнелисине исенеди. Сүннийлик жѳнелиси ѳз ишине Ақидада Мотуридия ҳәм Ашария. Ал, фиқҳда болса 4 мазҳаб: Ҳанафий, Моликий, Шофеий ҳәм де Ҳанбалий мазҳабларын ѳз ишине алади.
Сүннийлик жѳнелисиниң ақийдасына кириўши Мотуридия ҳәм де Ашария ҳаққында айтатуғын болсақ. Бул еки исеним жѳнелиси, бир-биринен онша парық қылмаған ҳалда, тек бир бирин толтырып келеди.
Мотуридия жѳнелисиң тийкаршысы бул Әбиў Мансур Мотуридий болып. Бул жѳнелистиң тийкарғы қағыйдаларын дүзип, тәртипке салған емес. Мотуридийге шекем «Әҳли сүннә ўәл-жәмәә» ақийдасы белгили бир дәрежеде жүзеге келген еди. Әбиў Мансур Мотуридий 642-729 мелодий жыллар арасында жасап ѳткен. Әбиў Мансур Мотуридий сол дәўирдеги ақийда да адасып жүрген ағымлардың зыянлы тәсириниң алдын алыў, олардың қәте ақийдаларына қарсы жуўап бериў арқалы, ҳақыйқый ыхласлы болған мусылманларды, ақийда тараўында тийкар болыўшы қолланбалар менен тәмийнлеўди нийет еткен еди.
Ашарийлик тәлийматының тийкаршысы Әбул-Ҳасан Әлий ибн Исмайыл Ашарий 873-мелодий жылда Басра қаласында дүньяға келген, ҳәм де 935-жылы Бағдадда дүньядан ѳткен. Әбул-Ҳасан Ашарий мотазила ҳәм сол сыяқлы ағымлардың пикирлерине, ҳәр жерде қарсы шығады ҳәм оларға мүнәсип жуўап қайтарады. Алымлар арасында «Әҳли сүннә имамы», «Әҳли сүннә қәўендери» деген атаққа ийе болады.Нѳкис «Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний» орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы, Мухамматдинов Ағзамматдин.