Усы жылдың 28 феврал күни Өзбекстан мусылманлары басқармасында жаңа редакциядағы нызам ҳәм мийнет шәртнамаларын быйкарлаўдың айрықша қәсийетлери атамасында жыйналыс өткерилди. ZOOM платформасы арқалы шөлкемлестирилген иләжда Диний тараў системасындағы барлық шөлкем юрист ҳәм кадрлар бойынша қәнигелер қатнасты.
Соныда айтып өтиў керек бул жыйналысқа билим журты юристи А.Атабаев ҳәм де кадрлар бойынша жетекши қәниге Д.Испендияров ZOOM платформасы арқалы онлайн тәризде қатнасты.
Билим журты баспасөз хызмети