27-феврал күни Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтының бир топар талабалары қаламызда жайласқан Арқа-батыс әскерий округи Нөкис гарнизонында болып, бул жердеги жаратылған шараятлар ҳәм музей экспонатлары, көргизбелер менен танысты.
Саяхатдан гөзленген тийкарғы мақсет — талабалардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олардын Ўатанға болған мухаббатын күшейтиў, сондай-ақ, ел тынышлығын қорғаўдай уллы кәсипке деген қызыўшылығын оятыу болып табылады.
Иләж даўамында Арқа батыс әскерий округи қәнигеси тәрепинен мәмлекетимизде әскерий тараў бойынша қолға киргизилген бир қанша жетискенликлер, Президентимиз тәрепинен әскерлерге берилип атырған имкәниятлар ҳаққында талабаларға бир қанша мағлыўматлар берди.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өз ҳәдисинде:
Бир кеше-күндиз «рибат» (яғный душпан алдында турып, шегараны қорғаў) бир ай (нәпил) ораза тутқан ҳәм бир ай түнлери турып (нәпил) ибадат қылғаннан жақсырақ», деген екен.
Имам Бухарий рәўияты
Ҳақыйқаттан да, Елимиздиң қорғаў қудирети жылдан-жылға асып бармақта. Соңғы жылларда әмелдеги қурал-асбаплар ҳәм техникалер жаңаланып, модернизация етилди. Әскерий структуралар искерлиги, әскерий бөлим ҳәм мәкемелер инфраструктурасы жақсыланды.
Иләж соңында талабалар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Билим журты баспа сөз хызмети