Аллаҳ таала Қураны кәриймде былай деген: «Муҳаммад Аллаҳтың елшиси». (Фатҳ сүреси, 29-аят)
Жоқарыдағы аятта Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның исимлери де, ўазыйпалары да айтып өтилген.
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның атқарған исиниң жоқары екенин баян етиўде, мүбәрек атының да өзине тән орны бар. Басқа пайғамбарлардың атларының ишинде ҳеш бир пайғамбардың атында бундай мәни жоқ. Айырым пайғамбарлардың атларының мәнилерине итибар беретуғын болсақ:
1) Адам алайҳиссаламның атының мәниси “бийдай реңли” дегени. Адамзаттың әкесиниң аты, ол кисиниң денесиниң реңин аңлатқан.
2) Нуҳ алайҳиссаламның атының мәниси “рәҳәт” дегени. Әкеси баласын рәҳәтке себеп деп усындай қойған.
3) Исҳақ алайҳиссаламның атының мәниси “күле шырай етиўши” дегени. Ол киси мудамы ашық жүзли болғаны ушын усындай аталған.
4) Яқуб алайҳиссаламның атының мәниси «изинен ерип келиўши» дегени. Ол киси әжағасы менен егиз болып туўылғаны ушын усындай аталған.
5) Муўса алайҳиссаламның атының мәниси «Суўдан шығарып алынған» дегени. Ол киси салынған сандық суўдан шығарып алынғанда, усы ат пенен аталған.
6) Яҳя алайҳиссаламның атының мәниси “Узақ өмир” дегени. Кексе ата-анасының ҳалына қарап қойылған.
7) Ийса алайҳиссаламның атының мәниси «Қызыл жүзли» дегени. Жүзи мудамы қып-қызыл болғаны себепли усындай қойылған.
Жоқарыдағы атларға қарасаңыз ҳәм мәнилерин көрсеңиз, олар мәлим бир нәрселерге тийкар етип қойылғанын көресиз, бирақ оларда Муҳаммад сөзиниң мәнисиндей бир мәни ушырамайды.
Муҳаммад араб тилинде «ҳаммәдә» өзегинен арттырылған көринисте алынған болып, «Жүдә көп ҳәм тоқтамастан мақталған» дегени. Себеби, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Аллаҳ тааланың алдында да көп мақталған. Муқарраб периштелер алдында да көп мақталған. Бәрше пайғамбарлар алдында да көп мақталған. Жер жүзи алдында да көп мақталған. Ҳәттеки күпир әҳли де буны тән алған.
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам «Мақоми маҳмуд» ийеси. «Ҳамд байрағы» әйне Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның қыяметтеги байрағының аты. Қыяметте Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның үмметлериниң аты да әйне усы мүнәсибет пенен ҳаммадун «Жүдә көп ҳамд айтыўшылар» болады.
Абдураҳман Идрисов
Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты мударриси