Нөкис қаласы Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты 2023-2024 оқыў жылы ушын өткерилетуғын Ашық сабақ лар кестесине тийкар устаз Караматдин Нажиматдинов нәўбеттеги Ашық сабағын талабалар нәзерине усынды.
Ашық сабағы 26-февраль күни биринши пара 4 курс б топар талабаларына Улумул Қуран пәни бойынша өткерилди. Өткерилген бул Ашық сабақ барысында эксперт сыпатында билим журты директоры Ж.Абдиразаков, билим журты Оқыў ислери бойынша директор орынбасары С.Кудайбергенов, Оқыў методикалық бөлим баслығы Ө.Шамуратов, методист З.Сагидуллаев, оқытыўшылардан А.Якупов ҳәм И.Аллаяровлар қатнасты ҳәм сабақ барысын анализлеп отырды.
Ашық сабақты өткериўден тийкарғы мақсет, бул билим журты оқытыўшыларының тийисли пәни жетискенлиги, талаба жаслардың сабақ бойынша еледе жаңа жаңалықлардан хабардар болыўы, жаңа педагогикалық технологиялар, сол тийкарда жаңа методлардан пайдаланған ҳалда сабақ процессин пухта таярланған ҳалда сабақты қызықлы өткериў ҳәм усы арқалы сапалы билим бериўди енгизиўден ибарат. Сабақ жуўмағында экспертлер тәрепинен сабақ барысы, жетискенликлери, кемшиликлери, пикир ҳәм усыныслары бойынша талықлаў өткерилди. Онда билим журты директоры Ж.Абдиразаков сөз алып, оқытыўшы К.Нажиматдиновтың жетискенликлери, алдағы сабақ барысында итибар қаратыўы керек болған мәселелер бойынша өз пикир усынысларын билдирип өтти. Буннан соң Ашық сабақ бойынша билим журты Оқыў ислери бойынша директор орынбасары С.Кудайбергенов, Оқыў методикалық бөлим баслығы Ө.Шамуратов, методист З.Сагидуллаев, қәнигелик пәни оқытыўшылары А.Якупов, И.Аллаяров сабақ барысы бойынша пикир усыныслар берип өтти. Экспертлер тәрепинен оқытыўшы К.Нажиматдинов тәрепинен өткерилген ашық сабақ айрықша өткерилди деп есапланды