Бүгин 10-феврал күни Нөкис Муҳаммад ибн-Ахмад ал-Беруний орта арнаўли ислам билим журты Мәлимлеме ресурс орайында Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳәзретлериниң «Фиқҳ ва Ақидага оид ихтилофли масалалар ечими» китабы көргизбеси болып өтти.
Иләжда Нөкис Муҳаммад ибн-Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты талабалары, билим журты қәнигелик пәни оқытыўшысы Смамутов Қайрат ҳәмде Мәлимлеме ресурс орайы баслығы Сапашев Зулфиқар қатнасты.
Көргизбе даўамында Сапашов Зулфиқар қатнасыўшыларға китап ҳаққында қысқаша түсиник берип өтти.
Жыйналыс жуўмағында көргизбеге қатнасқан талабалар бул китап жөнинде өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.