Мажилисти Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахраматдин Разов кирис сози менен ашып берды.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы орынбасары ,Ташкент ислам институти ректоры М.Муҳаммадсиддиқов бүгинги күндеги ең әҳмийетли машқала – социаллық тармақлар арқалы инсанлар арасында жаўызлық, қорқыныш сезимлерин пайда етиўши хабарлар, жат диний ағымлар ҳәм ҳәр түрли пуллы ойынлар сыяқлы жат иллетлердиң тәсирине түсип қалмаў ҳәм кең жәмийетшилик арасында да олардың унамсыз ақыбетлери ҳаққында айтыў ҳәм адамларды бундай жоллардан қайтарыў бойынша айтып өтти.