MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

МАХМУДХОЖА БЕҲБУДИЙ ШЫҒАРМАЛАРЫНДА ТӘРБИЯ ҲӘМ АҒАРТЫЎШЫЛЫҚ ИДЕЯЛАРЫ

Махмудхожа Беҳбудий — өзбек миллий ояныў дәўириниң жарқын ўәкиллеринен бири болып, халықты илим-ағартыўшылық жолы менен раўажланыўға жетеклеўди өз өмириниң бас мақсети деп билген. Оның бай әдебий ҳәм публицистикалық мийрасы, әсиресе, тәрбия ҳәм ағартыўшылық идеяларына бағышланған шығармалары бүгинги күнде де үлкен әҳмийетке ийе. Беҳбудий пикиринше, ҳәр қандай жәмийеттиң раўажланыўы бәринен бурын оның руўхый байлығы ҳәм жас әўладтың пуқта тәрбиясы менен тығыз байланыслы. Соннан келип шыққан ҳалда, ол өз шығармаларында халықты оятыў, жаўызлықтан қутқарыў, илимге, ағартыўшылыққа шақырыўды тийкарғы ўазыйпа сыпатында алға қойған. Бүгинги мақалада Маҳмудхожа Беҳбудийдиң тәрбия ҳәм ағартыўшылыққа байланыслы идеялары талланады. Атап айтқанда, оның драмалық, публицистикалық ҳәм сахналық шығармаларындағы жәмиетлик-руўхый көзқараслары, бул идеялардың өз дәўириндеги ҳәм ҳәзирги замандағы әҳмиети, сондай-ақ, оның ағартыўшылық жумысының жәмиетлик турмыстағы орны кеңнен сәўлелендириледи.                                                              Беҳбудийдиң пикиринше, ҳәр қандай халықтың ертеңги күни олардың перзентлерине берилип атырган тәрбияга байланыслы. Ол өз шығармаларында бул мәселени терең таллаған. Мәселен, 1911-жылы жазылған «Падаркуш» драмасында тәрбияның жоқлығы, әдепсиз орталықта өскен баланың қандай апачылыққа алып келетуғыны айқын көрсетиледи. Шығармада бас қаҳарман Сәлим, жат идеяларға ерип, өз әкесин өлтиреди. Бул трагедия арқалы Беҳбудий жас әўладты надурыс орталықтан сақлаў зәрүрлигин, оларды дурыс жолға бағдарлаў жуўапкершилиги биринши гезекте ата-аналарға ҳәм жәмийетке жүкленгенин көрсетеди. Сондай-ақ, Беҳбудий өз мақалаларында тәлим-тәрбия процесин жаңалаў зәрүрлигин турақлы атап өткен. Оның жазыўынша, ески усылда оқытылатуғын мектеплерде тек ғана Қуран үйретиледи, бирақ балалар өмирге таярланбайды. Сол себепли, ол жаңа усылдағы мектеплер, яғный «усули жадид» тийкарындағы мектеплерди енгизиўди үгит-нәсиятлады. Ол тәбийий пәнлер, география, тарийх, медицина ҳәм шет тиллерин билимлендириў процесине киргизиў тәрепдары болган. Беҳбудий, сондай-ақ, оқытыўшылардың жеке тәрбиясы, дүняқарасы ҳәм кәсиплик шеберлигине айрықша итибар берген. Оның пикиринше, «Ҳәр бир устаз ең дәслеп өзи үлгили инсан болыўы керек, себеби бала устазына ереди.» Бул пикир бүгинги заманагөй билимлендириў системасы ушын да оғада әҳмиетли бағдар болып қалмақта.

Ағартыўшылық Беҳбудийдиң пүткил дөретиўшилигин қамтып алған жетекши идея болып табылады. Ол халықты жаўызлық, үрп-әдет, саўацызлықтан қутқарыў ушын илим-ағартыўшылықты үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратқан. Оның «Айна» атлы журналда басып шығарған мақалалары әне усы мақсетке хызмет еткен. Бул мақалаларда ол заманагөй илим жетискенликлерин халық тилинде әпиўайы ҳәм түсиникли етип жеткериўге умтылған. Әсиресе, ҳаял-қызлар билимлендириўи ҳаққында жазған мақалалары жәмиетлик санада жаңа көзқараслардың қәлиплесиўине себеп болған.Мәселен, ол «Ҳаяллар да оқыўы керек» деген пикирди алға қояды ҳәм бул арқалы гендер теңлиги, ҳаялдың жәмиеттеги орны ҳаққындағы алдыңғы идеяларын үгит-нәсиятлаған. Беҳбудий ҳаяллар тек үй-руўзыгершилик жумыслары менен емес, ал балаларды тәрбиялаў, жәмиетте белсене қатнасыў арқалы раўажланыўға үлес қосыўы зәрүрлигин атап өткен.Сондай-ақ, оның «Рус мектеплери ҳаққында» мақаласында өзбек ата-аналарын балаларын заманагөй рус мектеплерине жибериўге шақырады. Бул арқалы ол жәмиетти кеңнен пикирлеўге, дүняқарасты өзгертиўге ийтермелейди. Бул идеялар арқалы Беҳбудий халықты заман менен тең болыўға, дүняқарасы кең, билимли инсанларға айланыўға шақырады.Буннан тысқары, ол илимниң күшин сондай сөзлер менен көрсеткен: «Илим — миллеттиң өмири, наданлық болса апачылық жолы.» Усы идея оның барлық шығармаларының идеялық негизин қурайды.

Беҳбудий өз шығармаларында көркем образлар арқалы әҳмийетли социаллық идеяларды билдириўге үлкен итибар қаратқан. Әсиресе, «Падаркуш» драмасында қарама-қарсы образлар арқалы тәрбиялы ҳәм тәрбиясыз жаслардың тәғдирин салыстырған. Сәлим — надан, нәпсиқаў, жат идеялар тәсиринде өз әкесин өлтиретуғын образ болса, Абдулла билимли, ата-анаға ҳүрметли, ийманлы жас сыпатында сүўретленген. Бул арқалы автор оқыўшыны дурыс жолға бағдарлаў, руўхый тәрбияның қаншелли әҳмиетли екенлигин көрсетип береди. Сондай-ақ, Беҳбудий «Саяхачы Ҳиндстанда» сыяқлы аўдарма шығармалары арқалы да оқыўшыны басқа халықлардың руўхый турмысы, илимге болған мүнәсибети менен таныстырады. Бул шығармада ҳинд жәмийетиндеги реформалар, билимлендириў системасындағы жаңалықлар ҳәм миллий ояныў идеялары сәўлелендириледи. Беҳбудий бул арқалы өзбек халқы да өзиниң тарийхый имканиятларын аңлап, раўажланыўға умтылыўы кереклигин уқтирады.Оның оқыўшыларға усынған көркем образлары, социаллық машқалаларға бағдарланған сюжетлери, драмалық ўақыялары арқалы бәрқулла тәрбия ҳәм ағартыўшылықтың үстинлигин алға қояды.

Жуўмақлап айтқанда, Махмудхожа Беҳбудий өз шығармаларында жәмийетти оятыў, жас әўладты илимли, руўхий бәркамал инсан етип тәрбиялаў сыяқлы идеяларга айрықша итибар берген. Ол тек жазыўшы ҳәм драматург емес, ал муғаллим, үгит-нәсиятлаўшы, реформатор сыпатында да халық санасын сәўлелендирген. Тәрбия ҳәм ағартыўшылық — оның пүткил дөретиўшилигиниң орайлық идеясы.Сол себепли, ҳәзирги күнде де Беҳбудийдиң шығармалары жасларға миллий өзликти аңлатыў, заманагөй пикирлеўге ийтермелеў ҳәм еркин турмысқа таярлаўда әҳмиетли қурал болып хызмет етеди. Оның «Илимсиз миллет ҳеш қашан раўажлана алмайды» деген сөзлери бүгинги заманагөй жәмиетимиз ушын да әҳмиетли ҳәм өз күшин жоғалтпаған ҳақыйқат болып есапланады.

Билим журты оқытыўшысы М.Нарманов