MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Мусылманды кәпир деп айтыўдың ҳүкими

Бул мәселе оғада нәзик ҳәм қәўипли. Әсиресе ҳәзиргидей ақыйда илими билимданлары кем, оны излегенлер оннан да кем болып, әйтеўир нәрсеге көпшиликти кәпир ямаса мушрикке шығарып жибере беретуғын  бир заманда. Әлбетте, ҳәр бир машқаланың себеплери ҳәм факторлары болғаны сыяқлы, адамларды аңсат ғана кәпир я мушрикке шығарып жиберетуғын-лардың көбейиўиниң де өзине тән себеп ҳәм факторлары бар. Оларды терең-нен үйрениўди қәнигелерине тапсырып, биз өзимизге тийисли жерин баян етиўге кирисемиз. Ислам ҳаққындағы көплеген қәтелер қатарында, бул мәселедеги қәте де тийкарынан адамлардың диний билими жоқлығы яки қәтелигинен келип шығады. Ең жаманы – сол кемшиликти туўрылаўға ҳәрекет қылмаўда.

Усы мәниде адамларға айтып жүрген мағлыўматларымызды жазып та қойыўға қарар еттик.

Бул мәселеде «Шарҳи «Ақыйдатут Таҳаўийя» китабында төмендегилер айтылады:

«Әҳли қыблалардан ҳеш бирин гүнаҳ себепли кәпир қылмаймыз, егер буны ҳалал санамаса».

Бул сыяқлы мәселелерде «әҳли қыбла»дан мақсет, Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам келтирген барлық нәрселерге ийман келтирип, динниң тийкарғы нәрселеринен бирде нәрсени инкар қылмағанлар көзде тутылады.

Демек, «Әҳли қыблалардан ҳеш бирин гүнаҳ себепли кәпир қылмай-мыз», дегени, Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам келтирген барлық нәрселерге ийман келтирип, динниң тийкарғы нәрселеринен ҳеш нәрсени инкар қылмаған адамды кәбира гүнаҳ яки басқа гүнаҳ себепли «кәпир» деп ҳүким шығармаймыз, дегени.

Бирақ гүнаҳ ислерди қылған адамды «Кәпир болды», деп айтатуғынлар өзлериниң аят ҳәм ҳәдислерге әмел қылып ис тутып атырғанын айтады ҳәм дәлиллер келтиреди.

Қураны Кәрийм ҳәм Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳәдис-леринде «күпир» деп аталған гүнаҳларға мысаллар төмендегилер:

ﮤ ﮥ ﮦ ﮧ ﮨ ﮩ ﮪ ﮫ ﮬ ﮭ

  1. «Ким Аллаҳ нəзил қылған нəрсе менен ҳүким қылмаса, əне солар – кəпирлер» (Маида сүреси, 44-аят).
  2. Нәбий алайҳиссалам: «Мусылманды сөгиў пасықлық. Ол менен урыс қылыў күпир», деген.

Бухарий ҳәм Муслим рәўият қылған.

  • Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Меннен кейин бир-бириңиздиң мойныңызды шаўып, кәпир болмаң» деген.

Бухарий ҳәм Муслим рәўият қылған.

  • Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Мусылман менен күпирдиң ортасында намазды тәрк қылыў бар», деген.

Муслим рәўият қылған.

  • Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Аллаҳтан өзгениң атына ант ишсе, ҳақыйқатта, кәпир болыпты», деген.

Имам Ҳәким рәўият қылған.

Бул мәселеде Әҳли сунна ўа жамаъа шығарған жуўмақ, мөмин адам гүнаҳы кәбийра қылыўы менен кәпир болып қалмайды. Бирақ егер сол исти ҳадал санаса, кәпир болады. Мысал ушын, арақ ишкен адам оны ҳадал деп итиқад қылса, кәпир болады. Арақты ҳадал деп итиқад қылмай ишсе, асый болады.

Әҳли сунна ўа жамаъа уламаларының барлығы гунаҳы кәбийра қылған мөмин пүткиллей диннен шығып кететуғын кәпир болмайтуғынына уйғар-ған. Себеби күпир екиге итиқадый күпир ҳәм әмелий күпир, басқаша қылып айтқанда, Исламнан шығаратуғын күпирге ҳәм мажазий күпирге бөлинеди.

Айырым гүна ислердиң аят ҳәм ҳәдислерде «күпир» деп айтылыўынан әйне сол әмелий – мажазий күпир нәзерде тутылған.

Егер гунаҳы кәбийра менен диннен толық шығып кететуғын болса, гүнакар муртад болып, оны өлтириў ўажиб болып қалар еди. Ол әпиў қылынбас еди. Зина, урлық, арақ ишиў ҳәм биреўди зинада айыплаўда ҳадд (шәрий жазалар) енгизилмеген болар еди.

Шәрияттың ҳүкиминде болса бундай гүналарды қылған адамлар «муртад» деп емес, «жазаға ылайық жынаятшы» деп табылған. Биз жоқарыда мысал қылған, арақ ишкен адамға дәрре урыў белгиленген. Егер арақ ишкен адам диннен шығып, кәпир болатуғын болса, оны муртад ретинде өлтириў лазым болар еди.

Айырым гүналарды қылғанлар диннен шығатуғын дәрежеде кәпир болмаўына аяты кәриймалардан дәлиллер бар:

Аллаҳ таала Бақара сүресинде төмендегилерди айтады:

ﮉ ﮊ ﮋ ﮌ ﮍ ﮎ ﮏ ﮐ ﮑ ﮒ ﮓ ﮔ ﮕ ﮖ ﮗ ﮘ ﮙ ﮚ ﮛ ﮜ ﮝ ﮞ ﮟ ﮠ ﮡ ﮢ ﮣ

«Ҳәй ийман келтиргенлер! Сизлерге өлтирилген адамлар ушын өш алыў парыз қылынды: азат адам орнына азат адамнан, қулдың орнына қулдан, ҳаялдың орнына ҳаялдан (өш алынады). Кимге өз ағайинлеринен бир нәрсе әпиў етилсе, онда жақсылық пенен ерсин ҳәм қунды төлеў де жақсылық пенен болсын» (178-аят).

Бирақ, аяты кәриймаға муўапық, адам өлтирген адамды өш алыў ушын өлтириў шәрт емес, ал өлиниң ийелери кешип жиберсе, өлтирмей қойып жиберсе, орнына қун пулын алса да болады. Бунда өлиниң ийеси ҳақысын жақсылық пенен сораўы лазым, айыпкер тәреп те олардың ҳақысын жақсы-лық пенен қайтарыўы тийис:

«Кимге өз ағайинлеринен бир нәрсе әпиў етилсе, онда жақсылық пенен ерсин ҳәм қунды төлеў де жақсылық пенен болсын».

Егер өлиниң ийелери мәртлик етип, жынаятшыны әпиў етип, оны өлтириўди талап етпеди ме, ақырына шекем мәрт болып, қун пулын да урыс-жәнжелсиз, жақсылық пенен, разылық ҳәм мүләйимлик пенен сорасын. Жынаятшы ҳәм оның адамлары да екинши тәрепке жеткен мүсийбет, жоғалтыў ҳәм қәлиб жарақатын умытпай, олардың кеўиллерине тәселле берип, ғәрремлик қылмай, кешиктирмей, қунды жақсылап төлесин.

Аллаҳ таала бул аятта биреўди қастан өлтирген адамды ийманлылар қатарынан шығармады. Оны өш алыўшы тәрепке бирадар деп атады.

Егер «Мөмин-мусылманды өлтирген адам кәпир болады» деген ҳәдистеги күпир мажазий болмай, Исламнан шығаратуғын күпир болғанда, адам өлтирген киси муртад болып, анық өлтирилиўи керек еди.

Аллаҳ таала Ҳужурот сүсериниң 9-аятында:

ﮙ ﮚ ﮛ ﮜ ﮝ ﮞ ﮟ

 «Егер мөминлерден еки топар өз-ара урысып қалса, дәрриў олардың арасын жарастырың», деп турып, кейинги аятта:

ﯜ ﯝ ﯞ ﯟ ﯠ ﯡ

«Әлбетте, мөминлер ағайин есапланады, солай екен, сизлер еки ағайиниңиздиң арасын жарастырың», деген (10-аят).

Белгили саҳиҳ ҳәдистиң мәнисине қарағанда, бир-бирине қарсы қурал көтерген мусылманның екеўи де кәпир болыўы лазым еди. Бирақ сол ҳәдистеги «күпир» сөзи мажазий болғаны ушын, бул аятта урысқанларды мөмин деп айтылып атыр ҳәм «ағайинлериңизди жарастырың», деп буйрық берилип атыр, «Оларды диннен шыққан кәпир ретинде өлтириң», делинген жоқ.

Сондай-ақ, Қуран ҳәм сүннет ҳәмде ижмаъда келген текстлерде зинакар, уры ҳәм басқа үлкен гүналарды қылғанларды өлтирмеўге, оларға ҳадд (шәрий жаза) қолланылыўына дәлиллер келген. Бул болса олардың муртад болмаўын талап етеди.

Бирақ буннан «гүналарды қыла бериўге болады екен ғо» деген пикирге барыў надурыс. Бул мәниде оғада абайлы болыў керек. «Гүнаны қыла берсе болады екен», деўдиң өзи күпирге алып барады.

Гәп бир адамды кәпирге шығарып жибериў аңсат емеслиги ҳаққында кетип атыр. Соның ушын да қатты абайлы болыў керек. Өкинишли тәрепи, бурынлары да, ҳәзирги күнде де адамларды кәпирге шығарыўға қуштар ким-селер көп.

Негизи, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның өзи де жоқарыдағыға уқсаған ислерге қарсы болған.

عَنْ أَنَسٍ t قَالَ: قَالَ رَسُولُ اللهِ r: «الْكَفُّ عَمَّنْ قَالَ لَا إِلَهَ إِلَّا اللهُ، وَلَا نُكَفِّرُهُ بِذَنْبٍ، وَلَا نُخْرِجُهُ مِنَ الْإِسْلَامِ بِعَمَلٍ». رَوَاهُ أَبُو دَاوُدَ.

Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:

«Ләә иләәҳә иллаллоҳу», деген адамға тиймеў: Гүнасы себебинен оны кәпирге шығармаймыз. Әмели себепли оны Исламнан шығармаймыз», деди».

Әбиў Даўыт рәўият қылған.

Бул ҳәдиси шәрийпте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам үш әҳмийетли мәселени айтып атыр:

  1. «Ләә иләәҳә иллаллоҳу», деген адамға тиймеў».

 Яғный, кәлиймайы шаҳадатты айтып, өзиниң мусылман екенин билдирип турған адамға тиймеў, оның жанына, малына қол қатылмаў керек. Сыртынан мусылман болып көринип, Исламның заҳырый әмеллерин қылып жүргенлер менен мусылманша қарым-қатнас қылына береди. Адамлардың ишки сырлары ҳәм есап-китаплары Аллаҳ тааланың Өзине тапсырылады!

  • «Гүнасы себебинен оны кәпирге шығармаймыз».

Яғный, «Ләә иләәҳә иллаллоҳу»ны айтып, сыртынан мусылман болып көринген адамды қылған гүна иси себепли кәпирге шығармаймыз. Ол кәпир емес, асый мөмин болады.

  • «Әмели себепли оны Исламнан шығармаймыз».

Яғный, кәлиймайы таўҳийдты айтып, сыртынан мусылманшылықты көрсетип турған адамды әмели себепли Ислам дини, Ислам миллетиннен шығармаймыз. Ондай адамларға қылған исине мүнәсип белгиленген шәрий жаза бериледи. Итиқады бузылмаса, Исламнан шыққан есапланбайды. Мине усы — улыўмалық қағыйда!

Солай болғаннан кейин биреўди кәпирге шығарыўға зинҳар асықпаў керек. Егер Аллаҳ таалаға ширк келтирмеген болса, оны «кәпир» деў дурыс емес. Өйткени, Аллаҳ таала ширктен басқа гүналарды кешириўи мүмкин екенин Өзи айтқан.

Мужтаҳид уламаларымыз парыз екени ҳәм ҳарамлығы ҳаққында ихтилаф қылған ҳәмде Қураны Кәрийм ҳәм Сүннетте қатъый дәлили жоқ нәрселерди бийкарлаў күпирге алып бармайды.

Биреўди кәпир деў аңсат зат емес. Себеби буның изинен келип шығатуғын ҳүкимлери оғада қәўипли.

Бириншиден, имам Бухарый Ибн Умар ҳәм Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылған ҳәдиси шәрийпте Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Қашан бир адам өзиниң бирадарына «Ҳәй, кәпир» десе, екеўиниң биреўи сондай болады», деген.

Яғный жаңағы адам кәпир болмаса, оны «кәпир», деген адамның өзи кәпир болады. Себеби мусылманды кәпир деўдиң ҳүкими усындай. Демек, биреўди кәпир деп айтыўдан алдын бул гәпи өзине қайтыўы мүмкин екенин ойлап көриўи шәрт.

Екиншиден, биреўди «кәпир» деп ҳүким шығарылса ҳәм сондай болса, изинен оғада қәўипли ислер жүзеге шығады:

  1. Ол менен ҳаялы ортасындағы неке бузылады.
  2. Перзентлери оның қараўынан шығады.
  3. Жәмийет ағзалығынан айрылады.
  4. Оны мекемеге берип, «муртад» деген ҳүким шығарылады.
  5. Ол өлсе, жуўылмайды, кепинленбейди, жаназасы оқылмайды, мусылманлардың қойымшылығына көмилмейди ҳәм мийрастан айрылады.
  6. Сол ҳалда өлсе, дозақый болады.

Соның ушын да тақўадар ҳәм ықласлы уламалар биреўди «Кәпир», деп айтыўды өзлерине мүнәсип көрмейди. Айырымлары илгери бул исти қылған болса, кейин бул мәнидеги фатўаларын бийкар еткен.

 Ҳижрий 970-жылы қайтыс болған, «Ал­-Баҳрур Роиқ» атлы китаптың авторы, ҳанафийлердиң танымал уламаларынан бири болған Ибн Нужайм раҳматуллоҳи алайҳ тап усындай қылған ҳәм: «Егер бул мәселеде «Кәпир», деў ушын тоқсан тоғыз дәлил болса, «Кәпир» демеў ушын бир ғана дәлил болса, тоқсан тоғызын қалдырып, сол бир дәлилди алыў керек», деген.

 Айырым ўақытлары күпир ҳаққындағы улыўмалық фатўаны жеке шахсларға жәриялап жибериў арқалы қәтеге жол қойылады. Мысал ушын, «Пәлен тайпаның адамлары кәпир болады», деген фатўа шыққан. Бул сол тайпаға тийисли ҳәр бир адам кәпир, деген емес. Жеке шахсларға күпир фатўасын бериўден алдын сорастырып, анықлап, оның өзи менен сөйлесип, айыбын мойнына қойыў керек.

Бул ҳаққында ақыйда илими уламалары былай дейди: «Айырым гәплер күпир болыўы мүмкин. Сол гәпти айтқан адам кәпир болады, деген ҳүким шығыўы да мүмкин. Бирақ сол гәпти айтқан адамға, дәлиллер менен тас-тыйықланаман дегенге шекем, «кәпир», деп ҳүким шығарылмайды».

Аллаҳ таала Ниса сүресинде төмендегилерди айтады:

ﮄ ﮅ ﮆ ﮇ ﮈ ﮉ ﮊ ﮋ ﮌ ﮍ ﮎ ﮏ ﮐ ﮑ ﮒ

«Әлбетте, жетимлердиң мал-дүнясын зулым менен жегенлер қарнына жалында жеген болады ҳәм дозаққа киреди»  (10-аят).

Бул аяты кәриймадағы ҳәм усыған уқсаған басқа да қорқытыўлар ҳақыйқат. Бирақ анық бир адамға келгенде, «Бул адам мине усы аятқа көре анық дозаққа түседи», деген гәпти кесип айтыўға болмайды. Әҳли қыбладан болған бир адамның дозаққа кириўине гүўалық бериўге болмайды. Себеби ол бул аяттың мәнисин ҳәм ҳүкимин билмеўи, тәўбе қылыўы, сол гүнасын жуўатуғын жақсылықты ислеўи, шәпәәтшиниң шәпәәтинен пайдаланыўы ямаса басқа себеплерден пайдаланып қалыўы итималы бар.

Бир адам күпир гәпти айтты ҳәм қазының алдына алып келинди. Сонда қазы оннан гүўалар айтып турған мәселе – күпир гәпти айтқаны ҳаққында сорайды. Ол сол гәпти айтқанын мойынламаса, босатып жибериледи. Себеби гәпин мойынламағанының өзи тәўбе қылғаны болады.

Егер айыпкер: «Мен бул гәптиң күпир екенин билмейтуғын едим», десе, оған түсиндирилип, екинши рет абайлы болыўы уқтырылады ҳәм босатып жибериледи.

Егер сол адам: «Мен бул гәпти билип айттым, динимнен қайтттым», десе, оны тәўбе қылыўға шақырылады. Тәўбе қыламан дегенше қамап қойылады.

Күпир гәпти айтып турған адамға усындай қарым-қатнас жасалғаннан кейин, мөмин екенин айтып, оған әмел етип турған адамды ҳәр түрли гәплер себепли «кәпир»ге шығарып жибере бериў улыўма дурыс болмайды. Соның ушын бул исте оғада абайлы болыў лазым.

«Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний» орта арнаўлы ислам

билим журты оқытыўшысы: Смамутов Кайратдин