MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

ӨЛГЕНЛЕРГЕ ДУЎА ҚЫЛЫЎ ҲӘМ ОЛАРҒА САЎАП БАҒЫШЛАЎ

«Тириледиң дуўа ҳәм садақаларынан өлгенлерге мәп бар».

Шолыў: Әҳли сүнна ўа жамаъа өлгенлер тирилердиң қылған әмелинен мәп алыўына келисим қылған.

Мусылманлардың оның ҳаққына қылған дуўалары, айтқан истиғфар-лары ҳәм оның атынан қылған садақалары ҳәм ҳажлары буған мысал.

Дене ибадатының саўабы өлгенге жетеме, жоқ па, деген мәселеде тартыс болған.

Дене ибадаты ораза, намаз, Қуран қырааты ҳәм зикирге уқсаған нәрсе-лерден ибарат.

  1. Әбиў Ҳанифа, Аҳмад ибн Ҳанбал ҳәм жумҳур (көпшилик) «Дене ибадаты саўабы өлгенге жетеди», деген.
  2. Шафеъий ҳәм Мәлик «Жетпейди» дейди.

Өлгенге өзинен басқаның әмелиниң саўабы жетиўине дәлил Қуранда, Сүннетте, Ижмаъда ҳәм Қияста бар:

Қураннан дәлил:

ﭑ ﭒ ﭓ ﭔ ﭕ ﭖ ﭗ ﭘ ﭙ ﭚ ﭛ ﭜ

«Олардан кейин (дүньяға) келгенлер: «Я Рәббимиз! Өзиң бизлерди ҳәм бизлерден алдын ийман менен өткен бирәдарларымызды кешир», дейди» (Ҳашр сүреси, 10-аят).

Аллаҳ таала бул аятта өзинен алдын өткен мөминлерге мағфират сора-ғанларды мақтап атыр. Бул болса өлгенлер тирилердиң истиғфарынан мәп алыўына далалат қылады.

Сүннеттен дәлил:

Имам Әбиў Даўыттың «Сунан» китабында Усман ибн Аффан разыялла-ҳу анҳудан төмендеги ҳәдис рәўият қылынады:

«Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өли көмилгеннен кейин төбесинде турып, «Бирәдарыңызға истиғфар айтың. Оған беккемлик сораң. Себеби ол ҳәзир сораў қылынады», дер еди».

Сондай-ақ, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан қәбирлер-ди зиярат қылған ўақытта өлгенлерге дуўа қылыў ҳаққында ҳәдислер келген.

Имам Муслимниң «Саҳиҳ» китабында келген ҳәдис буған мысал:

«Айша анамыз разыяллаҳу анҳа Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан: «Қәбир әҳиллерине истиғфар айтсаңыз, не дейсиз?» деп сорады.

Ол саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай жуўап берген: «Әссаламу алайкум, ҳәй мөмин ҳәм мусылманлар дыяры әҳли. Аллаҳ бизлерден ҳәм сизлерден алдын өткенлерди ҳәм кейин қалғанларды рейим қылсын. Ҳәм әлбетте, бизлерде сизлерге келип қосыламыз».

Ижмаъдан дәлил:

Ислам үмметиниң итибарлы тийкарғы бөлими жәм болып, өлгенге жаназа намазындағы дуўаны дәлил қылып, «Мейит тирилердиң дуўасынан мәп алады», деген.

Жаназа намазындағы дуўалар мәлим ҳәм белгили. Олар өз әҳли менен. Өлген еркек, ҳаял ҳәм нәрестелер ушын бөлек дуўалар барлығының өзи бул дуўалардан қайтыс болғанларға мәп бар екенин көрсетеди.

Қиястан дәлил:

Дене ибадаты болған дуўа өлгенге мәп бергенинен кейин ораза, намаз сыяқлы басқа дене ибадатлар да мәп бериўи турған гәп. Себеби арада парық жоқ. Оның үстине, басқ дене ибадатлар да мәп бериўи ҳаққында ҳүжжет ҳәм дәлиллер бар.

Садақаның саўабы жетиўине дәлил

  1. «Бир киси Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан: «Ҳәй Аллаҳтың Расули, анам тосаттан қайтыс болды. Билемен, егер сөйлесе, садақа қылар еди. Оның атынан садақа қылсам, оған әжри (саўабы) болама?» деп сорады. Ол саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аўа!» деп жуўап берди».

Бухарий ҳәм Муслим Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылған.

  • Саъд ибн Убада разыяллаҳу анҳу Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан: «Ҳәй Аллаҳтың Расули, анам мен жоқ ўақтымда қайтыс болды. Оның атынан садақа қылсам, оған пайда бере ме?» деп сорағанында, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аўа», деп жуўап берди. Сонда Саъд разыяллаҳу анҳу: «Сизди гүўа қыламан, өнимли бағым оның атынан садақа», деди».

Бухарий Ибн Аббастан рәўият қылған.

Оразаның саўабы жетиўине дәлил:

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким қайтыс болып, мойнында ораза тутыў болса, оның атынан ўалийси ораза тутады», деген.

Бухарий ҳәм Муслим рәўият қылған.

Ҳаждың саўабы жетиўине дәлил:

«Саҳиҳи Бухарий»де Ибн Аббастан рәўият қылынған ҳәдисте төмендегилер айтылады: «Жуҳайна қәўиминен бир ҳаял Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына келип: «Анам ҳаж қылыўды нәзр қылған еди. Ҳаж қылмастан қайтыс болып қалды. Оның атынан ҳаж қылсам болама?» деди.

Ол саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Оның атынан ҳаж қыл. Айт-шы, анаңның қарзы болғанда, өтермедиң? Аллаҳтың қарызын да өтеңлер. Аллаҳ опа қылыўға ҳақлы», деди».

Сондай-ақ, мусылманлар өлген адамның қарызын басқа биреў, ҳәтте бөтен адам төлеп қойса, оның мойнындағы қарыз кетиўине ижмаъ қылған.

Буның дәлили Әбиў Қатаданың ҳәдиси.

Әбиў Қатада разыяллаҳу анҳу бир өлиниң еки динар қарызын өз мойнына алған. Кейин сол еки динарды ийесине бергенде, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:

«Енди (өлгенниң) териси суўыды», деген.

Әл-Ҳәким рәўият қылған.

Ораза ҳәм ҳаждың саўабы жеткениндей, ҳақ алмастан, халыс Қуран қыраат қылып, саўабы өлгенге бағышланса, оның саўабы да жетеди.

Егер «Бул ис өткенлер ишинде мәлим болмаған. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам да буны қылыўға жол-жоба бермеген-ғо!» деген қарсылық болса, жуўап сол, егер қарсылық қылыўшы ҳаж, ораза ҳәм дуўаның саўабы жетиўин мойынлайтуғын болса, булар менен Қуран қырааты саўабының жетиўи арасында не парық бар? Өткенлердиң бул исти қылмағаны саўаптың марҳумларға жетпеўине дәлил емес.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам басқаның атынан ораза тутыў, ҳаж ҳәм садақа бериўге жоллаған, қыраатқа болса жолламаған, деген қарсылық болса, оған жуўабымыз төмендегише:

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам себепсиз, әўел бастан жолла-ғанында, қырааттың саўабы жетпеўине дәлил болыўы мүмкин еди. Ҳақыйқатта болса ондай болмаған. Адамлар өлген шахс атынан ораза тутыў, ҳаж қылыў ҳаққында сорап келгенинде руқсат берген. Бул болса басқа нәрселер қайтарылған, дегени емес. Егер бир адам Қуран қырааты ҳаққында сорағанында, руқсат берген болар еди».

Қыраат саўабын Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға бағышлаў-ға келсек, мутааххир уламалардан базылары бул исти мустаҳаб деген, базылары бидъат деген. Ал, саҳабалар бундай қылмаған ҳәм өзи сондақ-ҳәм Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға оның үмметлеринен ҳәр бириниң жақсы әмелиниң саўабы – Қуран қырааты ма, басқасы ма – жетип турады. Себеби ол үмметлерин жақсы ислерге далалат қылған ҳәм жоллап қойған.

Өлгенниң атынан ораза тутыў, ҳаж ҳәм садақа қылыўдың мәлим көриниси болмағанындай, Қуран қыраатының да мәлим көриниси яки шәрти жоқ. Өлген адамға саўап болыўын қәлеген адам өзи тиләўат қылып, дуўа менен саўабын бағышлап қоябереди.

Бирақ Қуран тиләўат қылып, саўабын мейитке бағышлаўы ушын биреўди жаллап алыўды өткен әзизлерден ҳеш ким қылмаған. Уламалары-мыздан биреўи де бул иске буйырмаған, руқсат та бермеген. Әмел Аллаҳ ушын халыс болғанда ғана саўап ҳасыл болады. Әжир-ҳақ алыў ушын жалланған адамның қырааты болса халыс емес. Оннан мейитке бағышлай-туғын саўап та ҳасыл болмайды.

Соның ушын да имамлардан биреўи де «Ораза тутып, намаз оқып, саўабын мейитке бағышлаў ушын биреў жаллап алынады», демеген.

«Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний» орта арнаўлы ислам

 билим журты оқытыўшысы: Смамутов Кайратдин