Бенделерин ысыраптан қайтарған Аллаҳ тааланың өзине шексиз мақтаўлар ҳәм шүкирлер болсын!
Үмметлерине ысыраптың не екенин толық түсиндирип, оған жол қоймаўды қалай әмелге асырылыўын көрсетип берген сүйикли Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат ҳәм сәлемлеримиз болсын!
Әлбетте мал-мүлк Жаратқанның бенделерине берген уллы нематларынан. Сондай-ақ мал-мүлк бул дүнья өмириниң зийнети де. Аллаҳ таала Қураны кәриймде: «Мал-мүлик, бала-шаға – дүнья өмириниң зийнети» деген.
Усындай уллы неъматты зая қылыўдың түрлеринен бири бул – ысырап есапланады. Аллаҳ таала бундай ислерден бенделерин қайтарып: «Жеп-ишиң, бирақ ысырап қылмаң. Себеби, Ол ысырап қылыўшыларды жақсы көрмейди». (Аъроф сүреси, 31-аят);
Аяттың мәнис-мазмунына итибар беретуғын болсақ, Аллаҳ таала бенделерин жеп-ишиўде ысыраптан қайтарып атыр ма, басқа ҳәр бир исте ысырап қылмаў керек болады. Көпшилигимиз жеп-ишип, тойғаннан кейин аўысып қалған нәрсени таслап жибериўди ысырап, деп түсинемиз. Негизи, бундай емес. Шәрият бойынша, керегинен артық жеў де ысырап болады. Расулы акрам саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жеўде, ишиўде инсан қарнының үштен бири азық ушын, үштен бири суйықлық, суў ушын ҳәм үштен бири ҳаўа ушын болыўы кереклигин буйырған. Буннан артығы ысырап болады. Бул исти қылғанлар Аллаҳтың муҳаббатынан жуда болады, себеби Аллаҳ таала жақсы көрмеген исти қылған болады.
Жоқарыда өткен қатарларда ысыраптың ҳақыйқатын ҳәм ақыбетин қолдан келгенше түсиник берип өттик. Ысырап жеке инсанлар ушын да, шаңарақлар ушын да жәмийетлер ушын да оға да зыянлы нәрселер екенин билип алдық. Енди ысырапкершиликке қарсы биргеликте гүресиўимиз лазым болады.
Аллаҳ таала ҳәммемизди ысыраптың ҳақыйқатын ҳәм ақыбетин аңлап жететуғын ҳәм оған қарсы гүрес алып барып, Өзиниң разылығын табатуғын бенделерден болыўымызды несип етсин!
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы Ж.Искендеров