Аллаҳ таала инсанди жаратқаннан кейин тек өзине ғана ибадат қылыўға ҳәм буйрықларына әмел етип, қайтарған ислеринен тийилиўға буйырған. Мине усындай Аллаҳ таала қайтарған ислерден бири бул – мәскүнемлик яғный спиртли ишимликлерди ҳәдден тыс қабыл етиў есапланады. Қураны кәрийм ҳәм ҳәдиси шәрийфлерде спиртли ишимликлер хамр деп аталады. Усы спиртли ишимликлер түрли кеселликлерге жол ашады, ақылдан аздырады, баўырдың ислеў системасын изден шығарады, бас мийдиң раўажланыўына ҳәм сүйеклердиң мортласыўына кери тәсир көрсетиўин медицина тараўы әллеқашан изертлеп, дәлийллеп берген. Бирақ, спиртли ишимлик ишиў усындай жаман ақыбетлерге алып келиўин билип турса да, инсанлар они қабыл етиўден тоқтап атырғаны жоқ. Биле тура, өзлерин апатқа, өмирин қысқартыўға ийтермелеп атыр. Аллаҳ таала Қураны кәриймде: «Өз қолларыңыз бенен өзлериңизди өлтирмең», деп буйрық берген. Бақара сүреси, 195-аят;
“Мениң сезимлеримди тек сыйырларым түсинеди”, – деди бир арақхор.
“Ишип алып ҳайўанның исин қылмасаң, адамлар да түсинеди”, – дедим мен.
Арақ (алкагол) қайғыны шақырыўшы иллет
Уўайым-қайғысын спиртли ишимлик пенен кетириўди ойлап ишиўшилик дәртине жолығып атырғанларға Абдуллаҳ Исфаҳанийдиң усы сөзлерин айтыў менен шекленемиз:
“Ким арақ ҳәм шарап ишиўди әдет қылса, Аллаҳ таала оны бир аўырыўға жолықтырып қояды, кейин оның ҳасла еми болмайды”.
Мәс қылыўшы ишимлик ишиўшиде он иллет болады:
1. Көзиниң нуры кетеди;
2. Баўыры наўқасланады;
3. Қорқақ болады;
4. Биймаза болады;
5. Жүреги қәстеленеди;
6. Халықтың итибарынан қалады;
7. Ашкөз болып қалады;
8. Халыққа душпан көринип, абыройы кетеди;
9. Өмири қысқарады;
10. Пулы менен малында берекет болмайды.
Динимизде мәс қылыўшы ишимликлер ишиў қатаң қайтарылған. Аллаҳ таала Қураны кәриймде мынандай деген:
«Ҳәй ийман келтиргенлер! Әлбетте, хамр (мәс қылыўшы ишимликлер), қумар, бутлар ҳәм (пал ашатуғын) шөплер – шайтанның исинен болған ипласлық. Солай екен, оннан шетлениң. Қәнекей, утысқа ериссеңиз».
Аяттың даўамында және айтады:
«Әлбетте, шайтан хамр (мәс қылыўшы ишимликлер) ҳәм қумар арқалы араларыңызға душпанлық ҳәм жек көриўшиликти ҳәм де сизлерди Аллаҳтың зикринен ҳәм намаздан тосыўды қәлейди. Солай екен, енди (арақ ишиўден) тоқтаўшы боларсыз?» Маида сүреси, (90-91-аятлар).
Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам хамр(арақ)да он адамды нәлетлеген: оны сығып шығарыўшыны, сығыўды буйырғанды, ишиўшини, тасыўшыны, тасытыўшыны, қуйып бериўшини, сатыўшыны, пулын жеўшини, сатып алыўшыны ҳәм саттырыўшыны». Термизий ҳәм Әбиў Даўыт рәўият қылған.
Шолыў: Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның дәўириндеги мәс қылыўшы нәрсе хамр, деп аталып, тийкарынан, жүзим ҳәм қурмадан сығып алынатуғын ишимликтен ибарат еди. Оннан басқа және үш нәрсе бар еди, бирақ олардан хамр алыў аз еди. Кейин ала, мәс қылыўшы нәрселердиң түри де, аты да көбейип кетти. Бирақ, олардың ҳәммеси түри ҳәм атына қарамастан хамр ҳүкимин ала береди. Себеби, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам «Ҳәр бир мәс қылыўшы нәрсе хамр есапланады ҳәм ол ҳарам болады», деген.
Соның ушын ҳәзирги күндеги барлық мәс қылыўшы нәрселер хамр есапланып, олар ишиле ме, шегиле ме, ийискелене ме, ийне менен жибериле ме, парқы жоқ. Арақ, виски, морфи, наша, героин, қара дәри булардың барлығы ҳарам. Ҳәммеси ушын он тайпа адам Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның тилинен нәлетке ушырайды. Аллаҳтың мийриминен қуўылады. Келиң, сол бахты қара он топар менен танысып шығайық.
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы Ж.Искендеров