“MUHAMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” O‘RTA MAXSUS ISLOM BILIM YURTI

Bilim yurtida talabalar zamon talablariga mos bilim olishi uchun barcha qulay imkoniyatlar yaratib berilgan. Xususan, eng zamonaviy o‘quv qurollari bilan jihozlangan o‘quv xonalari, axborot-resurs markazi, tahoratxona, oshxona, yotoqxona, sport zali, mini futbol maydonchasi, salomatlik xonasi, sartaroshxona talabalar ixtiyorida.

“Qur’oni karim va tajvid” pullik o‘quv kurslari

O‘zbekiston Respublikasi Prezidentining “Diniy-ma`rifiy soha faoliyatini tubdan takomillashtirish chora-tadbirlari to‘g‘risida”gi 2018 yil 16 apreldagi PF-5416-sonli Farmoni bilan tasdiqlangan chora-tadbirlar Dasturining 6-bandida belgilangan vazifalar ijrosini ta`minlash maqsadida O‘zbekiston musulmonlari idorasining 2018 yil 30 apreldagi 01A/056-sonli buyrug‘i tasdiqlandi. Shu munosabat bilan Muhammad ibn Ahmad al-Bernuiy madrasasida 2018 yil 10 iyundan boshlab “Qur’oni karim va tajvid” o‘rgatish bo‘yicha pullik o‘quv kurslari tashkil etildi.

Axborot resurs markazi

“Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta maxsus islom bilim yurti axborot resurs markazi fondida jami 17756 ta kitob saqlanmoqda. Shundan, 1505 umumta`lim adabiyotlari, 4085 ta maxsus fanlardan darslar, 764 ijtimoiy-iqtisodiy adabiyotlar, 7340 ta ilmiy-ommabop adabiyotlar, 919 ta elektron adabiyotlarni tashkil etadi.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

НАМАЗДА БИРИНШИ САПТА ТУРИЎДИӉ ПАЗЫЙЛЕТИ ҲАҚҚЫНДА

Әбиў Даўыт раҳимаҳуллаҳтан рәўият қылынады: Пайғамбар алайҳиссалам: «Сапларыӊызды бир-бирине тийгизип турыӊ. Саплардыӊ арасын бир-бирине жақын қылыӊ, бойларыӊыз да теӊ турсын. Аллаҳқа ант ишип айтаман, мен шайтанныӊ қозыдай болып, саплардыӊ арасында жүргенин көремен» деди.  Бул ҳәдисте саплардыӊ арасын ашық қылмаў, егер ашық жер турған болса, дәрҳал оны толтырыў кереклиги уқтырылып атыр.

Басқа бир ҳәдисте болса: «Сапларыӊыздыӊ тегислеӊ. Желкелериӊизди де тегис услаӊ. Бос жерлерди қалдырмаӊ. Ким саптағы ашық жерди толтырса, сапты қосса, Аллаҳ таала да сол бенде менен арасын жақынластырады. Ким бир сапты үзсе, Аллаҳ таала да оныӊ менен байланысты үзеди» деген. Имам Аҳмад ҳәм Имам Әбиў Даўыт рәўияты;

Демек, ҳәдислердиӊ мазмунынан мешитте намазханаға намаз оқыў ушын келген ўақтымызда, парыз намазына иқамат айтылған ўақытта саптыӊ арасында бос жерди көрсеӊиз, сол жерди толтырып алыў керек екени ҳәм қасыӊызға сапты толтырыў ушын келген адамға қарата қопал мәмиле де болмаў кереклигин билип алсақ болады.

Пайғамбарымыз алайҳиссалам: «Периштелер Аллаҳ тааланыӊ алдында сап тартқандай сапқа турмайсыз ба? деди. Я Аллаҳтыӊ Расулы, периштелер қандай сапқа дизиледи? деп сорады саҳабалар. Сонда Пайғамбар алайҳиссалам: «Биринши сапты толтырады ҳәм бир тегис болып турады» деди. Имам Муслим ҳәм Имам Әбиў Даўыт рәўияты;

Саплардыӊ арасын толтырыўға, байланыстырыўға ҳәрекет қылғанларға Аллаҳ таала ҳәм периштелер салаўат айтады. Бул ҳаққында Айша анамыздан рәўият қылынған ҳәдисте: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳ таала ҳәм периштелер сапларды толтырған ҳәм олардыӊ арасын байланыстырған инсанларға салаўат айтады», деди. Имам Аҳмад ҳәм Имам Мәжа рәўияты;

Ким шайтан кирип алыўы мүмкин болған, саптағы ашық жерди тосса, байласа, Аллаҳ таала да оныӊ мәртебесин жоқары дәрежелерге көтерип қояды ҳәм қылған гүналарын мағфират қылады. Бул ҳаққында Пайғамбар алайҳиссалам өзиниӊ ҳәдиси шәрийфлериниӊ биринде: «Инсанныӊ сапты толтырыў мақсетинде алдыға басқан адымынан көре, саўабы уллы адым жоқ» деген. Имам Баззар рәўияты;

Аллаҳ таала бәршелеримизди усындай уллы саўаплы ислерди қылыўға мыяссар әйлесин!

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы Ҳайтмурат Ережепов