Муҳаммад Ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында тәрбия, әдеп-икрамлылық инсанныӊ жақсы пәзийлетлериниӊ бири екенлиги мәселеси бойынша жыйналыс өткерилди. Бул жыйналысқа билим журтыныӊ оқытыӯшы хызметкерлери, курс басшылары ҳәм талабалар қатнасты. Жыйналысты билим журт директоры Ж.Абдиразаков баскарып барды. Бул әдеплилик – инсан ҳаққында жағымлы тәсирлер оятатуғын, лекин жәмийет ҳәм инсаният өмиринде сол дәрежеде зәрүр әҳмийетке ийе миллий үрип-әдетлерге тийкарланған сулыӯ ис-ҳәрекетлерди өз ишине алады. Бул дүньяға келген инсан бир-бири менен мәмиле қылмастан илажы жоқ. Адамлардыӊ бир-бири менен қылатуғын мәмилеси мийманға қылатуғын мәмиледей жақсы мүлайым болыӯы менен бирге әдеп-икрамлық қәсийетлерине ийе болыӯы шәрт. Тийкарынан ҳәр бир жердиӊ тәртип қағыйдасына бойсыныӯ, жәмийетлик орынларда өзин тутыӯ әдеп-икрамлылық пәзийлетлерине әмел етиӯ тәртиби ҳаққында айтылды. Бүгинги күнде жәмийетимиз раӯажланып баратырған бир дәӯирде әсиресе жасларымыз әдеп-икрамлылыққа, тәрбияға, жәмийетлик орынларда өзин тутыӯ мәдениятына әмел етиӯлери тийис. Әдеп-икрамлылық тәрбиясы бойынша курс басшылары талабаларға сабақтан тысқары ӯақытлары бул тәрбия әдеби бойынша өз алдына сәӯбетлесиӯлер, түсиник жумыслары ҳәм семинар тренинглер шөлкемлестирилип барылыӯы кереклигин айрықша атап өтти. Бүгинги бул жыйналыстан талабаларымыз өзлерине унамлы шешим қабыллап әдеп-икрамлылық тәрбияларына әмел етип билим журт абыройын көтерип өзлериниӊ жақсы әдеплери менен басқа жасларға өрнек болады деп ойлаймыз.