MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Темеки шегиў – динимизде қайтарылған ис

Аллаҳ таала инсан баласына өмир, байлық, ден-саўлық, ырысқы-несийбе берген. Булардыӊ ҳәр бириниӊ жуўапкершилиги ҳәм сораўы бар. Инсанлар көбинесе нәпсиниӊ ықтыярына берилип, берилген неьматлардыӊ қәдирине жетиўди умытып қояды. Бир күни келип усы байлықларды қандай жолларға сарыплағанын сораў-жуўап қылынатуғын күнди умытады. Усындай инсанларды көргенде ериксиз: «Бул да жаратқанныӊ бендесиғо. Жаӊылмас жақ, сүрникпес туяқ болмас» деп өзлеримизди өзимиз алдап, бир-биримизге тәселли берип, еслетпе алыўды умытамыз.

Инсанлардыӊ әсиресе жасларымыздыӊ арасында усындай байлықлардыӊ қәдирине жетпей жүрген адамлар көп ушырасады. Ол байлықлардан бири – ден-саўлық есапланады. Әлбетте, инсан дүньяға келген ўақтында ата-анасынан 14 мүшеси саў ҳалда жақты дүньяны көреди. Усы ўақыттан баслап, ол да адамлар арасында инсан деп атала баслайды.

Жасларымыз билип-билместен, жаслық деп аталатуғын қымбатлы ўақытларын ғәниймет билместен, ден-саўлықларына итибар бермей нәшебентлик деп аталатуғын иллетке өзлери билип яки билместен араласып қалмақта. Әсиресе бундай иллет мектеп жасындағы балалардыӊ арасында гүзетилиўи аянышлы жағдай. Бундай иллетке қарсы гүресиў ушын ата-аналар ҳәм мектептеги устазлар менен бир қатарда жәмийеттеги саналы инсанлар да биргеликте қарсы гүресиўи керек.

         Ҳәр биримиз турмыслық азық-аўқат затларын алыў ушын әлбетте дүканларға барамыз. Күнлердиӊ биринде сондай дүканлардыӊ бирине үй ушын керекли болған затларды алыўға кирген ўақтым да, шамасы 9 ямаса 10-класста оқыйтуғын еки мектеп жасындағы оқыўшы қызлардыӊ сатыўшыдан темеки сорап турғаныныӊ гуўасы болдым. Еситип-ақ ойымда: «Усы қызларға қалды ма енди темеки шегиў? Булардыӊ ата-аналары жоқ па екен? Устазлары буларға тәрбия бермеген бекен? Темеки шегиў – маба ма?»  деген гумәнлар, ойлар өте баслады. 

         Аллаҳ таала бизлерге несийбе қылып берген күнлердиӊ биринде шыпакер көригинен өтиў ушын емлеўханаға бардым. Шыпакер көригинен өтип болғанымнан кейин шыпакер менен ханасына баратырған ўақтымызда, шыпакер емлеўхана әтирынан айланып өтетуғын жолда тоқтап, ақ халатыныӊ қалтасынан темекини шығарып, шеге баслады. Бул ҳалатты көрип қатты таӊландым. Өйткени, инсанларға: «Сигарета шегиў ден-саўлық ушын зыянлы! Темеки өнимлерин шекпеӊ!» деп айтатуғын инсанныӊ өзи темеки шегип турса бул ақылға сыятуғын ис емес еди.  

Әзизлер, әлбетте жәмийетимизде бундай темеки шегиў иллетине берилген жаслар ямаса жасы үлкен инсанлар, әсиресе ден-саўлықты сақлаў хызметкерлериниӊ бар екенлиги ашынарлы жағдай. Бундай иллетке берилиў ден-саўлықты зая қылыўдан, набыт болыўдан басқа ис емес. Өйткени, итибар берген болсаӊыз сол темеки өнимлериниӊ сыртқы қағазына: «Темеки шекпеӊ! Темеки шегиў инсан ден-саўлығына зыян!» деп өкпе ағзасыныӊ ямаса сарғайып, қарайып қалатуғын шириген тислердиӊ суўретлерин салып, жазып қойған болады. Енди бундай еслетпелерди көргеннен кейин де, темеки шегиў бул ақылсыз инсанныӊ исинен басқа нәрсе емес деп ойлайсыз.

Күн келип темеки шегип турған қызлар турмыс қурса, олардан қандай саламат бала дүньяға келеди деп ойлайсыз. Ямаса айтқан гәпине әмел қылмайтуғын шыпакерлер темеки өнимин шегип турып, жыйналысларға барған ўақтында, жас әўладқа қарата: «Темеки шекпеӊ! Темеки шегиў инсан ден – саўлығына зыян!» деп айта алады. Әлбетте, бундай болмайды.

Заманагөй медицина темеки шегиўдиӊ зыянлары қаншелли көп екенлигин атап өтсе де, инсанлар әсиресе жаслар темеки шегиўден тоқтап атырғаны жоқ. Темекиниӊ қурамында жигирмадан артық зыянлы элементлер бар болып, олардыӊ ишинде еӊ қәўиплиси бул – никатин есапланады. Инсан темеки шеккенде никатин түтин арқалы өкпеге, кейин болса қанға сорылып, жүрек-қан тамыр системасына зыянлы тәсир көрсетеди. Қан тамырлары тарайып, басым күшейеди. Жүрек урыўы тезлеседи. Бул ҳалат жүрек булшық етлериниӊ истен шығыўына себеп болады. Бундай жағдайлар тез-тез қайталанып турса, жүрек инфаркти, стенокардия сыяқлы кеселликлер басланыўы мүмкин. Мағлыўматларға қарағанда темеки шегетуғын инсанлар, темеки шекпейтуғын инсанларға қарағанда 12 мәрте көбирек жүрек-қан тамыр кеселликлерине шалынатуғын екен.

            Әлбетте, темеки шегиўдиӊ буннан басқа да инсан ден-саўлығы ушын бир қанша зыянлы тәреплери көп. Егер инсан темеки шегиў ушын сарыплап атырған пулларын, перзентлериниӊ келешеги ушын сарыпласа, оларға китаплар алып берсе, тил үйрениўи ушын оқыў курсларына берсе, үйи ушын керекли болған азықлық затларды алса мақсетке муўапық ис қылған болар еди.

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы Ҳайтмурат Ережепов